Елимиз бойлап даўам етип атырған «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбарына Қараөзек районы турғынлары да белсене қатнасып, қоршаған орталық ҳәм атмосфераның тазалығын сақлаў, аймақларға саяманлы ҳәм мийўели терек нәллерин егиў жумысларына өзлериниң салмақлы үлеслерин қоспақта.

Соның ишинде, «Мәҳәлле абат -ел абат» сүрени астында өткерилип атырған гүзги нәл егиў жумысларына райондағы барлық сектор басшылары, аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынлары баслықлары, белсендилери, нураныйлар ҳәм көше бийлери белсендилик пенен қатнаспақта.

Бердақ аўыл пуқаралар жыйынында жаңадан шөлкемлестирилип атырған «Аналар бағы»на терек нәллерин егиў жумысларына район ҳәкими А. Баймуратов, Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети баслығы З. Маҳкамова, Қарақалпақстан  Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети баслығы М. Ахмедова, районлық  шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими, нураный аналар менен белсенди ҳаял-қызлар да қатнасты.

Онда Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы З. Маҳкамова, Қарақалпақстан  Республикасы Министрлер Кеңеси  Баслығының орынбасары Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы М. Ахмедовалар  ҳаял-қызлардың бул басламаларын қоллап-қуўатлап, абаданластырыў ҳәм нәл отырғызыў жумыслары менен бирге егилген жерлерди суўғарыў ҳәм тәрбиялаў ислерин биргеликте алып барыў жумыслары менен ҳәр бир мәҳәлледе «Аналар бағы» н шөлкемлестириў бойынша усынысларын билдирди.

-Районымыз бойынша жойбар шеңберинде быйылғы гүзги нәл егиў мәўсиминде 321 мың 500 түп саяманлы ҳәм мийўели терек нәллерин егиўди режелестиргенбиз,-дейди Экология ҳәм Арал бойын раўажландырыў бойынша Қараөзек районы ҳәкимлигиниң бас қәнигеси Зарип Джумабаев.-Соннан бүгинги күнге шекем 280 мыңнан аслам терек нәллери егилди.Соның ишинде, Бердақ аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан 1 гектар жерде район ҳәкимлигиниң бағы,  3 гектарға «Жасыл бағ»лар ушын жаңадан жерлер ашылып терек нәллери егилди. Ал, бүгин болса, район ҳаял-қызлары тәрепинен «Аналар бағы»на  400 түптен артық мийўели ҳәм саяманлы терек нәллери отырғызылды.

Ҳәзирги күнлери жойбар шеңберинде район аймағы бойлап кең көлемдеги көклемзарластырыў ҳәм абаданластырыў жумыслары шөлкемлескенлик пенен даўам етпекте.

.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы