Президент Шавкат Мирзиёев 27-ноябрь күни сырт ел инвестицияларын тартыў жағдайы ҳәм келешектеги режелерди додалаў бойынша мәжилис өткерди.

Өткен 10 ай мәмлекетимизге 26 миллиард доллардан артық сырт ел инвестициялары киргизилген. Бул – өткен жылға салыстырғанда 1,7 есеге көп. Соннан дерлик 24 миллиард доллары тиккелей инвестициялар болып табылады.

Киргизилген инвестициялар есабынан 6 мың 300 кәрхана иске қосылған, олар 30 триллион сумлық қосымша қун жаратқан, экспорт 305 миллион долларға артқан. Ең әҳмийетлиси, булардың нәтийжесинде 163 мың жоқары дәраматлы жумыс орны ашылған.

Ноябрь-декабрь айларында және 8,6 миллиард доллар инвестиция келиўи күтилмекте.

Сын руўхта өткен мәжилисте инвестициялардың тартылыўы ҳәм жойбарлардың орынланыўы ҳәр бир аймақ ҳәм тармақ кесиминде толық талланды.

Сегиз район ҳәм қалада инвестиция көрсеткишлери төмен болған. Айырым тармақларда өткен жылға салыстырғанда кемейген. Халықаралық қаржы институтлары менген әмелге асырылып атырған айырым жойбарлар төмен дәрежеде бармақта. Атап айтқанда, 17 жойбарда жойбар ҳүжжетлерин ислеп шығыў ҳәм тендер процесслери кешиккен.

Мәжилисте жуўапкерлер жыл жуўмағына шекем күтилип атырған нәтийжелер ҳәм 2025-жылга мөлшерленген режелер бойынша мәлимлеме берди.

Президент аймақлардың инвестициялық жеделлигин және де арттырып, бул бағдардағы көзқарасларды түпкиликли өзгертиў шәрт екенин көрсетип өтти. Мысалы, Европа раўажланыў ҳәм тиклениў банки мәмлекетимиздиң бизнес орталығындағы унамлы өзгерислерди, экономикамыздың өсиў пәтлерин есапқа алып, жеке меншик сектор қатнасыўындағы жойбарларды да қаржыландырыўға таяр екенин билдирген.

Аймақлар бундай имканиятлардын үнемли пайдаланыўы, еркин қаржылар да тартыў керек. Соның менен бирге, инвестициялардың тек ғана көлемин емес, ал сапасын да арттырыў зәрүр. Яғный, тартылған ҳәр бир доллар санаатты раўажландырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, экспорт потенциалын арттырыўға хызмет етиўи керек.

Мәжилисте халықаралық қаржы инсититутлары ҳәм сырт мәмлекетлерден қаржы тартыў көлемлери ҳәм бағдарларын және бир мәрте көрип шығыў ўазыйпасы қойылды. 2025-жыл ушын жойбарларды тармақ ҳәм аймақлар кесиминде, соның менен бир қатарда, мәмлекетлик-жеке менишик шериклик ҳәм жеке меншик инвестициялар бағдарында анық белгилеп алыў әҳмийетли екени атап өтилди.

ӨзА