Өзбекистан Республикасы ғәрезсизлигиниң 26 жыллығына бағышланып пайтахтымыздағы Ашық театрда өткерилген «Пидайың болғаймыз сениң, Өзбекистан!» театрластырылған әдебий музыкалы-хореографиялық байрам салтанатынан репортаж
Ҳүрметли Шавкат Мирзиёевтың Өзбекистан Республикасы Президенти сыпатында орынлардағы социаллық-экономикалық реформалардың барысы менен танысыў мақсетинде дәслепки сапарын бизиң республикамыздан баслағаны елимиз басшысының Қарақалпақстанға, халқымызға болған жоқары ҳүрмет-итибарының айқын көриниси болды. Быйылғы «Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылы»нда республикамыз бойлап кең көлемли қурылыс ҳәм дөретиўшилик жумыслары әмелге асырылмақта. Соның менен бирге, «Халық мәмлекетлик уйымларға емес, ал мәмлекетлик уйымлар халқымызға хызмет етиўи керек» деген принцип тийкарында орынларда халық пенен ашық-айдын пикирлесиўлер жолға қойылып, олардың орынлы мүрәжатлары менен машқалалары нызамлы шешимин таппақта.
Өзбекистан Республикасы Президентиниң усы жыл 27-июнь күнги «Өзбекистан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң жигирма алты жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында»ғы қарарын орынлаў шеңберинде республикамызда «Пидайың болғаймыз сениң, Өзбекистан!» деген баслы идеяны өзинде жәмлеген шөлкемлестириўшилик-әмелий, руўхый-ағартыўшылық илажлары және үгит-нәсият жумыслары алып барылды.
2017-жыл, 30-август. Пайтахтымыздағы Ашық театр түрли реңдеги жақтыландырыўшы шырақлар, байрамға арналған шақырық-сүренлер менен безелген.
Саат 19.30. Шақырық намасы жаңлап, сөз– Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязовқа берилди.
Республикамыз басшысы жыйналғанларды, олар арқалы гүллән халқымызды елимиз тарийхындағы ең уллы, ең әзиз сәне, ғәрезсизлигимиздиң 26 жыллық байрамы менен қызғын қутлықлады. Атап өтилгениндей, быйылғы ғәрезсизлик байрамының халқымызға тән болған мийрим-шәпәәтлик, шүкиршилик, кеңпейиллик тымсалы болған Қурбан ҳайыт күнине туўра келиўин айрықша қуўаныш пенен күтип алмақта.
Президентимиздиң усы жыл 18-январьдағы «2017-2021-жылларда Аралбойы регионын раўажландырыўдың Мәмлекетлик бағдарламасы ҳаққында»ғы, сондай-ақ усы жылы 28-февральдағы «2017-2018-жылларда Қарақалпақстан Республикасының Мойнақ районын экономикалық раўажландырыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарлары тийкарында бир қатар жойбарлар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, усы қарарларды орынлаў шеңберинде Қараөзек районында «Қарақалпақ цемент», «Титан цемент», Нөкис қаласында «Нөкис полимер», «Нөкисэлектроаппарат» кәрханалары иске түсирилген болса, пайтахтымызда «Самсунг» бренди астында жылына 150 мың дана телевизор ислеп шығаратуғын кәрхананы сентябрь айының ақырына пайдаланыўға тапсырыў режелестирилген.
Президентимиздиң басламасы менен басланған 101 километрлик Қоңырат – Мойнақ ишимлик суўы тармағының иске түсирилиўи 25 мыңнан аслам халықты таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў имканиятын жаратты. Сондай-ақ, Нөкис қаласындағы Ибрайым Юсупов атындағы талантлы балалар мектеби имаратының қурылысы, Имам Ийшан Муҳаммед мешити әтирапын абаданластырыў жумыслары жуўмақланыў алдында тур.
Өзбекистан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.
Байрам тамашалары Өзбекистан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларына хызмет көрсеткен артист Э.Айтниязова менен Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен артист Д.Хожамбергеновтың атқарыўындағы «Ана журтым бар мениң» қосығы менен басланды. Буннан кейин ана Ўатан, туўылған жер, ғәрезсизлик ҳаққындағы қосықлар менен аяқ ойынлар атқарылды.
Елимизде балалардың бахытлы келешеги ушын барлық шараятлар жаратылмақта. Өткен жылдың өзинде бир қатар мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери, улыўма билим бериў мектеплери, балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплери қурып питкерилди. Байрам бағдарламасынан орын алған «Бахытлы балаллық» композициясында пайтахтымыздағы 1-санлы Есжан бақсы атындағы, 12-санлы Әмет бақсы атындағы ҳәм 22-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплери оқыўшыларының, «Гүлдәсте», «Ғумша» үлгили балалар ансамбльлери ағзаларының атқарыўындағы қосық ҳәм аяқ ойынлар буннан дәрек береди.
Республикамызда түрли миллет ўәкиллери беккем аўызбиршиликте жасап келмекте. Байрам бағдарламасында корейс, қазақ, рус, түркмен халықларының миллий қосық ҳәм аяқ ойынлары шеберлик пенен атқарылды.
Елимиз бойлап юбилейлик сәнелери кең түрде белгиленген халық артистлери Камилжан Атаниязов, Айымхан Шамуратовалардың халқымыз сүйип тыңлайтуғын қосықлары жаңлады. Әсиресе, Өзбекистан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры, Өзбекистан Қаҳарманы И.Юсуповтың «Мустақиллик майданынан өткенде» қосығының өз ҳаўазында берилиўи жыйналғанларды толқынландырды. Ҳақыйқатында, Президентимиздиң атап өткениндей, сүйикли шайырымыздың Ўатанға муҳаббат, ата-анаға ҳүрмет, ел-журтқа пидайылық идеялары менен суўғарылған дөретпелери жаслар тәрбиясында руўхый дәрек болып хызмет етеди.
Спортшыларымыз Өзбекистан сайланды командасының қурамында жәҳән чемпионатлары, Азия бириншиликлери менен халықаралық жарысларда сыйлы орынларды ийелеп келмекте. Солардың бири Бразилияның Рио-де-Жанейро қаласында болып өткен XXXI жазғы Олимпиада ойынларының қатнасыўшысы, Азия чемпионы Рустам Джангабаевтың Өзбекистан Республикасы ғәрезсизлигиниң жигирма алты жыллық байрамы қарсаңында «Өзбекистан Республикасына хызмет көрсеткен спортшы» ҳүрметли атағы менен сыйлықланыўы оның келешегинен үлкен үмит күттиреди. «Сап денеде сап ақыл» бөлиминде жас спортшылардың көргизбели шығыўы болды.
Соңғы жыллары Қураллы Күшлеримизди, миллий армиямыздың қорғаныў қүдиретин беккемлеў бойынша әмелге асырылып атырған реформалар өзиниң унамлы нәтийжесин бермекте. Ҳәр жылдағыдай, байрам бағдарламасынан Арқа-Батыс әскерий округи әскерлериниң салтанатлы сап дүзип шығыўы, олардың атқарыўындағы қосықлар орын алған.
Республикамыздың көркем өнер шеберлери ҳәм эстрада жулдызлары, сондай-ақ, Өзбекистан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти М.Намазов, Өзбекистанға хызмет көрсеткен артист Д.Исмияминова, «ЭлДиДо» топары ағзаларының атқарыўындағы қосықлар менен аяқ ойынлар жыйналғанларға өзгеше заўық бағышлады.
Байрам тамашасы «Еркинлик самалы» қосығы менен жуўмақланды.
Өзбекистан Республикасы ғәрезсизлигиниң 26 жыллығына бағышланған байрам тамашалары республикамыздың барлық районларында көтериңкилик жағдайында болып өтти.
Д.АБИБУЛЛАЕВ
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы