Ассалам алейкум, ҳүрметли депутатлар!

Қәдирли мәжилис қатнсыўшылары!

Бүгин жаңаланған Конституциямызға муўапық, биринши мәрте палатада Бас министр лаўазымына  талабан ҳәм Ҳүкиметтиң келеси 5 жылға мөлшерленген Ҳәрекетлер бағдарламасын көрип шығып, тийисли қарар қабыл етиўимиз зәрүр.

Бүгин мәселениң оғада  әҳмийетли екенлиги, ҳәммемизге жақсы белгили, деп ойлайман. Неге дегенде, мәмлекетимиз өз алдына қойған стратегиялық ҳәм ҳәзирги ўазыйпаларды әмелге асырыўда, барлық буўындағы атқарыўшы уйымлар, бәринен бурын, Ҳүкимет ҳәм оның басшысының жуўапкершилиги ҳәзирги қурамалы заманда ҳәр қашанғыдан да артып бармақта.

Соның менен бирге, бүгин улыўма жаңа ўәкиллик ҳәм ўазыйпаларға ийе болған  Ҳүкимет қәлиплеспекте. Бул пикирди Конституция  дәрежесинде биринши мәрте кәмбағаллықты қысқартыў, азық-аўқат қәўипсизлиги, инвестиция, экология сыяқлы әҳмийетли бағдарларда Министрлер Кабинетиниң миннетлемелери белгилеп қойылғаны да  тастыйықлайды.

Халқымыз бүгин әне усындай шешиўши мәселелер бойына жаңа Ҳүкиметтен анық нәтийжелерди күтпекте.

Тийкарғы  мәселеге өтиўден алдын өткен 5 жылда ҳәр тәреплеме пуқта ойлап қабыл етилген бағдарламалардың орынланыўы қандай тәмийинленгени  ҳаққында тоқтап өтпекшимен.

Бәринен бурын, экономикамыз 2 есеге өсип, 100 миллиард долларлық тарийхый  шектен асты. Халықтың жан басына дәрамат 2018-жылдағы 1 мың  600 доллардан  3 мың долларға жететуғыны күтилмекте. Жәҳән банки 2024-жылы Өзбекстан  Европа ҳәм Орайлық Азияда  экономикасы ең өсип атырған 3  мәмлекет қатарынан орын алғаны атап өтилди. Кәмбағаллық дәрежеси соңғы  4 жылда 23 проценттен 11 процентке түсти. Быйылғы жыл және   106 мың шаңарақ  кәмбағаллықтан шығарылып, 9 процентке түсетуғыны күтилмекте.

Экспорт  дерлик 2 есеге өсип, биринши мәрте 25 миллиард доллардан, алтын –валюта резервлеримиз болса 40 миллиард доллардан артты. Өзлестирилген  сырт елли инвестициялардың көлеми 6 есеге көбейип, оның есабынан 1,5 миллион  жоқары дәраматлы жумыс орынлары жаратылды. Жалпы ишки өнимде  инвестициялардың үлеси 30 процент дәрежесинде тәмийинленгени экономикамыздың раўажланыўы ушын келеси жылларда да  беккем тийкар жаратпақта.

Алға толық мәмлекеттиң ийелигинде болған тараўлар, яғный, энергетика, химия, авиация, геология, металлургия, машина қурылысы, билимлендириў ҳәм медицинада  жеке меншик сектор ҳәм мәмлекетлик-жеке меншик шериклик қатнасықларына кең жол ашқанымыз олардың раўажланыўына күшли фактор болды.

Әсиресе, энергетика тараўында  шын мәнисте тарийхый жумыслар әмелге асырылмақта. Ислеп шығарылып атырған электр энергиясының көлеми 1,5 есе өсип 80 миллиард киловатт-саатқа жеткени де оны айқын көрсетип турыпты. Соңғы үш жылда улыўма қуўатлылығы 2,4 гигаватт болған 9 ири қуяш ҳәм самал станциялары иске қосылды. Альтернатив энергияның үлеси өткен  жылға қарағанда 2 есе көбейди.

Және бир  әҳмийетли итибарыңызды қаратпақшыман. Өткен дәўирде 25 мыңнан аслам жеке меншик бағша, 70 ке шамалас мәмлекетлик емес жоқары оқыў орны шөлкемлестирилип, қамтып алыў мектепке шекем билимлендириўде  – 74 проценттен, жоқары билимлендириўде болса – 39 проценттен артты.

Социаллық хызметлер системасында да үлкен реформалар әмелге асырылмақта. Барлық аймақларда «Инсан» орайлары ашылып, социаллық хызметкерлер тәрепинен тиккелей мәҳәллелерде халыққа 100 ден аслам социаллық хызметлер көрсетиў жолға қойылды.

Парижде болып өткен Олимпиада ҳәм Паралимпиада ойынларында ерк-ықрарлы спортшыларымыз рекорд нәтийжелерди көрсетип, улыўма 39 медаль, соның ишинде, 18 алтын медальды қолға киргизди. Өзбекстан тарийхында  алдын ҳеш қашан болмаған бундай жетискенликлер бәршемизге жаңа күш-ғайрат бағышлаўы тәбийғый болып есапланады.

Ҳүрметли мәжилис қатнасыўшылары!

Жәҳән  көлеминде ҳүким сүрип атырған бүгинги оғада кескин ҳәм аўыр шараятта өсиўди тәмийинлеп, мине усындай шеклерге ерисиў аңсат болмағанын  ҳәммемиз жақсы түсинемиз.

Мине,  өзиңиз көрип турғандай, халқымыз 37 миллионнан артты. Келеси 5 жылда болса, Қуда қәлесе, 40 миллионнан артатуғыны күтилмекте. Бундай демографиялық өсиў, әлбетте, үлкен имканият, бирақ, соның менен бирге,  бул жағдай алдымызға жаңа, өткир ўазыйпаларды қойыўы да гүмансиз.

Әсиресе, кәмбағаллықты  қысқартыў, экология, энергетика, транспорт, жол, ишимлик суўы тәмийнаты, халықты турақ жай менен тәмийинлеў сыяқлы әҳмийетли тараўларда халқымыздың талаплары менен мүтәжликлери барған сайын өсип бармақта.

Әне усындай әҳмийетли машқалаларға нәтийжели шешимлер таўып, жаңа жумыс алып барыў Ҳүкимет ушын әҳмийетли сынақ болатуғыны тәбийғый, әлбетте. Бүгин Бас министр лаўазымына усыныс етилетуғын талабан, әне, усы мәселениң барлығын есапқа алып, олардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша өз бағдарламасын усынады.

Ҳүрметли  дослар!

Биз «Өзбекстан – 2030» стратегиясында келеси жыллар ушын үлкен шеклерди белгилеп алғанымыздан хабарыңыз бар. Атап айтқанда, мәмлекетимиз жалпы ишки өниминиң көлемин 160 миллиард долларға жеткериўди мақсет етип қойған едик.

Ашық айтыў керек, дәслеп оған айырымлар гүман ямаса екилениў менен қарағаны да бар гәп. Бирақ, өз ўақтында зәрүр илажларды әмелге асырғанымыз, барлық имканиятларды иске қосқанымыз себепли усы жылдың өзинде жалпы ишки өнимимиздиң көлеми 110 миллиард долларға жететуғыны күтилмекте.

Жаңа Ҳүкимет, барлық басшылар биргеликте қатаң ислеп, реформаларымыздың пәтлигин түсирместен, социаллық, экономикалық ҳәм сиясий турмысымыздағы өзгерислерди жедел даўам еттирсек, 2030-жылға барып, экономикамыздың көлемин 200 миллиард долларға жеткере алыўымызға мен, әлбетте, исенемен.

Дурыс, бул кишкене сан емес. Бирақ ерисиўге болатуғын шек. Бул нәтийжени тәмийинлеў арқалы халықтың турмыс дәрежесин ҳәм сапасын кескин жақсылаўға ерисемиз. Атап айтқанда, халықтың жан басына  дәраматларды  5 мың  доллардан арттырыў, кәмбағаллық дәрежесин 5 процентке түсирип, мүтәж халық ушын беккем социаллық қамсызландырыў системасын енгизиў, медицинаға ажыратылып атырған қаржыларды 2 есеге көбейтип, медициналық қамсызландырыў системасына өтиў ҳәм кепилленген медициналық хызметлер менен толық қамтып алыўды тәмийинлеў, жылына 150 мың квартиралы жаңа заманагөй турақ жайларды қурыў имканияты жаратылады.

Және  бир мәрте айтаман, бундай нәтийжелерге ерисиўи ушын күш ҳәм имканиятымыз да, потеницалымыз да жетеди.

Бул бағдарда  ең әҳмийетли бағдарларға итибарыңызды қаратпақшыман.

Бириншиден,  макроэкономикалық теңсалмақлықты сақлап, келеси бес жылда экономикалық өсиў пәтин 6-7 процент  әтирапында тәмийинлеўимиз зәрүр.

Бунда инфлянция дәрежеси 5-6 процент, бюджет жетиспеўшилиги 3 процент шеңберинде болыўына ерисиў, жыллық кредитлеў көлемин 30 миллиард долларға алып шығыў тийкарғы ўазыйпа болады.

Усы дөгерек кеминде 100 миллиард долларлық сырт елли инвестицияларды өзлестириўге ҳәм жыллық экспорт көлемин 2 есеге артып, 45 миллиард долларға алып шығыў, онда таяр өнимниң үлесин 50 процентке жеткериўге ерисиўи зәрүр.

Сырт елли туристлердиң ағымын 5 жылда 15 миллионға, туризм хызметлериниң экспортын 5 миллиард долларға алып шығыў ушын барлық  имканиятлардың барлығын атап өтиў зәрүр.

Соның менен бирге, рәсмий емес экономиканы «саядан шығарыў»да санлы технологияларды таяныш қуралға айландырыў зәрүр. Атап айтқанда, келеси жылы нақ пулсыз есап-санақларды және де хошаметлеп, онлайн төлемлер үлесин 60 процентке жеткериў Ҳүкимет ҳәм Орайлық банктиң әҳмийетли ўазыйпасы болады.

Биз Жәҳән саўда шөлкеми менен бирге ислесиў шеңберинде тийкарғы илажларды әмелге асырдық ҳәм жақын жылларда усы шөлкемге, әлбетте, ағза болып кириўимиз керек.

Екиншиден,  усы жылды Сайхунабад, Үйши, Зарбдар, Ғыждуўан районларында әмелге асырылған жумыслардың унамлы нәтийжелери тийкарында  «Кәмбағаллықтан абаданлыққа» комплексли бағдарламасын қабыл еттик.

Енди, көп қырлы процесслер тийкарында, кәмбағал шаңарақлардың ағзаларына сапалы билим бериў, оларды кәсипке оқытыў, жумыс пенен тәмийинлеў, денсаўлықты жақсылаў, психологиялық жәрдем көрсетиў бойынша жәрдем бериў пакетлери индивидуал болады.

Жумысты мәҳәлле кесиминде шөлкемлестирип, 2025-жылы 1 миллион халықты кәмбағаллықтан шығарыў Министрлер Кабинети экономикалық комплексиниң тийкарғы ўазыйпасы етип белгиленеди.

Усы мақсетте, кәмбағал шаңарақларға тийисли балалар мектеплерде шет тили, кәсип-өнер ҳәм IT бойынша бийпул билим алыўы ушын 500 миллиард  сум ажыратылады. Социаллық аўҳалы аўыр мың мәҳәлледе инфраструктураны  жақсылаў бағдарламасы әмелге асырылады. Буған 2 триллион сум бағдарланады. Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың абаданлығын  арттырыўға улыўма 46,5  триллион сум қаржы жумсалады.

Ҳүкимет 2030-жылға шекем жумыссызлықта халықаралық атап өтилген дәреже – 5-6 проценттен артпаўы бойынша әҳмийетли ўазыйпаларды да нәтийжели шешиўи зәрүр.

Үшиншиден,  экономика ҳәм халықтың дәраматларын өсириўде жоқары қосымша қун жарататуғын санаат тармақларына айрықша әҳмийет қаратыў керек.

Министрлер  Кабинетиниң инвестиция комплекси келеси жылы экономикамыз  ушын әҳмийетли болған 300 ден аслам ири жойбарды иске қосыўы ҳәм толық қуўатлықлар менен ислесиўди тәмийинлеўи зәрүр. Соның ишинде, «Жаслық I» кәнинде биринши басқышқа, «Мурынтаў» кәнинде болса жылына 910 мың тонна минерал төгинлер ислеп шағаратуғын комплекс, 600 мың тонна өним беретуғын металлургия кәрханасы, Зарафшанда каустикалық сода заводы, Нөкисте  ысытыў системалары ислеп шығарыў қуўатлықлары пайдаланыўға тапсырылады.

Елимизде санаат кооперациясы ҳәм локализациялаў имканиятлары толық иске қосыў ушын барлық шараятлар бар. Наўайыда микро ГЭСлерди қурыў бойынша барлық басқышлар өз ресурсларымыз тийкарында шөлкемлестирилгени оған айқын мысал бола алады.

Соның ушын санаат кооперациясы ҳәм локализациялаў бойынша үлкен бағдарлама қабыл етемиз. Жаңа қурамдағы Ҳүкимет жақын бес жылда терең  қайта исленген санаат өнимлериниң үлесин 32 процентке жеткериўди тийкарғы ўазыйпа сыпатында белгилеп алыўы зәрүр.

Және бир әҳмийетли мәселе – экономиканың энергия ресурслары менен исенимли тәмийинлеў ҳәм энергияның нәтийжелилигин 2 есеге арттырыўға айрықша итибар қаратыў керек. Келеси жылы мәмлекетимизде 90 миллиард киловатт саат электр энергиясы ислеп шығарып, халық ҳәм экономика талапларын толық тәмийинлеў керек. Онда қайта тиклениўши энергия қуўатлықлары 25 гигаваттқа, олардың жәми пайдаланыўдағы үлеси 40 процентке жеткерилди.

Төртиншиден, келеси бес жылда экономикада жеке меншик сектордың үлесин 85 процентке жеткериў де тийкарғы ўазыйпалардан бири.

Бул бағдарда 2 мың кәрханада мәмлекет үлесин, 5 мыңнан аслам көшпес мүлк объектин сатыў, 16 ири комплекс акцияларын IPO шығарыў талап етиледи. Ҳүкимет 30 миллиард долларлық мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарларын әмелге асырыўды тәмийинлеў керек.

Министрлер Кабинети 2025-жылы «үнемлилик ҳәм турақлылық» принципи тийкарында мәмлекетлик компанияларын трансформациялаўды тезлесирип, олардың қәрежетлерин 15-20 процентке қысқартыўы керек. Бул бағдарда 1 миллиард долларлық 18 мәмлекетлик компанияның үлеси берилген Миллий инвестиция қорының жумысын нәтийжели жолға қойыў керек.

Бесиншиден, халқымыздың саны көбейип баратырған ҳәзирги шараятта азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў ең әҳмийетли ўазыйпа болып қалады.

Бул бағдарда аўыл хожалығының барлық тармақлары, ең дәслеп, мийўе-овощ тармағын интенсив раўажландырыў, жаңа туқым сортларын жаратып, импорты 50 процентке қысқартыў бойынша бағдарламаларымыз бар.

Ҳүкимет бул бағдарламалардың орынланыўын тәмийинлеп, аўыл хожалығында ислеп шығарыўды 1,3 есеге арттырыў, ҳәр гектар жерден алынатуғын орташа дәраматты 5 мың долларға жеткериў, тараўда экспорттың көлеми 10 миллиард доллардан ибарат болыўы, суў үнемлейтуғын технологиялар менен қамтып алынған жер майданларын 2 есеге арттырыў бойынша жумысларды нәтийжели шөлкемлестириў керек.

Жаңа жылда суў үнемлейтуғын технологияларды енгизиў ушын 5 триллион сум, каналларды бетонлаў ушын 800 миллиард сум қаратылады.

Ҳүрметли мәжилис қатнасыўшылары!

Денсаўлықты сақлаў, билимлендириў ҳәм спортты раўажландырыў бойынша үлкен бағдарламаларды нәтийжели ҳәм толық әмелге асырыў – бәрқулла Ҳүкиметтиң күн тәртибинде турыўы керек болған тийкарғы ўазыйпалар.

Бириншиден, орташа өмир көриў дәрежесин 78 жасқа жеткериў ушын дәслепки медициналық хызметлердиң халық ушын қолайлығы ҳәм сапасын арттырыў керек. Атап айтқанда, 2025-жылы дәслепки буўында 3 миллион 700 мың ҳаял-қызды скрининг тексериўлеринен өткериў, бул процессти санластырыў арқалы рак кеселлигин ерте анықлаў көрсеткишин ҳәзирги 60 проценттен 85 процентке жеткериў мүмкин.

Ҳүкимет мәҳәллелердеги 18 мың медицина бригадасын оқытыў, 884 мың наўқасты үй шараятында реабилитация менен қамтып алыў бойынша жаңа системаны енгизеди. Соның менен бирге, туўыў үйлериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеўге 100 миллион доллар қаратылады.

Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў ҳәм халыққа кепилленген пакет тийкарында медициналық жәрдем көрсетиў системасы келеси үш жылда барлық қала, район ҳәм аўылларды қамтып алыўы керек. Сондай-ақ, халық арасында саламат турмыс тәризи, дурыс аўқатланыў, физикалық тәрбия ҳәм спортты ғалаба ен жайдырыў сыяқлы мәселелер бойынша Ҳүкимет өз алдына бағдарламалар ислеп шығыўы керек.

Екиншиден, билимлендириўдиң сапасын арттырыў, жасларымызды ҳәр тәреплеме жетик инсанлар етип тәрбиялаўға қаратылған сиясатымыз избе-из даўам етиледи.

Келеси жылларда бақшаларда қамтыўды 80 процентке, жоқары оқыў орынларында болса кеминде 50 процентке жеткериў Ҳүкимет ушын тийкарғы ўазыйпа болып қалады. Халықаралық финанс институтларының 61 миллион доллар қаржылар есабынан 2025-жылы 252 жаңа бақша қурылады. Сондай-ақ, 174 бақша ҳәм 379 мектеп оңланады ҳәм жаңадан қурылады. Усы мақсетлер ушын бюджеттен 4 триллион сум ажыратылады.

Исбилерменлерге мектеп қурыў ушын 20 миллиард сумға шекем жеңилликли кредит бериледи. Онда кредит ставкасының 13,5 проценттен артқан бөлими бюджеттен қаплап бериледи.

Ҳүрметли депутатлар!

Жоқарыда айтылған әҳмийетли ўазыйпаларды орынлаўда жаңа Ҳүкиметтиң Нызамшылық палатасы менен және де нәтийжели бирге ислесиў алып барыўы үлкен әҳмийетке ийе. Усы көзқарастан, жаңа қурамдағы Министрлер Кабинети алдында турған әҳмийетли ўазыйпаларға итибарыңызды қаратпақшыман.

Ең дәслеп, атқарыўшы ҳәкимият уйымларының жумысын адамларға және де жақынластырыў керек.

Усы орында барлық басшы кадрлар жумысының тийкарғы нормасы болған бас талапты және бир мәрте еслетип өтпекшимен. Яғный, халық мәмлекетлик уйымларға емес, керисинше, мәмлекетлик шөлкемлер халыққа, оның нызамлы мәплерин тәмийинлеўге хызмет етиўи керек.

Быйылғы жылы нызамлардың орынланыўын турақлы баҳалап барыў бойынша жаңа системаны жолға қойғанымыздан гөзленген мақсет те усыннан ибарат. Нызам қабыл етилди ме, ол әлбетте ислеўи керек ҳәм адамлар турмысында сезилерли өзгерис болыўы керек. Нызамлар орынланыўы Олий Мажлис палаталарының тийисли комитети ҳәм жуўапкер артқарыўшы уйым менен биргеликте үйренип барылыўы керек.

Және бир әҳмийетли мәселе. Атқарыў ҳәкимияты уйымлары қарарлар қабыл етиўде нызамлылықты, олардың тийкарланған болыўын тәмийинлеўи керек.

Кейинги ўақытта нызамасты нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын жәмийет пенен мәсләҳәтлесиўде нызамларымызда белгиленген талапларға бәрқулла да әмел етилмей атыр. Әдиллик министрлиги бир ай мүддетте бул мәселе бойынша усынысларды Нызамшылық палатасының тийисли комитети менен бирге додалайды ҳәм Ҳүкиметке киргизеди.

Ҳүкиметтиң нызамшылық басламасы менен Нызамшылық палатасына киргизилип атырған нызам жойбарлары сапасын арттырыў да әҳмийетли мәселе болып турыпты.

Дәўирдиң өткир талапларына жуўап беретуғын, сапалы, әмелиятта нәтийжели ислейтуғын нызамларды қабыл етиў Олий Мажлистиң ең әҳмийетли ўазыйпасы, керек болса, оның абырайы болып табылады. Бул бағдарда белгили қытай философы Шан Янның «Жақсы нызам – халыққа ҳүрметтиң көриниси», деген сөзлерин еслеў орынлы, деп ойлайман.

Итибарыңызды және бир мәселеге қаратпақшыман. Ҳүкимет, министрлик ҳәм уйымлар, аймақлардың басшылары депутатлар тәрепинен орынларда анықланған машқалаларды шешиўде төменги палата комитетлери менен системалы бирге ислесиўди жолға қойыўы керек. Бирақ, ҳәзирги ўақытта түрли тараўларда қадағалаўды тәмийинлейтуғын мәмлекетлик инспекциялардың Нызамшылық палатасы комитетлери менен бирге ислесиў системасы жолға қойылмаған.

Соның ушын, олардың есабатларын комитетлерде додалап барыў бойынша жаңа, тәсиршең системаны енгизсек, әлбетте, парламентлик қадағалаўдың нәтийжелилиги және де артады.

Қалаберди, бу жумыс нәтийжели болыўы ушын министрлик ҳәм уйымларда басшы орынбасарларын төменги палата комитетлери менен турақлы бирге ислесиў ушын жуўапкер етип бириктирсек, не дейсиз?

Әлбетте, бул биринши басшыларды жуўапкешиликтен азат етпейди, палаталар менен бирге ислесиў ушын сораў, ең дәслеп, олардан болады.

Улыўма алғанда, парламент ҳәм Ҳүкимет арасындағы мүнәсибет қарама-қарсылыққа емес, конструктивлик байланысқа тийкарланыўы керек екенин және бир мәрте еслетип өтпекшимен.

Соның менен бирге, парламентлик қадағалаў – бул, бәринен бурын, «халық қадағалаўы, халық сораўы» екенин умытпаў керек. Тилекке қарсы, парламент сораўы, депутат сораўына жүзеки қарап, оған жеңил-желпи мүнәсибетте болыў жағдайлары да ушырап турыпты.

Бул бағдарда барлық басшылар жуўапкершиликти толық сезиўи керек. Усы мәселеге писент етпей қараўға ҳеш кимниң ҳақысы жоқ. Парламент ҳәм депутат сораўларына жуўап анық ҳәм мазмунлы болыўы, сораў кимге жолланған болса, жеке усы басшы тәрепинен жуўап берилиҳи керек. Сораўларды жибериў ҳәм қабыл етиў онлайн системаға өткерилип атырғаны бул бағдардағы машқалаларға шешим болатуғынына исенемен.

Қәдирли дослар!

Мәмлекетимизди ҳәр тәреплеме раўажландырыў ушын нәтийжели сыртқы сиясат алып барыў, дос ҳәм бирге ислесиўшилеримиз шеңберин кеңейтиў, жақын қоңсыларымыз менен регионаллық бирге ислесиўди тереңлестириў оғада әҳмийетли ўазыйпа.

Усы мақсетте, ең дәслеп, Сыртқы сиясат концепциясын жаңа редакцияда қабыл етиў зәрүр, деп есаплайман. Орайлық Азия мәмлекетлери арасында жақсы ңоңсышылық қатнасықларын және де беккемлеў, регионаллық қәўипсизлик ҳәм турақлылықты тәмийинлеў сыртқы сиясатымызда әҳмийетли бағдар болып қалады.

Келеси жылы елимизде болып өтетуғын «Орайлық Азия беслиги» ушырасыўы, әлбетте, усы жолдағы және бир үлкен әмелий қәдем болады. Усы әнжуманда еркин саўда зонасын, бизнес ҳәм инвестициялық жеделлик, илимий, технологиялық ҳәм ислеп шығарыў кооперациясы орайын жаратыў сыяқлы мәселелерге айрықша итибар қаратылыўы да усындай деп айтыўға тийкар береди.

Ҳәзирги ўақытта пуқараларымыз Қырғызстанға ID карта менен арқайын барып-келмекте. Енди усындай тәртипти Қазақстан ҳәм Тәжикстан менен де енгиземиз.

Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм басқа жетекши бирге ислесиўши мәмлекетлер, абырайлы халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлер, қаржы инситутлары менен нәтийжели ҳәм системалы байланысларды және де раўажландырыў бәрқулла итибарымыз орайында болады.

Пурсаттан пайдаланып, бүгинги мәжилисте қатнасып атырған дипломатиялық корпус ҳәм халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллерин қызғын қутлықлаймыз.

Реформаларымызды шын жүректен қоллап-қуўатлап киятырғаныңыз, аймақларымызға барып, жаңаланыў ҳәм өзгерислер менен жақыннан танысып, өз мәмлекетлериңиздеги тәжирийбелерди биз бенен бөлисип атырғаныңыз ушын сизлерге өз атымнан, халқымыз атынан миннетдаршылық билдиремен.

Ҳүрметли ўатанласлар!

Бүгин пүткил жәҳән оғада натыныш ҳәм қәўетерли шараятта жасап атырғанын барлығымыз көрип, сезинип турмыз. Мине усындай қурамалы дәўирде мәмлекетимиздиң еркинлиги ҳәм суверенитетин, халқымыздың тыныш ҳәм еркин өмирин ең бийбаҳа байлық сыпатында асыраў ҳәм қорғаў ең әҳмийетли ўазыйпамыз болып қалады.

Ҳеш қашан умытпаўымыз керек: мәмлекетимиз қәўипсизлиги, елимиз қорғаныўы тек ғана Қураллы Күшлер ҳәм ҳуқықты қорғаў уйымлары, ал Өзбекстанды өзи ушын ана Ўатан деп билетуғын, миллетли,тили ҳәм динине қарамастан, барлық инсанлардың муқаддес миинети болып есапланады. Буның ушын бирден-бир Ўатан, көп миллетли бирден-бир татыў шаңарақ туйғысы ҳәр биримиздиң қәлбимиз, елимизден терең орын алыўы керек.

Дүньяда түрли қәўип-қәтерлер ҳәўиж алып атырған ҳәзирги шараятта Қураллы Күшлеримиздиң жаўынгер ҳәм руўхый потенциалын арттырыўға итибарды және де күшейтемиз.

Жасларымыздың сана-сезими раўажланыўында миллий мақтаныш пенен бирге улыўма инсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет сезимин камал таптырыў мақсетинде жасларға тийисли мәмлекетлик сиясатын жетилистириў керек. Перзентлеримизди заманагөй билим ҳәм дүньяқарас, дәраматлы  кәсип ийелери етип тәрбиялаў, оларды илим, IT технологиялар, руўхыйлық, көркем өнер ҳәм әдебият, спорт пенен шуғылланыў ушын ҳеш нәрсени аямастан, бар күш ҳәм имканиятларымызды жумсаймыз.

Бүгин тек ғана мине усындай алдыңғы жасларға, мине усындай жанкүйер зиялыларға, Ўатан раўажланыўы жолында бирлескен халыққа ийе болған мәмлекетғана өз миллий мәплерин тәмийинлеўге ерисе алады.

Усы мүнәсибет пенен жақында Наўайы ўәлаятында айтқан пикиримди қайталаўды керек деп билемен.

Бизиң еки оқ тамырымыз, еки таяныш үстинлигимиз бар: бири- экономика, бири- руўхыйлық болып есапланады. Руўхыйлық уллы халық –экономикалық тәрептен де жоқары болады.

Ҳәзирги ўақытта биз жәмийетимиздеги ашықлық ҳәм еркинлик орталығын, миллетлер ҳәм динлер арасындағы аўызбиршиликти беккемлеў, сөз ҳәм баспасөз еркинлиги, ҳүждан еркинлигин тәмийинлеў бойынша баслаған жумысларымызды даўам еттиремиз.

Ҳүрметли депутат ҳәм сенаторлар, жаңа Ҳүкимет, ҳәким ҳәм министрлеримиз, мине, усы ўазыйпалардың мәнисин дурыс аңлап, ҳүрметли ветеранларымыз, мәҳәлле, ҳаял-қызлар, жаслар ҳәм кәсиплик аўқамлары шөлкемлери, илимий ҳәм дөретиўши зиялыларымыз бенен бир жағадан бас шығарып, белсенди жумыс алып барады, деп исенемен.

Әзиз ўатанласлар!

Көрип турғаныңыздай, алдымызда оғада үлкен шеклер турыпты. Жаңа Өзбекстанымыз жаңа парламенти менен бирге өз раўажланыўының шешиўши басқышына қәдем қоймақта.

Әлбетте, бул жаңа дәўирде енди алдыңғыдай ислеп болмайды. Сол себепли, Ҳүкимет өз жумысын улыўма жаңа тийкарда шөлкемлестириўи керек. Буның ушын оған күшли басшы, яғный Бас министр кереклигин барлығымыз жақсы түсинемиз.

Мен бул мәселе ҳаққында ҳәр тәреплеме ойлап, Өзбекстан Республикасы Бас министри лаўазымына Абдулла Нигматович Ариповтың кондидатурасын  көрсетиўге қарар еттим.

Бул басшыны ҳәммеңиз жақсы таныйсыз. Абдулла Арипов үлкен шөлкемлестириўшилик потенциалына ийе болған, атқарыў ҳәкимияты системасында билим ҳәм тәжирийбе арттырған, жуўапкершиликти турақлы терең сезинетуғын басшы болып есапланады. Ол Жаңа Өзбекстандағы реформалардың мәнис-мазмунын тек ғана терең түсинеди, ал оларды әмелге асырыўда шын кеўилден пидайылық көрсетип киятырған басшыларымыздан бири, десек,дурыс болады.

Ол  менен қанша жыллар даўамында бирге ислеп, соған гүўа болдым, мәмлекет көлеминдеги ири бағдарлама ҳәм жойбарларды әмелге асырыўда турақлы талапшанлық ҳәм жанкүйерлик пенен бейимлеседи. Абдулла Арипов жуўапкершиликти алыўдан қорқпайтуғынлығы, халық пенен қарым-қатнаста турақлы ашықлығы, мийнеткешлиги ҳәм кеңпейиллиги менен халқымыз арасында абырайға ийе болған.

Бул талабан бүгин Ҳүкимет алдына қойылған, көлеми ҳәм көриниси оғада үлкен болған әҳмийетли ўазыйпаларды шешиўде Министрлер Кабинети жумысын нәтийжели шөлкемлестиреди, Ҳүкимет ағзалары, министрлик ҳәм уйымлар басшыларын бирлестирип, бирден-бир мақсетке ерисе алады, деп исенемен.

Ҳәзирги қурамалы дәўирде бул жүдә әҳмийетли. Сол себепли, бүгин әне усы талабанды сизлердиң талқылаўыңызға көрсетпектемен.

Сиз, ҳүрметли депуталар ҳәм фракциялар басшыларынан усы талабан ҳәм де болатуғын Ҳүкиметтиң келеси бес жылға мөлшерленген Ҳәрекетлер бағдарламасын көрип шығып, қоллап-қуўатлайтуғыныңызды сорайман.

                                                   * * *

Ҳүрметли ўатанласлар!

Енди, дәстүримизге муўапық, келеси жылда итибарымыз орайында болатуғын ең тийкарғы бағдарлама бойынша мәсләҳәтлесип алсақ.

Бүгин тек ғана биз, ал дүньядағы көплеген мәмлекетлер климат өзгерислериниң унамсыз ақыбетлерин айқын сезинбекте. Ҳаўа ҳәм суўдың патасланыўы, топырақ эрозиясы, шөллениў, қазылма жанылғы майларын орынсыз  пайдаланыў глобал ысыўға, тәбийғый апатлардың көбейиўине алып келмекте, қоршаған орталық ҳәм халық саламатлығына зыян жеткермекте.

Биз бул мәселениң ақыбетлерин алдыннан көрип, усы бағдарда үлкен жумысларды алып барып атырмыз. Буннан үш жыл алдын басланған «Жасыл мәкән» улыўма миллий жойбары ҳәзирги күнге келип халық ҳәрекетине айланды. Бул бағдарлама бир қатар аймақларда, соның ишинде, Аралбойындағы экологиялық жағдайды жақсылаўға хызмет етпекте.

Қоңсы мәмлекетлер менен биргеликте Регионаллық климат стратегиясын әмелге асырыўға киристик. Пайтахтымызда Орайлық Азия қоршаған орталық ҳәм климат өзгерислерин үйрениў университети шөлкемлестирилди. Сондай-ақ, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми тәрепинен бул бойынша қабыл етилген еки әҳмийетли резолюцияның интакери болдық. Ҳәзирги ўақытта «жасыл» энергетика экономикамыз драйверлеринен бирине айланбақта.

Биз жаңа жылға атама бериў мәселесинде елимиздиң ой-пикирлери, тилеклерин ҳәр тәреплеме үйрендик. Бирдирилген усынысларданкелип шыққан ҳалда, баслаған жумысларымызды жаңа, және де жоқары басқышқа көтериў мақсетинде мен 2025-жылды елимизде «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл экономика» жылы деп жәриялаўды усыныс етемен.

Биз тәбият ҳаққында сөз еткенде, көбирек «ана тәбият» деген сөзди сөзди көп пайдаланамыз. Бул тек ғана шырайлы, шайырана сөз емес, ал оның тийкарында терең өмирлик ҳақыйқат бар.

Биз Ардақлы ана затын қандай жоқары ҳүрмет-иззет етсек, өзимизди қоршап турған тәбиятқа да усындай мүнәсибетте болыўымыз керек.

Тәбиятты қорғаў-инсанды қорғаў демекдур.

Әлбетте, жаңа сайланған Бас министримиз басшылығындағы ҳүкимет жыл атамасында белгиленген ең әҳмийетли ўазыйпалар бойынша мәмлекетлик бағдарламасын ислеп шығады. Бул бағдарламада «жасыл» технологияларды енгизиў, суўды үнемлеў, көклемзар аймақларды кескин көбейтиў, Арал апатшылығының ақыбетлериниң алдын алыў, шығындылар машқаласын шешиў, ең әҳмийетли, халық саламатлығын беккемлеў сыяқлы мәселелер үлкен әҳмийетке ийе болыўы керек.

Әзиз ҳәм ҳүрметли ўатанласлар!

Бүгин сиз, әзизлер менен, халқымыз бенен елимиз раўажланыўындағы пүткиллей жаңа дәўирге қәдем қойып атырмыз.

Ҳеш қандай гүмансыз, бул дәўирдиң қандай болатуғыны биргеликте өз алдымызға қойған үлкен мақсет ҳәм ўазыйпаларды нәтийжели әмелге асырыўымызға байланыслы.

Жаңа Өзбекстанымыз жедел раўажланатуғын, және де жоқары раўажланатуғын шыңларын ийелейтуғын дәўир болатуғынына исенимим кәмил.

Бул дәўир парламент ҳәм Ҳүкимет жумысын жаңадан баслаў, халқымызға садықлық пенен хызмет етиў бойынша ибратлы дәстүрлер қәлиплесетуғын ҳәм тарийхқа мөрленетуғын дәўир болады.

Келешек әўладлар әлбетте мақтаныш пенен тилге алынатуғын әне усындай уллы тарийх ҳәм келешекти жаратыў биздиң өз қолымызда.

Кейинги үш күн даўамында сиз, әзизлер менен, кең жәмийетшилигимиз бенен мәмлекетимиздиң бүгинги ҳәм ертенги раўажланыўы ҳаққында ҳәр тәреплеме пикир алыстық. 2024-жылда- «Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы»нда орынланған жумысларымызға жуўмақ шығардық.

Парламентимизде –«Халық үйи»нде депутатлар менен талқыланған барлық баслама ҳәм режелерди, оларда алға қойылған идея, мақсет ҳәм ўазыйпаларды, мазмун итибарына бола, Олий Мажлис ҳәм халқымызға гезектеги Мүрәжатнама десем, сизлерде бул пикирге қосыласыз деп ойлайман.

Сиз, ҳүрметли депутатлар ҳәм Ҳүкиметимиз ағзалары, үлкен киши барлық басшылар мине усы Мүрәжатнамада белгилеп берилген үлкен ўазыйпаларды әмелге асырыўда пидайылық ҳәм өлги көрсетип мийнет етесизлер, деп исенемен.

Мине усындай даңқлы мақсет жолында бәршеңизге денсаўлық, шаңарағыңызға бахыт, үлкен жетискенликлер ҳәм әўметлер тилеймен.