Ҳәзирги күнлерде мәмлекетимизде әҳмийетли сиясий процесслер болып өтпекте. 20-ноябрь күни Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Өзбекстан Республикасы Бас министриниң кандидатурасын көрип шығыўға бағышланған мәжилиси өткерилди.
Мәжилисти Нызамшылық палатасының Спикери Нуриддин Исмоилов алып барды.
Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик гимни айтылды.
Жаңаланған Конституциямыздың 94-стаьясына бола, Өзбекстан Республикасы Бас министриниң кадидатурасын көрип шығыў ҳәм мақуллаў Олий Мажлис Нызамшылық палатасының абсолют ўәкилликлерине киреди. 118-статьяға бола, Бас министрдиң канидидатурасы Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен усыныс етиледи.
Усы мүнәсибет пенен мәжилисте Президент Шавкат Мирзиёев шығып сөйледи.
– Мәмлекетимиз өз алдына қойған стратегиялық ҳәм ағымдағы ўазыйпаларды әмелге асырыўда, барлық буўындағы атқарыў уйымлары, бәринен бурын, ҳүкимет ҳәм оның басшысының жуўапкершилиги ҳәзирги қурамалы заманда ҳәр қашанғыдан да артып бармақта. Халқымыз бүгин жаңа ҳүкиметтен анық нәтийжелерди күтпекте,-деди Шавкат Мирзиёев.
Мәмлекетимиз басшысы, бәринен бурын, өткен бес жылдағы бағдарламалардың орынланыўына тоқтап өтти. Бул дәўирде мәмлекетимиз экономикасы 2 есеге өсип, 100 миллиард долларлық тарийхый шектен асты. Халықтың жан басына дәрамат 3 мың долларға жетиўи күтилмекте.
Экспорт дерлик 2 есеге өсип, биринши мәрте 25 миллиард доллардан, алтын-валюта резервлери болса 40 миллиард доллардан асты. Өзлестирилген сырт ел инвестицияларының көлеми 6 есеге көбейип, оның есабынан 1,5 миллион жоқары дәраматлы жумыс орынлары жаратылды.
Соңғы үш жылда улыўма қуўтлығы 2,4 гигаватт болған 9 ири қуяш ҳәм самал станциялары иске қосылды. Альтернатив энергия үлеси өткен жылға қарағанда 2 есеге көбейди.
Мектепке шекемги билимлендириў менен қамтыў 74 проценттен, жоқары билимлендириўде болса 39 проценттен артты. Барлық аймақларда «Инсан орайлары» ашылып, социаллық хызметкерлер тәрепинен тиккелей мәҳәллелерде халыққа 100 ден артық социаллық хызметлер көрсетиў жолға қойылды.
«Өзбекстан – 2030» стратегиясында мәмлекетимиз жалпы ишки өниминиң көлемин 160 миллиард долларға жеткериў мақсет етир қойылған еди. Барлық имканиятлар иске қосылғаны себепли бул көрсеткиш усы жылдың өзинде 110 миллиард долларға жетиўи күтилмекте.
Усындай пәт жедел даўам еттирилсе, 2030-жылға барып, мәмлекетимиз экономикасының көлемин 200 миллиард долларға жеткериў имканиятының бар екенлиги атап өтилди. Бул халықтың турмасы дәрежеси ҳәм сапасын кескин жақсылаўға тийкар болады.
Атап айтқанда, халықтың жан басына дәраматларды 5 мың доллардан арттырыў, кәмбағаллық дәрежесин 5 процентке түсирип, жәрдемге мүтәж халық ушын беккем социаллық қамсызландырыў системасын енгизиў, медицинаға ажыратылып атырған қаржыларды 2 есеге көбейтип, медициналық қамсызландырыў системасына өтиў ҳәм кепилленген медициналық хызметлер менен толық қамтыўды тәмийинлеў, жылына 150 мың квартиралы жаңа заманагөй турақ-жайларды қурыў имканияты жаратылады.
Мәмлекетимиз басшысы бул бағдардағы ең әҳмийетли бағдарларға итибар қаратты.
Бириншиден, макроэкономикалық турақлылықты сақлап, келеси бес жылда экономикалық өсиў пәтин 6-7 процент әтирапында тәмийинлеў зәрүр. Онда инфляция дәрежеси 5-6 процент, бюджет дефицити 3 процент шеңберинде болыўына ерисиў, жыллық кредитлеў көлемин 30 миллиард долларға алып шығыў тийкарғы ўазыйпа болады.
Екиншиден, 2025-жылда 1 миллион халықты кәмбағаллықтан шығарыў Министрлер Кабинети экономикалық комплекстиң тийкарғы ўазыйпасы етип белгиленеди. Ҳүкимет 2030-жылға шекем жумыссызлықты халықаралық тән алынған дәреже -5-6 проценттен арттырмаў бойынша әҳмийетли ўазыйпаларды да нәтийжели шешиўи керек.
Үшиншиден, экономика ҳәм халықтың дәраматларын өсириўде жоқары қосымша қун жарататуғын санаат тармақаларына айрықша әҳмийет қаратыў керек. Министрлер Кабинетиниң инвестициялық комплекси келеси жылы, экономикамыз ушын әҳмийетли болған 300 ден аслам ири жойбарды иске қосыўы зәрүр. Экономиканы энергия ресурслары менен исенимли тәмийинлеў ҳәм энергия нәтийжелилигин 2 есеге арттырыў да әҳмийетли мәселе.
Төртиншиден, келеси бес жылда экономиканық жеке меншик сектордағы үлесин 85 процентке жеткериў де тийкарғы ўазыйпалардан бири болып есапланады. Бул бағдарда 2 мың кәрханада мәмлекет үлесин, 5 мыңнан аслам көшпес мүлк объектин сатыў, 16 ири комплекс акцияларын IPOға шығарыў талап етиледи. Ҳүкимет 30 миллиард долларлық жеке меншик шериклик жойбарларын әмелге асырыўды тәмийинлеўи керек.
Бесиншиден, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў ең әҳмийетли ўазыйпа болып қалады. Ҳүкимет бул тараўдағы бағдарламалардың орынланыўын тәмийинлеп, аўыл хожалығында өндиристи 1,3 есеге арттырыў, ҳәр гектар жерден алынатуғын орташа дәраматты 5 мың долларға жеткериўи зәрүр.
Билимлендириўдиң сапасын арттырыў, денсаўлықты сақлаў ҳәм спортты раўажландырыў, социаллық хызметлерди жақсылаў ўазыйпалары да көрсетип өтилди.
Президентимиз бул мақсетлерге ерисиў ушын ҳүкимет пенен парламенттиң бирге ислесиўиниң әҳмийетли екенин атап өтти.
Бәринен бурын, атқарыў ҳәкимияты уйымларының жумысын адамларға және де жақынластырыў керек. Нызамлардық орынланыўы Олий Мажлис палаталарының тийисли комитети ҳәм жуўапкер атқарыўшы уйым менен биргеликте үйренип барылыўы керек.
Ҳүкимет, министрлик ҳәм уйымлар, аймақлардық басшылары депутатлар тәрепинен орынларда анықланған машқалаларды шешиўде төменги палата комитетлери менен системалы бирге ислесиўди жолға қойыўы керек. Соның ушын ҳәр қыйлы тараўларда қадағалаўды тәмийинлеўши мәмлекетлик инспекциялардың есабатларын Нызамшылық палатасының комитетлеринде додалап барыў бойынша жаңа системаны енгизиў басламасы алға қойылды.
Парламентлик қадағалаў – бул, бәринен бурын, «халық қадағалаўы, халық сораўы» екени атап өтилди. Бул бағдарда барлық басшылар жуўапкершиликти толық сезиўи керек екенлиги көрсетип өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы халықаралық бирге ислесиў шеңберин кеңейтиў, жақын қоңсылар менен регионаллық бирге ислесиўди тереңлестириў мәселелерине де айрықша тоқталды. Усы мақсетте Сыртқы сиясат концепциясын жаңа редакцияда қабыл етиў зәрүр екенлигин айтты.
Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм басқа да жетекши бирге ислесиўши мәмлекетлер, абырайлы халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлер, финанс институтлары менен нәтийжели ҳәм системалы байланысларды және де раўажландырыў ҳәмийше дыққат орайында болатуғыны атап өтилди.
Ҳәзирги қәўип-қәтерли дәўирде мәмлекетимиздиң ғәрезсизлиги ҳәм суверенитетин халқымыздың тыныш ҳәм еркин турмысын қорғаў ең әҳмийетли ўазыйпа екени атап өтилди. Соның ушын Қураллы Күшлеримиздиң жаўынгерлик ҳәм руўхый потенциалын арттырыўға итибар және де күшейтиледи. Жасларды заманагөй билим ҳәм кәсип ийелери етип тәрбиялаўға үлкен имканиятлар қаратылады.
– Бүгин тек ғана мине, усындай алдыңғы жасларға, мине усындай жанкүйер зиялыларға, Ўатан раўажланыўы жолында бирлескен халыққа ийе болған мәмлекет ғана өз миллий мәплерин тәмийинлеўге ерисе алады,-деди мәмлекетимиз басшысы.
Президент Шавкат Мирзиёев Өзбекстан Республикасы Бас министри лаўазымына Абдулла Ариповтың кандидатурасын усыныс етти.
А.Арипов Министрлер Кабинетиниң жақын мүддетке ҳәм узақ келешекке мөлшерленген Ҳәрекетлер бағдарламасын усынды.
Усы талабан ҳәм бағдарламаны додалаў бойынша сиясий партиялар фракция басшылары ҳәм депутатлар өз пикирлерин билдирди.
Жасырын даўыс бериў нәтийжесине бола, Өзбекстан Республикасы Бас министри лаўазымына Абдулла Ариповтың кандидатурасы мақулланды. Бул бойынша Олий Мажлис Нызамшылық палатасының қарары қабыл етилди.
Мәжилис соңында келеси жылғы тийкарғы бағдар да додаланды.
Шавкат Мирзиёев 2025-жылды елимизде «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл экономика» жылы деп жәриялаўды усыныс етти. Бул бағдардағы әҳмийетли ўазыйпалар көрсетип өтилди.
– Бүгин халқымыз бенен елимиздиң раўажланыўындағы пүткиллей жаңа дәўирге қәдем қоймақтамыз. Бул – Жаңа Өзбекстанымыз жедел раўажланатуғын, және де жоқары раўажланыў шеклерине ерисетуғын дәўир болады. Бул дәўир парламент ҳәм ҳүкимет жумысында жаңаша ислесиў, халқымызға садықлық пенен хызмет етиў бойынша ибратлы дәстүрлер қәлиплесетуғын ҳәм тарийхқа мөрленетуғын дәўир болады,-деди Президент сөзиниң соңында.
ӨзА