Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының биринши мәжилиси даўам етпекте.

Мәжилисте шөлкемлестириўшилик мәселе көрилди.

Конституцияның 101-статьясына муўапық, Президент Олий Мажлис Сенаты Баслығы лаўазымына сенатор Танзила Норбоева кандидатурасын усыныс етти.


Танзила Норбоева мәмлекет ҳәм жәмийет басқарыўында бай тәжирийбеге ийе екени, өткен дәўирде усы лаўазымдағы жемисли мийнети нәтийжесинде мәмлекетимизде ҳаял-қызлар, балалар ҳуқықларын тәмийинлеў ҳәм олардың нызамлы мәплерин қорғаў бойынша жағдай сезилерли түрде жақсыланғаны атап өтилди.

Сенаторлар талабанды толық қоллап-қуўатлады.

ӨзА