Бразилияның басламасы менен дүзилген шлобал ашлық ҳәм жарлылыққа қарсы гүресиў алянсына 80 нен артық мәмлекет қосылды. Бул ҳаққында усы мәмлекеттиң президенти  Луис Инасиу Лула да Силва «Үлкен жигирмалық» (G20)тың Рио-де-Жанейродағы саммити ашылыў мәресиминде мәлим болды.

Анығырақ фактлерде: алянсқа 82 мәмлекет, 26 халықаралық шөлкем, 9 қаржы мәкемеси, 31 ҳүкиметлик емес ҳәм қайырқомлық шөлкеми ағза болды.

Алянс баспасөз хызмети жәриялаған мағлыўматларда ағзалар қатарында, атап айтқанда, Россия, Қытай, АҚШ, Африка ҳәм Европа аўқамларының атында көриў мүмкин, деп мәлимлеме береди хабар.уз

Қарақалпақстан хабар агентлиги