Президентимиздиң усы жыл 16-июль күнги «Белгили қарақалпақ шайыры ҳәм ойшылы Әжинияз Қосыбай улы туўылған күниниң 200 жыллығын кеңнен белгилеў ҳаққында»ғы қарарына муўапық өткерилип атырған илажлар көтериңкилик руўхта даўам етпекте.

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында қарақалпақ классикалық әдебиятының көрнекли ўәкили Әжинияз Қосыбай улының 200 жыллығы мүнәсибети менен шөлкемлестирилген Әжинияз музейиниң салтанатлы ашылыў мәресими ҳәм байрам кешеси болып өтти.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамларының жуўапкерлери, Түркия, Әзербайжан ҳәм басқа да мәмлекетлерден, сондай-ақ, республикамыздың алдынғы жоқары оқыў орынларынан, илимий орайларынан белгили илимпазлар, нураный устазлар, әдебиятқа жаны қумар жаслар, кең жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Қатнасыўшылар дәслеп халқымызға тән болған миймандослық пенен институттың «Сый перде» дуўтаршылар ансамблиниң атқарыўындағы миллий қосықлар менен күтип алынды. Буннан соң музейдиң ашылыў мәресими басланып, дәстүрий лента кесилди.











Салтанатлы илажда сөзге шыққанлар усы жылдың 16-июль күни қабыл етилген Президентимиздиң «Белгили қарақалпақ шайыры ҳәм ойшылы Әжинияз Қосыбай улы туўылған күниниң 200 жыллығын кеңнен белгилеў ҳаққында»ғы қарарына муўапық шайырдың юбилейи республикалық ҳәм халықаралық көлемде кең түрде белгиленип атырғанлығын атап өтти.

Әсиресе, Президентимиздиң басламасы менен уллы шайырдың 200 жыллығы ЮНЕСКО шеңберинде халықаралық көлемде белгиленетуғын юбилейлер қатарына киргизилгенлиги халқымызды шексиз қуўанышқа бөлемекте.

Әжинияздың поэзиялық дөретпелери тек ғана қарақалпақ ҳәм өзбек тиллеринде басылып қоймастан, түрк, әзербайжан, инглис ҳәм басқа да тиллерге аўдарылып, өз алдына топлам болып баспадан шығарылды. «Қарақалпақфильм» киностудиясы тәрепинен «Әжинияз» көркем-публицистикалық фильми сүўретке алынды. Соның менен бирге, Өзбекстан Көркем өнер академиясында шайырдың өмири ҳәм дөретиўшилигине бағышланған көргизбе, Ташкент мәмлекетлик өзбек тили ҳәм әдебияты университети және Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Әжинияз Қосыбай улының әдебий мийрасын үйрениўге арналған халықаралық илимий-әмелий конференциялар жоқары дәрежеде шөлкемлестирилди. Республикамыз бойлап ҳәр бир оқыў орнында шайырдың дөретиўшилигине арналған көркем-әдебий кешелер өткерилип, жаслар арасында Әжинияздың қосықларын буннан былай да кең ен жайдырыў мақсетинде ҳәр қыйлы таңлаўлар шөлкемлестирилмекте. Мойнақ районындағы шайырдың қәбири абаданластырылмақта.

Сөзге шыққанлар мәмлекетимиз басшысының тийисли қарарында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Әжинияз музейин шөлкемлестириў бойынша тийисли ўазыйпалар белгиленгенлиги, буның ушын институт жәмәәти тәрепинен нәтийжели жумыслар әмелге асырылып, бүгин музейдиң салтанатлы ашылыўы байрамға уласып атырғанлығын айрықша атап өтти.

Музейде Әжинияз Қосыбай улының өмири ҳәм дөретиўшилиги ҳаққында мағлыўматлар жәмленген. Қарақалпақ халқының шайыр жасаған дәўирдеги миллий кийим-кеншеклери, саз әсбаплары, тутыныў буйымлары, медреселерде оқытылған китаплардың нусқалары сол заманның нәпесин пайда етеди. Музейде ең тийкарғы көзге тасланатуғыны – бул Әжинияз Қосыбай улының шежиреси. Бул шежире институттың қарақалпақ әдебияты кафедрасының үлкен оқытыўшысы, филология илимлери бойынша философия докторы Марат Есебаев тәрепинен алып барылған илимий-изертлеў жумысларының нәтийжеси болып, усы күнге шекем шайыр әўладларының бир пүтин систематикасы болып табылады.

Сондай-ақ, музейдиң бир мүйеши институт турмысына арналған болып, бул жерде быйыл 90 жыллық торқалы тойын белгилеп атырған Қарақалпақстан Республикасындағы туңғыш жоқары оқыў орны – Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының тарийхы, бүгинги күни ҳаққында сөз ететуғын экспонатлар, хронологиялық фотогалереялар менен танысыў мүмкин.

Илажда қатнасыўшылар музейдеги экспонатлар менен танысып, оны шөлкемлестириўге хызмет екен пидайы инсанларға миннетдаршылық билдирди. Мийманлар музейдиң естеликлер китабына өзлериниң ең жақсы тилеклерин жазып қалдырды.

Музейдиң ашылыў мәресими «Өзбекстан – улыўма үйимиз» атамасындағы миллетлер аралық татыўлық ҳәм кеңпейиллик байрамына жалғасты.

Қатнасыўшылар байрам шеңберинде шөлкемлестирилген институттың профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жасларының илимий және қол мийнетлери, сүўретлеў өнери, мәденият, спорт және басқа да тараўларда қолға киргизген табыслары сәўлеленген көргизбе менен танысты.

Байрам илажы институттың талантлы студентлери ҳәм «Тумарис» халық ансамбли ағзалары атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги