Бүгинги күнде “Ҳудудгаз Қарақалпақстан” газ тәмийнаты филиалы тәрепинен жеке хожалықларды суйылттырылған газ бенен тәмийинлеў бойынша илажлар әмелге асырылмақта.

Қарақалпақстан Республикасы бойынша ҳәзирги ўақытта жәми 98 762 жеке хожалық ҳәм 111 мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми (бақша) суйылттырылған газ бенен тәмийинленип келинбекте.

2024-жыл январь-октябрь айларында газди қайта ислеўши кәрханалардан тутыныўшылар ушын 13474 тонна суйылттырылған газ тасып алынған. Жыл басынан жеке хожалықлар ушын 13883 тонна суйылттырылған газ фонды белгиленип, әмелде 13470 тонна газ муғдары хожалықларға тарқатылды.

– Республикамыздағы жеке хожалықларға суйылттырылған газ жеткерип бериў ушын айланыста 150 118 дана газ баллон ыдыслары бар,-дейди “Ҳудудгаз Қарақалпақстан” газ тәмийнаты филиалы директорының орынбасары Сәрсенбай Бекимбетов.

Бүгинги күнге кәрхананың орайлық қоймаханасында 417, районлық газ аймақлары қоймаханаларында 4401 газ баллон ыдыслар бар.

Бүгинги күнде “Е-газ” онлайн программасы тийкарында Қарақалпақстан Республикасының суйылттырылган газден пайдаланыўшы жеке хожалықларының барлығына  ID карталар берилип, айланыста болған турмыслық газ баллон ыдысларына арнаўлы штрих кодлы стикерлер толық бириктирилди. Исленген жумыслар “Е-газ” программасына киргизилип, жеке хожалықларға онлайн түрде ID  карталар менен суйылттырылған газ жеткерип бериў жолға қойылды.



Өзбекстан Республикаси Министрлер Кабинетиниң 2024-жылғы арнаўлы қарарында гүзги-қысқы мәўсимде алыс аймақларға 8432 тонна суйылттырылған газ жеткерип бериў тапсырылған. Бүгинги күнде қарарда көрсетилген тапсырманы толығы менен орынлаӯ бойынша барлық илажлар көрилмекте.

“Ҳудудгаз Қарақалпақстан” газ тәмийнаты филиалы қарарды орынлаў мақсетинде республикамыздағы жеке хожалықларды суйылттырылған газ бенен тәмийинлеў ушын филиалымызға қараслы арнаўлы газ баллонларды тасыўшы  27 автотранспортлар менен районлар аймағында жайласкан алыс аўылларға  жеткерилип берилмекте.

Филиалымызда  жәми 27 суйылттырылған газ баллон тасыўшы автотранспорт бар. Соның 27 си ИСУЗУ болып, олардың ҳәр бири 108 дана газ баллон тасыў мүмкиншилигине ийе.

Бул бағдардағы жумыслар нәтийжели даўам етпекте.

 

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги