Бас прокуратура жанындағы Департамент жанындағы Алкоголь ҳәм темеки базарын тәртипке салыў инспекциясы тәрепинен пайдаланылатуғын этиль спирти, алкоголь ҳәм темеки өнимлерине ислеп шығарыўшыларға сондай-ақ, алкоголь өнимлери менен көтере саўданы әмелге асырыўшылардың жумысын лицензиялаў мәселесине айрықша итибар қаратылмақта.
Өзбекстан Республикасының «Лицензиялаў, рухсат бериў ҳәм хабардар етиў тәртип-қағыйдалары ҳаққында»ғы нызамы ҳәм Министрлер Кабинетиниң «Арнаўлы электрон система арқалы айырым жумыс түрлерин лицензиялаў тәртиби ҳаққындағы бирден-бир режени тастыйықлаў ҳаққында» 2022-жыл 21-февральдағы қарарына муўапық пайдаланыў ҳәм техникалық этиль спирти, алкоголь ҳәм темеки өнимлерин ислеп шығарыў, сондай-ақ, алкоголь ҳәм темеки өнимлериниң көтере саўдасы бойынша жумысын лицензиялаў тәртип-қағыйдалары белгиленген.
Лицензиялаў тараўында инсан факторы қатнасыўына шек қойыў ҳәм барлық исбилерменлер ушын ашық-айдын бәсеки жаратыў мақсетинде лицензиялаўдың электрон системасына өтилди. Ҳәзирги ўақытта лицензия талабанлары ҳәкимшилик тоқсық ҳәм рәсмиятшылықтан толық ўаз кешкен ҳалда тиккелей электрон түрде лицензия алыў ушын мүрәжат етиў имканиятына ийе.
Буннан тысқары, талабанлар ушын басқа мәмлекетлик уйымлардан ҳәр қандай жуўмақлар алыў әмелияты бийкар етилип, талабан исбилерменниң лицензиялаў процессин онлайн режимде бақлаў имканияты бар.
Тараўда ҳәм әйне лицензия бериў бағдарында ашық-айдынлықты тәмийинлеў, өнимниң сапасын қатаң қадағалаў ҳәм жумыс алып барып атырған кәрханаларға қолайлық жаратып, 2024-жылдың өткен дәўиринде пайдаланылатуғын этиль спирти алкоголь ҳәм темеки өнимлерин ислеп шығарыү ҳәм көтере саўдасы менен шуғылланыў ушын лицензия мәлимлеме системасы арқалы жәми 151 мүрәжат келип түскен. Соннан 119 ы унамлы шешимлер тапқан, 24 и белгиленген талаплар бойынша толық мағлыўматлар киргизилмегени себепли бийкар етилегн. Ҳәзирги ўақытта усы мүрәжатлердиң төртеўи үйрениў процесинде.
ӨзА