Жаңа пәрман

Мәҳәлле гүзарындағы жасы үлкенлердиң гүрриңи қызық. Сәўбет бир қарағанда әпиўайы, бираз тыңланса бүгинги күнниң – жәмийеттиң айнасына уқсайды.

– Шокир тандыршының баласы суўық жерлерден ўатанға қайтыпты,-дейди сыпаның төринде отырған атахан көйлегиниң жеңин дурыслар. – Азанда өзи менен сөйлестип, көз тиймесин, ықласы бәлент. Енди кетпейтуғын еке. Жақсы ғана жыйнағанға уқсайды. Мәҳәлледе цех ислеймен дейди. Өнерли ер қай жерде болса да хор болмайды, дос-душпанға зар қалмайды дегени усыда. Кеширерсизлер, буны өзи неге еследим! Ҳаў айтқанша, жақсы ис баслар алдында садақа тарқатып атырған екен. Ертең палаў асып атыр, ҳәммемизди үйине шақырды.

Дәстурхандағы шәйнекти жаңалап кетти. Ҳәммеси өзин бираз тиклеп отырып алды. Бос кесаларға ыссы чай қуйылды.

– Шеттен ҳәмме де зор болып киятырғаны жоқ, – дейди басқа бир нураный жамбаслап отырған көпшигин сәл өзине тартып. – Мине, марҳум Нуриддин дүканшының баласы үш айдан берли тайынлы жумысқа жайласпады. Телефонда өзим сөйлестим. Болды кел, әкеңнен қалған дүканды пайдалан, дедим. Мәҳәлледе усыларға уқсағанларға жер берилип атыр екен. Айтамыз, сен да жерли боласаң, дедим. Егин-тегин ислесе жақсы ғо. Қулассы, ҳәмме орынның тас-тәрезиси бар екенлигин, бир кәсиптиң басын тутпаса, усындай гезип жүреберетуғынын түсиндирдим. Ата-бабаларымыз өнери жоқ кисиниң, мазасы жоқ исиниң деп бийкарғы айтпаған. Бийшара Нуриддин өткенинен кейин, оларды тергемедик да. Бир кәсип үйрен демедик.

Жәмийеттеги реформалар ең төменинен – мәҳәллелер, мине усындай сәўбетлерден алынған жуўмақлар тийкарында алып барылса, нәтийжеси жақсы болады.

Мәмлекетимизде кейинги жыллары сырт елде ўақтынша мийнет етип атырған пуқараларға зәрүр шараятлар жаратыў, олар менен системалы ислеў ҳәм мийнет миграциясынан қайтқанлардың бәнтлигин тәмийинлеў мәселесине айрықша итибар қаратылмақта.

Әҳмийетли тәрепи, системаны жетилистириў жумыслары даўам етпекте.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 17-октябрьде «Миграция процесслерин басқарыў системасын реформалаў бойынша биринши гезектеги илажлар ҳаққында»ғы пәрманы ҳәм «Сырт елде мийнет жумысын әмелге асырыў процесслерин тәртипке салыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарына қол қойылды.

Бул ҳүжжетлер тараўда бирден-бир вертикал басқарыў системасын енгизиў, жуўапкер мәмлекетлик уйымларының анық ўазыйпалары ҳәм жуўапкершилигин белгилеўге қаратылған. Сондай-ақ, сырт елде ўақытша мийнет жумысын әмелге асырыў тилегиндеги пуқараларымыздың ҳуқықларын қорғаў, тараўда саламат бәсеки орталығын қәлиплестириў, бул процесске жеке меншик секторды және де кеңирек тартыў ҳәм көрсетилетуғын хызметлерди санластырыў мақсетлерин жүзеге шығарыўда әҳмийетли.

Пәрманның дәслепки бәнтинде Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги жанындағы Сыртқы мийнет миграциясы агентлигиниң жумысын сапластырыў ҳәм Министрлер Кабинети жанында Миграция агентлигин шөлкемлестириў нәзерде тутылды. Бул нени билдиреди, жаңа агентликтиң ўазыйпалары нелерден ибарат!

Ол мийнет миграциясы тараўында мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыўшы, мәмлекетлик уйымларының бул бағдардағы жумысын муўапықластырыўшы ҳәм бул тараўда мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўши ўәкилликли республикалық атқарыўшы ҳәкимият уйымы болып есапланады.

– Дүнья мәмлекетлеринде жумысшы күшине болған талап ҳәр қыйлы, ол белгили бир дәўирлерде өзгерип турады,-дейди Миграция агентлиги директорының орынбасары Азимжан Ҳусанов. – Соның ушын инсан мийнетине болған талаптың, жумысшы күшине болған талаптың көшип жүриўи тәбийғый процесс. Президентимиздиң пәрманы менен жумыс бериўшилерди излеп табыў, оларды сапалы таңлаў мақсетинде Өзбекстанның сырт елдеги ўәкилханалары ҳәм мәкемелериниң жуўапкершилиги күшейтилди. Сондай-ақ, бул ҳүжжет жумыс бериўшилерди жуўапкершилигин арттырыў ҳәм пуқараларға хызмет көрсетиўди жаңа басқышқа алып шығыўға хызмет етеди.

Атап айтқанда, агентлик сыртқы мийнет миграциясы процесслерин комплексли тәртипке салыўға итибар қаратады. Пуқараларды сырт елге ўақытша мийнет жумысын әмелге асырыў ушын шөлкемлестирилген ҳалда жибериў жумысларын қадағалайды. Жеке меншик бәнтлик агентликлериниң елимизден тысқарыда жумыс излеп атырған шахсларды жумысқа жайластырыў бойынша жумысын лицензиялаў, олар тәрепинен лицензия талаплары ҳәм шараятларына әмел етилиўин үйренеди. Әҳмийетли тәрепи, сырт елли жумыс бериўшилердиң талапларынан келип шығып пуқаралардың кәсип-өнер ҳәм шет тиллерине оқытыў жумысларын қурайды.

Сырт елде ислеў аңсат емес. Егер, ўатанласларымыз сол ўақытта ҳуқықлары бузылған, қыйын жағдайда қалған болса, оларды нызамшылықта белгиленген тәртипте ҳуқықый ҳәм социаллық қорғаў илажлары көриледи.

Келеси айдың 1-январьдан баслап агентликке жеке меншик бәнтлик агентликлериниң жумысын тексериў менен байланыслы қадағалаў илажларын исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкилди хабардар еткен ҳалда өткериўге руқсат етиледи. Ол тәрепинен өткерилген ҳәр қандай тексериў нәтийжеси бойынша дүзилген билдириўлер, ҳәр бир тексерилген субъект кесиминде анықланған нызам бузылыўы жағдайларының саны ҳәм өзгешелиги ҳаққындағы мағлыўматлар мәжбүрий тәртипте «Сырт елде жумыс» мийнет миграциясы электрон бағдарламалық комплексине жайластырып барылады.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Сырт елде мийнет жумысын әмелге асырыў процесслерин тәртипке салыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары болса пуқаралардың сырт елде ўақытша мийнет етиўди әмелге асырыў имканиятларын кеңейтиў ҳәм оларға көрсетилетуғын хызметлер сапасын арттырыўда үлкен әҳмийетке ийе ҳүжжет болды.

Қарар менен сырт елде мийнет жумысын әмелге асырыўшы шахсларды қоллап-қуўатлаў, олардың ҳуқықлары ҳәм мәплерин қорғаў агентликке өткерилип, оның тийкарында юридикалық шахс статусына ийе болмаған Миграция қорын шөлкемлестириў нәзерде тутылды.

Бул қордың қаржылары, бәринен бурын, тараўда пуқаралардың ҳуқықлары ҳәм мәплерин қорғаўға қаратылады. Сырт елде ислеў нийетинде болған, бирақ оның ушын жетерли қаржысы болмағанларға «жумысшы виза»ларды рәсмийлестириўде, тил ҳәм маманлық сертификатларын алыўда жәрдем береди.

Сырт елдеги жумыс бериўшилер тәрепинен усыныс етилип атырған жумыс орынлары ҳаққындағы барлық мағлыўматлар электрон платформа, ғалаба хабар қураллары ҳәм социаллық тармақларда ашық жәриялап барылады. Арнаўлы электрон платформада пуқараларға өзиниң резюмесин қәлиплестириў ҳәм жайластырыў сондай-ақ, жәрияланған жумыс орынлары бойынша таңлаўларда еркин қатнасыў имканияты жаратылады.

Агентликтиң аймақлық филиаллары тәрепинен болса пуқаралардың сырт елде жумысқа жайласыў менен байланыслы, соның ишинде, «жумысшы виза»ға байланыслы ҳүжжетлерин рәсмийлестириў бойынша бийпул консалтинг хызметлерин көрсетиў әмелияты жолға қойылады.

Агентлик тийисли министрликлер менен биргеликте келеси оқыў жылынан баслап кәсипке оқытыў мәкемелеринде қәнигелик сертификатлары берилиўин жолға қояды. Бунда халықаралық билимлендириў бағдарламалары тийкарындағы оқыў курслары шөлкемлестириледи. Олардың питкериўшилерине сырт елли жумыс бериўшилер тәрепинен тән алынатуғын қәнигелик сертификатлары бериледи.

Бул еки ҳүжжетте тараўға байланыслы мәселелерди шешиўге қаратылған бәнтлер көп. Олардың барлығына айрықша тоқталмадық. Әҳмийетлиси, мақсет ҳәм режелер анық. Ўазыйпалардың орынланыўына жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлар көрсетилген.

Шаңарағынан, ана Ўатынынан алыстан қосымша дәрамат табыў аңсат жумыс емес. Олар шет тиллерин билсе, қолында өнери болса, изинде өзлерин сорап турыўшылар бар екенлигин сезип жумыс алып барса, таўып атырған ақшасында берекет болады.

Икром АВВАЛБОЕВ,

ӨзАның хабаршысы