11-ноябрь күни СРИИ директоры Элдор Арипов Женева қәўипсизлик сиясаты орайы (ГССП) директоры Томас Гремингер менен ушырасыў өткерди.
Мағлыўмат ушын: Элши Томас Гремингер 2017-жыл июльден 2020-жыл июльге шекем ЕҚБШ бас хаткери лаўазымында ислеген. Оған дейин ол Федерал сыртқы ислер департаменти жанындағы Швейцария раўажланыў ҳәм бирге ислесиў агентлиги бас директорының орынбасары лаўазымында ислеген.
Т. Гремингер Цюрих университетинде тарийх илимлери докторы илимий дәрежесин алған, әскерий тарийх, конфликтлерди басқарыў, тынышлықты сақлаў, раўажланыў ҳәм инсан хуқықлары бойынша көплеген китаплардың авторы.
Ушырасыўда Өзбекстанда әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың нәтийжелери додаланды. Атап өтилгениндей, соңғы бир неше жыл ишинде мәмлекет түп-тийкарынан өзгерди. Экономика жедел раўажланбақта, исбилерменлер ушын жаңа имканиятлар жаратылмақта, пуқараларды социаллық қорғаў илажлары жетистирилмекте.
Президент Шавкат Мирзиёевтиң регионаллық сиясатына айрықша итибар қаратылды. Жақсы қоңсышылық, қоңсылар менен тартыслы мәселелерди шешиў сиясаты себепли Орайлық Азия барған сайын бирлескен ҳәм турақлы регионға айланбақта.
ГССП мандатын есапқа алған ҳалда, Томас Гремингер Орайлық Азияда регионаллық бирге ислесиўди беккемлеўге қаратылған жойбарларды әмелге асырыўда СРИИ менен жақыннан бирге ислесиўден мәпдар екенлигин билдирди. Орайлық ҳәм Қубла Азия арасындағы өз-ара байланыслылықты беккемлеў, Аўғанстанды регионаллық экономикалық қатнасықларға интеграциялаўдың қолайлы шешимлерин излеў мәселелерине айрықша қызығыўшылық билдирилди.
Сондай-ақ, СРИИ хызметкерлери ушын ГССПда стажировкаларды шөлкемлестириў, халықаралық қатнасықлар тараўында кадрлар таярлаў тараўында бирге ислесиўди жолға қойыўдан еки тәреп де мәпдар екени атап өтилди.
ГССП қәўипсизлик ҳәм халықаралық бирге ислесиў тараўындағы жетекши аналитикалық шөлкемлерден бири болып есапланады. Орайдың мақсети түрли жойбарлар, бағдарламалар ҳәм изертлеўлер арқалы тынышлық, қәўипсизлик ҳәм турақлылықты қоллап-қуўатлаўдан ибарат.
ӨзА