Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 16-июльдеги «Белгили қарақалпақ шайыры ҳәм ойшылы Әжинияз Қосыбай улы туўылған күниниң 200 жыллығын кеңнен белгилеў ҳаққында»ғы қарары тийкарында республикамызда бир қатар жумыслар әмелге асырылды.
Ҳақыйқатында да шайыр өзиниң бийтәкирар ҳәм мазмунлы дөретиўшилиги менен халқымыздың мәденияты ҳәм әдебиятын раўажландырыў, жас әўладты ўатансүйиўшилик ҳәм ийгиликли идеялар руўхында тәрбиялаў, өзбек ҳәм қарақалпақ халықлары арасында әзелий дослық ҳәм аўызбиршиликти беккемлеўге мүнәсип үлес қосқан үлкен дөретиўши болып есапланады. Сонлықтанда оның қосық ҳәм поэмаларында сәўлеленген гуманистлик философиялық көзқараслар халқымыздың жүрегинен терең орын ийелеген. Әжинияз Қосыбай улы туўылған күниниң 200 жыллығын белгилеў ЮНЕСКОның халықаралық юбилейлер режесине киргизилгени де оның дөретиўшилик мийрасы улыўма инсаныйлық әҳмийетке ийе екенинен дәрек береди.
Қарар тийкарында шайырдың «Таңламалы шығармалар» топламы өзбек ҳәм қарақалпақ тиллеринде басып шығарылып, оның өмири ҳәм дөретиўшилигине бағышланған сахна шығармалары ҳәм «Әжинияз» көркем-публицистикалық фильми жаратылды. Нөкис қаласында шайырдың дөретиўшилигине бағышланған «Айт, сен Әжинияздың қосықларынан» атамасында мәмлекетимиз жас дөретиўшилериниң таңлаўы, дөретиўшилик мектеплериниң оқыўшылары арасында Әжинияз Қосыбай улының өмири ҳәм дөретиўшилигине бағышланған шығармалар таңлаўы өткерилди.Сондай-ақ, Нөкис ҳәм Ташкент қалаларында шайырдың әдебий мийрасын үйрениў атамасында халықаралық илимий-әмелий конференциялар, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында шайыр музейи шөлкемлестирилмекте. Мойнақ районындағы шайырдың қәбирин абаданластырыў жумыслары алып барылды.
Республикамызда шайыр юбилейине бағышланған илажлар өткерилмекте. Онда тек ғана мәмлекетимизден емес, бәлким Қазақстан, Қырғызстан, Әзербайжан, Түркия мәмлекетлеринен келген илимпазлар қатнаспақта.
Илаж қатнасыўшылары дәслепки күни шайыр бюстине гүл-шеңберлерин қойды.
Нөкис қаласындағы «Аққуў» комплексинде жайласқан Қарақалпақтың қәстерли отаўы – Қараүйде Әжинияз Қосыбай улының 200 жыллығы мүнәсибети менен шөлкемлестирилген халықаралық илимий-теориялық конференция ҳәм көркем-әдебий кешениң ашылыў мәресими болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, юбилей алдынан әмелге асырылған кең көлемли илажлар шайырдың атын мәнгилестириў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылып атырғанлығын атап өтти. Ҳақыйқатында да, халқымыз тарийхында ҳәм әдебиятында өшпес из қалдырған Әжинияз Қосыбай улы келешек әўладлар, әдебият ықласбентлери ушын бийбаҳа мийрас қалдырып кеткен, халқымыздың руўхый дүньясын байытыўға үлес қосқан уллы сөз зергери, данышпан шайырларымыздан саналады.
Президентимиздиң қарары тийкарында уллы шайыр ҳәм ойшыл бабамыздың юбилейи елимизде ҳәм халықаралық көлемде белгиленип, бир қатар ийгиликли жумыслар әмелге асырылып атыр. Конференцияның ашылыў салтанатында сөзге шыққан илимпазлар Әжинияз Қосыбай улының ҳәр қандай дәўирде де өз қунын жойтпайтуғын бийбаҳа дөретпелериниң қәдири жыллар өткен сайын артып баратуғыны, оның қалдырған мийрасы еледе халқымыздың руўхый дүнясын байытыўда хызмет ететуғынлығын атап өтти. Ашылыў салтанаты даўамында бир қатар илимпазларға ҳәм жәмийетлик ғайраткерлерге Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң «Ҳүрмет жарлығы» тапсырылды. Буннан соң көркем өнер ҳәм мәденият хызметкерлери атқарыўындағы концерт бағдарламасы жыйналғанлар нәзерине усынылды.
Усы күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Түркий халықлар Академиясының басламасы менен Әжинияз Қосыбай улының 200 жыллығы алдынан оның таңламалы шығармаларының Түрк ҳәм Әзербайжан тиллерине аўдармаланған китапларының презентациясы болып өтти.
Атап өтилгениндей Әжинияз Қосыбай улының бийтәкирар ҳәм мазмунлы дөретиўшилиги дүнья мәденияты ҳәм әдебиятын раўажландырыў, әсиресе, жас әўладты ўатансүйиўшилик ҳәм ийгиликли идеялар руўхында тәрбиялаўда үлкен әҳмийетке ийе есапланады.
Шайыр юбилейине бағышланған илажлар даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги