Президент Шавкат Мирзиёев 14-ноябрь күни кеселликлерди ерте анықлаӯ ҳәм нәтийжели емлеӯге байланыслы усыныслар презентациясы менен танысты.
Мәмлекетимиздиӊ социаллық сиясатында денсаӯлықты сақлаӯ тараӯы үлкен орын ийелейди. Соӊғы жети жылда бул системаға ажыратылып атырған қаржылар 6 есе арттырылған. Алдын тек Ташкентте орынланған 400 ден аслам жоқары технологиялық әмелиятлар бүгин ӯәлаятлар менен районларда да өткерилмекте.
Кесселиклерди ерте анықлаӯ мақсетинде онкология, эндокринология, кардиология орайлары аймақларда скрининг тексериӯлерин алып бармақта. Мәселен, 1 миллион 700 мыӊ ҳаял-қызлар скринингтен өтип, 49 мыӊында рак алды кеселликлери табылған. Быйылғы ярым жыллықта 122 мыӊ айрықша жүрек қан-тамыр ҳәм қантлы диабет ерте басқышта анықланған.
Халықтыӊ саламатлығын сақлаӯ – үзликсиз процесс. Тараӯдағы таллаӯ ҳәм талаптан келип шығып, әҳмийетли бағдарлар бойынша усыныслар таярланған. Презентацияда усылар ҳаққында сөз барды.
Бизге белгили, емлеӯдеги еӊ үлкен машқала – кеселликтиӊ кеш жүзеге шығыӯы. Сонлықтан, Президентимиздиӊ басламасы менен Қашқадәрьяда, тәжирийбе ретинде, онкология бойынша ҳәр бир ерте анықланған жағдай ушын медицина бригадирларына 2 миллион сумнан сыйлық бериӯ енгизилди. Нәтийжеде шаӊарақлық шыпакерлер өз мәҳәллесиндеги 51 ҳаял-қыз ҳәм балаларда усындай белгилерди анықлады. Оныӊ ушын 102 миллион сум ақшалай сыйлық берилип, кеш басқышта жумсалатуғын 8 миллиард сум қаржы үнемленген.
Таллаӯларға бола, улыӯма онкологиялық кеселликлердиӊ орташа 20-25 проценти ҳаял-қызлардағы көкирек бези ҳәм жатыр рагине дурыс келеди. Сонлықтан бул бағдарда скрининглерди кеӊейтиӯ ҳәм олардыӊ реестрин жүргизиӯ режелестирилмекте.
Сондай-ақ, гематология, кардиология, эндокринология кеселликлерин ерте анықлаӯ ҳәм оларды емлеӯ бойынша үш жыллық бағдарламалар быйыл жуӯмағына жетеди.
Медицина мәкемелерине орайласқан ҳалда дәри-дәрмақларды сатып алыӯда да кемшиликлер бар. Айырым емлеӯханаларда талапқа улыӯма кем алынған болса, айырымларында дәри-дәрмақлар артып қалған.
Сонлықтан, дәри-дәрмақлар ҳәм медициналық буйымларды он бес айлық талап тийкарында сатып алыӯ системасы усыныс етилмекте. Бунда келеси жыллар ушын мүтәжликлер 1-августтан кешикпестен, Мәмлекетлик бюджет параметрлери менен бир ӯақытта қәлиплестириледи.
Сондай-ақ, Денсаӯлықта сақлаӯ министрлиги жанында «Сатып алыӯлар орайы» ҳәм оныӊ 13 аймақлық филиалы шөлкемлестириледи. Орайға 2025-жыл 1-январьдан баслап, оригинал дәри-дәрмақлар ҳәм жабық түрдеги лабораториялық үскенелер ушын сарплаӯ қуралларын тиккелей ислеп шғарыӯшыдан сатып алыӯға руқсат бериледи.
Және бир усынысқа бола, донорларды қоллап-қуӯатлаӯ кеӊейтиледи. Соныӊ ишинде, «Өзбекстан Республикасы ҳүрметли доноры» көкирек белгиси алғанларға бир мәрте берилетуғын ақшалай сыйлығы базалық есаплаӯ муғдарын 5 есесинен 15 есесине шекем арттырылады. Оларға жәмийетлик транспортлардан бийпул пайдаланыӯ хуқықы бериледи, мәмлекетлик санаторийлерде емлениӯ гезексиз болады.
Бул жаӊа система келеси жыл 1-январьдан енгизилиӯи белгиленди.
Мәмлекетимизде санитария ҳәм фитосанитария илажлары бойынша Жәҳән саӯда шөлкемин хабардар етиӯ тәртибин жолға қойыӯ мәселеси де көрип шығылды.
ӨзА