Өзбекстан саммитте жоқары дәрежеде қатнаспақта.
12-ноябрь күни Өзбекстан Республикасы Биринши ханымы Зироат Мирзиёева усы жылдың климат сиясаты ҳәм турақлы раўажланыў тараўындағы тийкарғы ўақыяның бир қатар илажларында қатнаспақта.
Саммит шеңберинде «Жаслардың климат өзгериўи бойынша ҳәрекетлердеги жетекшилиги» темасында форум болып өтти.
Өзбекстан ҳәм Әзербайжан биргеликте шөлкемлестирилген илажда Өзбекстанның Биринши ханымы Зироат Мирзиёева, Әзербайжанның Биринши ханымы Меҳрийбан Әлиева, Түркияның Биринши ханымы Эмине Эрдоған, Қырғызстанның Биринши ханымы Ойгул Жапарова қатнасты. Сондай-ақ, Қазақстан, Тәжикстан, Венгрия, БМШ структуралары ҳәм халықаралық шөлкемлердиң жоқары мәртебели ўәкиллери усы мәмлекетлердиң жас экобелсендилери қатнасты.
Ушырасыў алдында мийманлар мәмлекетлеримиз экобелсендилери тәрепинен ислеп шығылған «Indivisible» («Бөлинбес») көркем өнер инсталляциясы менен танысты. Панно қурақ техникасында исленген болып, ондағы ҳәр бир гезлеме бөлеги мәмлекетлер ушын бийбаҳа болған ҳәм жоқ болып баратырған өсимликти билдиреди. Тәбийғый мийрасты қәстерлеп-сақлаўға шақырыўшы бул жойбар тәбият ҳәм инсаният бөлинбейтуғынын еске салады.
Өзбекстанның Биринши ханымы, «Zamin» халықаралық жәмийетлик фонды Қайырқомлық кеңеси баслығы Зироат Мирзиёева өзиниң шығып сөйлеген сөзинде туўысқан Әзербайжан ҳүкимети ҳәм халқын СОР29 жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгени менен қутлықлады, сондай-ақ, Гейдар Әлиев қоры менен биргеликте өткерилип атырған биргеликтеги форумды жеке өзи қоллап-қуўатлағаны ушын Биринши вице-президент, Биринши ханым Меҳрийбан Әлиеваға миннетдаршылық билдирди.
Климат өзгериўиниң унамсыз ақыбетлеринен жас әўлад – нәрестелер, балалар ҳәм жас өспиримлер өмирине үлкен тәсир көрсетип атырғаны, олардың миллионлаған теңлеслери тәбийғый апатшылықлардан, қурғақшылықтан, суў ҳәм азық-аўқат жетиспеўшилигинен ҳәр күни қыйналып атырғаны атап өтилди.
– Бул қубылысларға қарсы гүрести жас әўладсыз, оның саналы ҳәм белсенди қатнасысыз көз алдымызға келтирип болмайды. Бул абырайлы минберден турып, бүгин Орайлық Азия ҳәм Түркий халықлар жаслары да мине усы глобал ҳәрекеттиң ажыралмас бөлеги сыпатында қәлиплесип атырғанын атап өтиў маған үлкен мақтаныш бағышлайды,-деди Зироат Мирзиёева.
Мәмлекетимиздиң Биринши ханымы бирге ислесиўдиң перспективалы бағдарлары бойынша өз пикирлери менен бөлисти.
Жасларымыздың климат тараўындағы билимлерин және де арттырыў мақсетинде ағартыўшылық илажлар ҳәм «жасыл» контентти кеңейтиў, жас әўлад ўәкиллери менен системалы ҳәм турақлы «климат диалоги»н орнатыў, сондай-ақ, перзентлеримиздиң климат өзгериўине қарсы гүресиў имканиятларын экологиялық стартапларды қоллап-қуўатлаў ҳәм жасалма интеллекттен пайдаланыў арқалы кеңейтиў усылардың қатарына киреди.
Зироат Мирзиёева сөзиниң соңында жигит-қызларға мүрәжат етип, былай деди: «Бүгин сиз климат өзгериўи бойынша ҳәрекеттиң алдыңғы қатарындасыз. Сизиң беккем жигериңиз, жаңа идеялар ҳәм басламаларыңыз ҳәммемизди улыўмалық мақсетке қарай және де бирлестиреди. Соны билиң, сизиң белсендилигиңиз, ҳәрекетлериңиз турмысымызды, Жер планетасы деп аталған улыўмалық мәканымызды әлбетте өзгертеди».
Илаж даўамында Өзбекстан, Венгрия, Әзербайжан, Тәжикстан, Түркия, Қырғызстан ҳәм Қазақстан экобелсендилери ҳүкиметлерди жас әўладтың климат өзгериўи менен байланыслы процесслерде қатнасыў имканиятларын кеңейтиўге шақырыўшы билдириў менен шықты.
Сондай-ақ, жаслар регионаллық, соның ишинде, Өзбекстанда өткерилген экологиялық дем алыў орынлары даўамында ислеп шығылған климатқа байланыслы басламаларын таныстырды.
Тийкарғы усыныслар – Халықаралық мәсләҳәт комитетин дүзиў, билим алмасыў, регионаллық ҳәм миллий климатқа байланыслы жойбарларды муўапықластырыў ушын майдан болып хызмет ететуғын санлы платформа жаратыў, сондай-ақ, турақлы раўажланыўды алға қойыў ҳәм жаслар арасында экологиялық саўатлылықты арттырыўға қаратылған «Young Climate Champions» халықаралық экобелсендилер жәмийетин шөлкемлестириў.
«Трансшегаралық экосистемалар» жойбары трансшегаралық тәбият объектлери – қорықханалар, дәрьялар ҳәм ҳайўанлардың миграция бағдарларын сақлаў бойынша жойбарларды әмелге асырыўды нәзерде тутады.
Экобелсендилер визуал контент, соның ишинде, VR-видеокөринислерден ибарат интерактив оқыў картасын көрсетти.
Бул басламалардың барлығы реал турмысқа көшпекте, оларды турақлы әмелге асырыў ушын мәмлекетлик ҳәм жәмийетли шөлкемлердиң ўәкиллери, жас экобелсендилер, исбилерменлер, илимпазлар ҳәм экспертлерден ибарат Экологиялық күн тәртиби бойынша мәсләҳәт комитети шөлкемлестирилди.
Комитет қарарларын қоллап-қуўатлаў ушын Орайлық Азия мәмлекетлери, Әзербайжан, Венгрия ҳәм Түркияның жаслар ислери, экология ҳәм билимлендириў министрлеринен ибарат абырайлы Қайырқомлық кеңеси дүзилди.
Мәсләҳәт комитетиниң бас резиденциясы Ташкентте жайласқан жаңа Пүткил жер жүзилик жаслар офисинде жумыс алып барады. Бул офис жанында глобал көлемде жаслар басламалары ҳәм жойбарларын қоллап-қуўатлаў қоры да жумыс алып барады.
Форумның тийкарғы ўақыясы Өзбекстан, Әзербайжан, Венгрия, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан ҳәм Түркия тәрепинен 2024-2030-жыллары Турақлы раўажланыў мәдениятын алға қойыў ҳәм балалар ҳәм жасларды климат күн тәртибине тартыў бойынша халықаралық стратегияға қол қойылыўы болды.
Жас экобелсендилердиң усынысларына тийкарланған бул ҳүжжет климат өзгериўине қарсы гүресиў мәселелеринде мәмлекетлик уйымлар, билимлендириў мәкемелери, жәмийетлик ҳәм илимий шөлкемлер, балалар ҳәм жаслар арасындағы нәтийжели бирге ислесиў ушын глобал тийкар жаратыўға қаратылған. Стратегия жас әўладтың экологиялық басламаларға белсенди қатнасыў имканиятларын кеңейтиўге, соның ишинде, экологиялық билимлендириў ҳәм «жасыл» көнликпелерди раўажландырыўға да хызмет етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги