Нызам жер асты байлықларына ийелик етиў ҳәм оларды басқарыў, сондай-ақ жер асты қазылмаларынан пайдаланыў ҳәм оны қорғаў ўақтында жүзеге келетуғын мүнәсибетлерди тәртипке салады.
Жер асты қазылмалары ҳәм жер асты қазылмаларында тәбийғый жол менен жайласқан барлық пайдалы қазылмалар Өзбекстанның мәмлекетлик мүлки болып, оннан қылға уғрас пайдаланыў керек ҳәм ол мәмлекет тәрепинен қорғалады. Бул мүлк ҳуқықы ҳәр қандай шахстың жерге ҳәм суўға болған бирде-бир ҳуқықына яки мүлкиниң қандай болыўына қарамастан қолланылады.
Мәмлекет жер асты қазылмаларын Нызамда нәзерде тутылған тийкарлар, шәртлер ҳәм шегараларда пайдаланыўға береди.
Жер асты қазылмаларының участкалары алды-сатты, бериў, мийрас етип қалдырыў, аманат, гиреў предмети болыўы яки ҳәр қандай басқаша усылда өзге шахсқа өткерилиўи мүмкин емес.
Жер асты қазылмаларынан пайдаланыў ҳәм оны қорғаў тараўындағы мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыўшы уйымлар төмендегилерден ибарат:
- Министрлер Кабинети;
- Таў-кән санааты ҳәм геология министрлиги;
- Энергетика министрлиги;
- Экология, қоршаған-орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги;
- Таў-кән санааты ҳәм геология тараўын қадағалаў иннспекциясы;
- «Жер асты қазылмаларынан пайдаланыў орайы» мәмлекетлик мәкемеси;
- Жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымлары.
Нызам рәсмий түрде жәрияланған күннен баслап 3 ай өткеннен соң күшке енгизиледи,-деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги