Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Бүгинги күнде Наўайы ўәлаятында экономика тармақларының өсиў тезлиги ҳәм аймақтың социаллық-экономикалық раўажланыўынан келип шығып, анық ҳәм тәбийғый пәнлер, мәлимлеме технологиялары, экономика, туризм, аўыл хожалығы сыяқлы тараўлар бойынша жоқары маманлықтағы кадрларға талап артып бармақта.
Бул бағдарда аймақтың имканиятларынан толық пайдаланыў, республикада әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, социаллық ҳәм экономикалық тараўлардағы жаңаланыўларда жоқары билимлендириў шөлкемлериниң белсене қатнасыўын тәмийинлеў ҳәм Наўайы ўәлаяты халқы, бәринен бурын, жаслардың талап ҳәм қәлеўлерин есапқа алып, олар ушын және де кең имканият ҳәм шараятлар жаратыў мақсетинде:
- Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги ҳәм Наўайы ўәлаяты ҳәкимлигиниң Наўайы мәмлекетлик педагогикалық институты базасында Наўайы мәмлекетлик университетин (кейинги орынларда- Университет) шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
- Төмендегилер Университеттиң тийкарғы ўазыйпалары ҳәм жумыс бағдарлары етип белгиленсин:
Аймақта тараў ҳәм тармақлардың раўажланыў перспективаларын есапқа алған ҳалда заманагөй билим ҳәм маманлыққа ийе болған илимий ҳәм илимий-педагог кадрларды таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў бойынша үзликсиз билимлендирў системасын жаратыў;
Заманагөй оқыў, илимий ҳәм IT-лаборатория базасын жаратыў, усы лабораторияларды биринши технологиялық әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў ҳәм илимий инновациялық изертлеўлер трансферин әмелге асырыў;
студентлерди илимий-инновациялық жумысқа кеңнен тартыў, социаллық-экономикалық тараўларды раўажландырыўдың әҳмийетли бағдарлары бойынша илимий жойбарларды әмелге асырыў, олардың нәтийжелерин енгизиў бойынша илимий ҳәм әмелий усыныслар ислеп шығыў;
оқыў процесине халықаралық билимлендириў стандартлары, алдыңғы билимлендириў технологиялары ҳәм усылларын енгизиў, сондай-ақ, студентлерде еркин билим алыў, системалы таллаў, еркин пикирлеў көнликпелерин қәлиплестириў;
жетекши сырт ел жоқары билимлендириў шөлкемлери менен академиялық ҳәм илимий бирге ислесиўди раўажландырыў, профессор-оқытыўшылардың сырт ел илимий-әмелий стажировкасын системалы жолға қойыў;
студент-жасларда руўхыйлық ҳәм әдеп-икрамлылық пазыйлетлерди раўажландырыў, Ўатанға мухаббат, оның тәғдирине байланыслы, кәсипке садықлық сезимин беккемлеў, тәлим-тәрбия процеси ҳәм руўхый-ағартыўшылық нәтийжелилигин арттырыў.
- Белгилеп қойылсын:
а) Наўайы мәмлекетлик педагогика институтында билим алып атырған барлық студентлер оқыўларын Университетте даўам еттиреди ҳәм 2024-2025-оқыў жылынан баслап питкериўши курс студентлерине Университети дипломы бериледи;
б) Университет Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигине уйымлық тәрептен бойсынады ҳәм Наўайы мәмлекетлик педагогикалық институтының ҳуқықлары, миннетлемелери ҳәм шәртнамалары бойынша ҳуқықый мийрасхоры есапланады;
в) Университетте 2025-2026-оқыў жылынан баслап:
аймақлық раўажланыў бағдарламаларына муўапық талап жоқары болған анық ҳәм тәбийғый пәнлер, мәлимлеме технологиялары, жасалма интеллект, экономика, бизнес ҳәм туризм, инвестицияларды басқарыў, аўыл хожалығы, экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў, логистика сыяқлы бағдарлар бойынша кадрлар таярлаў жолға қойылады;
сабақ шынығыўларын әмелият пенен бирге шөлкемлестириў мақсетинде тийисли бағдарлар бойынша билимлендириў процесси дуал билимлендириў усылында жолға қойылып, кәрхана ҳәм шөлкемлерде кафедра филлиаллары шөлкемлестириледи ҳәм билимлендириў процесине узақ жыллық мийнет тәжирийбесине ийе әмелиятшы қәнингелер алынады;
жаңадан шөлкемлестирлген билимлендириў бағдарлары ҳәм қәнигеликлер бойынша сырт мәмлекетлер ҳәм республикадағы жетекши жоқары билимлендириў шөлкемлери менен еки диплом бериўге тийкарланған қосымша билимлендириў бағдарламалары жолға қойылады;
айрықша топарларда бакалавриат ҳәм магистратура басқышларында билимлендириў процесси шет тиллеринде шөлкемлестириледи ҳәм билимлендириў бағдарламалары басқышпа-басқыш халықаралық аккредитациядан өткериўге таярланады.
4.Төмендегилер:
2024-2027-жыллары Наўайы мәмлекетлик университети комплексли раўажландырыў бағдарламасы 1-қосымшаға муўапық;
2026-2030-жыллары Наўайы мәмлекетлик университетиниң оқыў ҳәм илимий лабораториялары техникалық базасын жаратыў бағдарламасы 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Белгиленсин, 2025-жыл 1-январьдан баслап Университетке академиялық, шөлкемлестириў- басқарыў ҳәм финанслық еркинлик бериледи. Онда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 24-деабрьдеги «Мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелериниң академиялық ҳәм шөлкемлестириў-басқарыў еркинлигин тәмийнлеў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-60-санлы «Мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерине финанслық еркинлик бериў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-61-санлы қарарларында белгиленген тәртиплер Университеттке қолланылады..
- Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги «Билимлендириў тараўындағы жойбарлар орайы» жойбар офиси менен биргеликте еки ай мүддетте Университет жумысын жетилистириў ҳәм билимлендириў сапасын тәмийинлеў мақсетинде сырт ел экспертлерин кеңнен тартқан ҳалда Университетте Трасформация орайын шөлкемлестирсин.
Трансформация орайы төмендеги мәселелер бойынша жуўапкер етип белгиленсин:
Университеттиң билимлендириў бағдарламаларын халықаралық билимлендириў стандартларына муўапықластырыў;
Университетти дүньяның ең абырайлы жоқары билимлендириў шөлкемлери рейтингине киргизиў илажларын ислеп шығыў ҳәм орынланыўын шөлкемлестириў;
Университет билимлендириў бағдарламаларын халықаралық аккредитациядан өткериў ҳәм Университет дипломларының сырт елде тән алыўына ерисиў;
Билимлендириў хызметлерин көрсетиў нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде Университеттиң оқыў-методикалық бөлими ҳәм деканатлар штатларын оптималластырыў есабынан Регистратор офиси жумысын жолға қойыў;
Университеттиң билимлендириў, изертлеў ҳәм мәлимлеме-китапхана жумысларын ҳәм басқарыў процесслерин толық санластырыў.
- Наўайы ўәлаяты ҳәкимлиги:
Университет студентлериниң тәжирийбели әмелиятлары аймақта жайласқан ири кәрхана ҳәм шөлкемлерде шөлкемлестирилиўи тәмийнленсин;
Университет қәнигелик кафедраларының сәйкес бағдарлары бойынша жергиликли ҳәм сырт ел кәрханалары менен бирге ислесиўин жолға қойыўға жәрдемлессин;
Жергиликли бюджет қаржылары есабынан аймақта жайласқан жоқары билимлендириў шөлкемлери студентлери ҳәм жас изертлеўшилер ушын стартап жойбарларды қаржыландырыўды жолға қойсын. Онда тийкарғы бағдар сыпатында аймақты социаллық-экономикалық раўажландырыў, жаслар бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм импорт орнын басыўшы өним ислеп шығарыў белгиленсин.
- Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги:
а) Университеттиң илимий потенциалын арттырып барыў илажын көрсин ҳәм оның халықаралық бирге ислесиўин жолға қойыўда, атап айтқанда, жетекши сырт ел жоқары билимлендириў шөлкемери менен биргеликтеги билимлендириў ҳәм халықаралық алмасыў бағдарламаларын енгизиў, сырт ел жетекши профессор-оқытыўшыларын Университеттиң билимлендирў ҳәм илимий-изертлеў процесслерине енгизиўге жәрдемлессин;
б) 2025 -жыл 1-февралға шекем:
Университетте енгизилетуғын жаңа билимлендириў бағдарларын есапқа алған ҳалда оның структурасы, штат бирликлери, факультет ҳәм кафедраларын қайта көрип шықсын ҳәм белгиленген тәртипте тастыйықланыўын тәмийнлесин;
Сырт елли студентлерди кеңнен тартыў мақсетинде “Study in Uzbekistan” платформасында Университет бөлимин шөлкемлестирсин ҳәм оны сапалы мағлыўматлар менен толтықтырып барсын;
в) 2025-жыл 1-июньге шекем Университетте студентлердиң питкериў қәнигелик ислери ҳәм магистрлик диссертацияларын көширмеўге қарсы тексериў (антиплагиат) механизмин енгизсин.
- Белгиленсин, Университет жумысын қаржыландырыў:
Мәмлекетлик бюджет қаржылары, төлемли-контракт тийкарында оқытыўдан түсетуғын қаржылар, хожалық жумысы ҳәм шәртнама тийкарында хызметлер көрсетиўден түсетуғын түсимлер, қәўендерлик қайырқомлық ислери ҳәм грантлар ҳәм нызамшылық ҳүжжетлеринде шекленбеген басқа дәреклер есабынан әмелге асырылады;
2024-жылы Өзбекстан Республикасының республика бюджетинен биринши дәрежели бюджет қаржыларын бөлистириўши сыпатында Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигине ажыратылатуғын қаржылар шеңберинде әмелге асырылады, 2025-жылдан баслап Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде нәзерде тутылады.
- Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерис ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Бул қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри К.А.Шариповҳәм Наўайы ўәлаяты ҳәкими Н.Т.Турсунов белгиленсин.
Қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Арипов ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Админристрациясы Социаллық раўажланыў департаменти басшысы О.К. Абдурахмоновқа жүкленсин.
Ўзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы, 2024-жыл 31-октябрь