Пайдаланылған энергия ресурслары ушын төлемлерди өз ўақтында төлеп бериў халықты электр энергиясы менен турақлы түрде тәмийинлеўге тийкар жарататуғыны ҳәммеге белгили.
Соған қарамастан, айырым тутыныўшылардан пайдаланылған электр энергиясы ушын төлемлер суд қарарлары тийкарында мәжбүрий тәртипте өндирилмекте.
Атап айтқанда, Беруний районлараралық экономикалық судтың ажырымларына тийкарланып фермер хожалықлары жерлерди суў менен тәмийинлеў ушын пайдаланылған электр энергиясынан пайда болған қарыздарлықты төлемеген фермер хожалықлары басшысы К.К Я.Р ҳәм А.Н лерден жәми 89,5 миллион сум өндириў, оларды жеке мүлкине қаратыў белгиленди.
Усы суд ажырымлары Мәжбүрий орынлаў бюросы Төрткүл районлық бөлими тәрепинен орынлаў жумысы қозғатылды. Қарыздарларға орынлаў ҳүжжети талапларын орынламаў Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 198-статьясына муўапық қосымша жәрийма салыўға тийкар болатуғыны түсиндирилди.
Соның нәтийжесинде фермер хожалықларынан қарыздарлық толығы менен өндирилип, суд қарарларының орынланыўы әмелде тәмийинленди.
Д. АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлиги