Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў фондының Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими хызметкерлери тәрепинен мәпдар мәкан пуқаралар жыйынларының басшылары ҳәм белсендилери, медицина хызметкерлери ҳәм тараў қәнигелериниң қатнасыўында үйме-үй жүрип үгит-нәсият илажлары әмелге асырылды.

Онда Нөкис қаласындағы Жийдели байсын МПЖ ҳәм Нөкис қалалық медицина бирлеспесине қараслы 9-санлы шаңарақлық поликлиникасының медицина бригадасы хызметкерлери, Кегейли районындағы Жүзим бағ МПЖ ҳәм Кегейли районлық медицина бирлеспесине қараслы «Жүзим бағ” АШП медицина бригадасы хызметкерлери қатнасты.

Халық пенен ушырасыў ҳәм сәўбетлесиўлерде мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўдиң мақсети, ҳәр бир шаңарақта жасаўшы пуқараларға көрсетилип атырған медициналық хызметлердиң сапасын арттырыў, денсаўлықты сақлаў системасында әмелге асырылып атырған реформаларды избе-из даўам еттириў, бюджет қаржыларынан нәтийжели пайдаланыў ҳәм мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиў мәселелери түсиндирилди. Сондай-ақ, бул бойынша Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 5-сентябрьдеги “Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы қарары бойынша мағлыўматлар ҳәм онда белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша түсиниклер берилди.

Соның менен бирге, Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги системасындағы барлық 17 район, Нөкис қалалық медицина бирлеспелериндеги медицина бригадалары (шаңарақлық шыпакер, әмелиятшы, патронаж ҳәм акушерка мийирбийкелери) тәрепинен үйме-үй жүриўде ҳәр бир шаңарақта жасаўшы инсанларға мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўдиң абзаллықлары түсиндирилип, бул бойынша үгит-нәсиятлаў илажлары әмелге асырылмақта ҳәм буклетлер тарқатылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги