(Гүрриң)

Кемпири кеткенли берли үйден берекет кетти. Кемпир пақыр  екен, ҳәмме нәрсени, тәртиплестирип,  үнемлеп, қазанға қап, шөмишке  сап болып отырғаны. «Қурған ғарры отыр тыныш, араласа бермей, тықыр-тықыр ете бермей» дегенде, «ҳә атаңа нәлет, сенбе мениң аўзыма қақпақ болатуғын, енди сеннен рухсат алып сөйлейин бе?»,- деп кемпирин бир сөгип алатуғын еди. Енди кемпириниң жоқлығы батып, бир мүсәпир ғарры  болды да қалды. Билсе үйиниң көпири екен, баланы да жайғастырып, келинди де сүйеп жиберип, келген қызға гүм болып кел, гүм болып қайт, ғаррыға отыр жөниңе сенсиз де сол гумирашылық питеди деп ақыл  берип отырғаны. Кемпириниң  кеткенине мине, үш ай болажақ. Изине  кетти  қарамай, ҳаў ең болмаса «ғарры мен кетежақпан, разы бол, сонша сөгисиңди көтердим, жаслықта не болмайды дейсең, бәрин кеширдим десеш»,-деп аўзы кемсеңлеп, жеккешилик басына түсе берди.

Бунша мени жағып кетпесең, кемпирим ай! Ғарры егитилди, жылады, сөтилди, өзин услай алмай, үйилип, жыйналмай атырған төсекке қулады. Күндиздиң күни болсада кемпири түсине енип «тур ғарры, усы әдетиң қалмады, бар келинди алып қайт, қуда-қудағайың күтип отыр!» демеси барма? Ушып түргелди.  Кемпири тирилип келгендей би-и-.р қуўанды ғаррысы байғус.

Мине, бес күн болды келинниң кетип қалғанына. Келин пақыр жаман емес, марапаттың адамы, мақтасаң алмайтуғын таўы жоқ. Кемпир өзи алдарқатып жумсап, тәрбиялап киятыр еди. Курығыр турмысқа  шыққан қызлар келип « үй анам бардай емес, ана жериң анадай, мына жериң мынадай,  анамның услап тутқан ыдыс табағы аўызға шығып кетипти, өзиң жыйнағанда қәдирин билер едиң аў» деп мыжылдап,  болар-болмасты әңгиме қылып қоймады ғой.

Бала да отыр тым-тырыс, өзлери қоймады, қәне көрейин ҳалларын деп отырма, я биротала қатынымның қәдирин билсин дейме, ләм-мим. Келин кеткели үйдиң ҳайўанлары да қутырып кетти. Әне, ийт жатыр үўилдеп,  қара бассына болғыр, шөжениң жартысын қусқа алдырды,  қалғанын таўық аяғына басып жоқ қылды, саўын сыйыр ҳеш кимди қасына жақынлатпайды. Келинниң көйлегин кийип қоңсы келиншек әри-бери көрип еди, тебинлеп тур, көзи оттай қызарып,  қасына адам жақынлатпайды. Ақыры бузаўын жиберип отыр, бузаўы да көпиртип, ана сүтин ишкенине мәс болып, қолда турмайтуғын әдет шығарды.

“Ҳәй, кемпирим ай, берекеттиң бәрин өзиң менен әкетип қалмадың ба? “Мына өмир өзиңсиз көмир болажақғо?”.

Ғарры былай-былай шыққандағы кийимлерин қарастырды. Шалбары қырық жыйрық болып қалыпты. Силкип-силкип шаңын қағып еди, шаң бурқ  етип, үйди алып кетти.  Костюмы буның қайда екен,  тәўирақ гибиртекледи.  Бирин таўса,  бири жоқ, албырадыма я.  Қудай Таалам айнаға қара дедиме,  әйнектиң алдына қойған кишкене айнасына қарады. Өз түринен өзи шоршып кетти. Түринен түр жоқ, шаңғытып кеткен өзимиздиң борпаң жолдай болыпты, сақалы салпайып, тәртипсиз  өсип, көзи гиртийип, хор болғандай жағдайға келипти. Ғарры ток шайнегин ысытып, кесеге ыссы суўды қуйып, сақал-муртын жибитип алып алды. Өзин бираз тәртипке салып, айнаны орнына қояйын деп атырса, анадайдан қатты-қатты жүрип киятырған  сүлдерди шамалады. Ғарры сезди,билди.

-Хаў мениң шырағым  киятырма?,-деп ғарры өзинше гүбирленип апыл -тапыл  далаға атылды.

-Ата ,мен келдим. Меники уят екен, үйдиң иши қайт қыз деп-ақ отыр еди, таң азанда енем түсиме кирип, «ғаррыма қыйын болды, мен бундаман, сен ондасаң», дедиғо ата!! Үйдиң  берекети енем екен ғой,-деп келин егил-тегил жылады.

Қуйрығын былғаңлатып ийтте  мақуллап турғандай сезилди.

Ғаррының тили зордан гүрмелди.

-Келе ғой балам, ендиги үйдиң тәғдири сениң қолыңда! Мине үйиң, жайың. Үйиңе ийелик ет! Аман саў шаранаңды сыртқа шығарғайсан, шырағы ы.м!

                                                                                  Оралхан Сапарова.

Қарақалпақстан хабар агентлиги