Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм жергиликли Кеңеслерге болып өтетуғын сайлаўларға санаўлы күн қалды. Өзбекстан Экологиялық партиясының сайлаў алды үгит-нәсиятлаў илажлары республикамыздың барлық аймақларында қызғын әмелге асырылмақта.

Наўайы мәмлекетлик таў-кән институты Нөкис филиалында өткен усындай илажда партиядан Олий Мажлис, Жоқарғы Кеңес ҳәм жергиликли Кеңеслерге талабанлар, басланғыш партия шөлкемлериниң ўәкиллери, профессор-оқытыўшылар ҳәм студентлер, сайлаўшылар қатнасты.

Илаж даўамында партияның сайлаў алды бағдарламасында белгиленген тийкарғы бағдарлар, атап айтқанда, республикамыздың қурғақшыл аймақларында жасап атырған халық арасында экологиялық машқалалар себепли жүзеге келип атырған кеселликлерди анықлаў, турақлы мониторинг етип барыў ҳәм олардың алдын алыў илажларын көриў ўазыйпалары атап өтилди. Сондай-ақ, қалалардағы турақ жай ҳәм көп қабатлы жайлардың қурылысын мәжбүрий тәртипте жәмийетшилик талқылаўынан өткериў механизмлерин нызамда анық белгилеў, экологиялық “Таза қала” ҳәм “Елатлы пункт”ти жаратыў бойынша мәмлекетлик бағдарламаны қабыл етиў, қум ҳәм дузлы самаллардың қәўипи жоқары болған аймақлардың карталарын ислеп шығыў ҳәм бундай аймақларда мәмлекетлик бағдарлама тийкарында жасыл белбеўлер жаратыўға ерисиў сыяқлы әҳмийетли ўазыйпалар ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Ашық сәўбетлесиў даўамында талабанлар тәрепинен быйылғы сайлаў системасындағы жаңалықлар туўралы мағлыўматлар берилип, партия жумыслары ҳәм басламаларына тийисли үгит-нәсиятлаў қураллары, жаңа бағдарлама орын алған китапшалар, флайерлар тарқатылды.

Илажда қатнасыўшылар да өзлериниң пикир-усынысларын билдирип, қызықтырған сораўларына жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги