Америка Қурама Штатлары елшиханасы Қарақалпақстандағы XII әсирге тийисли Халифа Ережеп мақбарасын қайта тиклеў ушын 80 мың доллар ажыратты.
«Бул әҳмийетли естелик арқалы Қарақалпақстанның бай тарийхы ҳәм мәденияты анық көрсетиледи. Бул Қарақалпақстанның терең дәстүрлери ҳәм әййемги руўхын өзинде сәўлелендиреди» деди елши Хеник зыярат орнына сапары даўамында.
Жуўапкер басшылар, тараў қәнигелери ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллериниң қатнасыўында өткерилген илаж даўамында естелик ҳаққында мағлыўматлар берилип, оның әҳмийети айрықша атап өтилди.
Мағлыўмат ушын, Ережеп қәлпе (Халифа Ережеп) XI – XII әсирлердеги Миздақхан архитектурасы дүрданаларының бири болып есапланады. Археологиялық изертлеўлер Ережеп қәлпе естелигиниң XII – XIII әсирлерде мешит-медресе хызметин атқарғанлығы, ал XIV әсирге келгенде оның мақбараға айландырылғанлығын көрсетти. Оның дәслепки улыўма бийиклиги 16 метр, ени 9 метр болған, үсти 5 метр.
Қарақалпақстан хабар агентлиги