Усы жыл 22-октябрь күни Самарқандта болып өткен Қазақстан ҳәм Өзбекстан ҳүкиметлериниң биргеликтеги аймақлараралық форумында Маңғыстаў ўәлаяты ҳәкими Нурдаулет Қилибай Маңғыстаў ўәлаяты ҳәм Өзбекстан арасындағы саўда-экономикалық қатнасықларды кеңейтиў бойынша бир қатар усыныслар менен шықты.
Атап өткениндей, Қазақстанның Маңғыстаў ўәлаяты ҳәм Өзбекстанның Нөкис қаласын байланыстырыўшы автомобиль жолы қурылып пайдаланыўға тапсырылды.
Нурдаўлет Қилибайдиң айтып өткениндей, Маңғыстаў ўәлаятындағы көтере саўда базарларындағы азық-аўқат өнимлери, палыз, мийўе ҳәм кептирилген мийўелердиң тийкарғы бөлеги Бухара, Самарқанд, Нөкис ҳәм Сырдәрья атызларынан келтириледи. Атап айтқанда, «Тожен» бажыхана посты арқалы күнине 250-300 ге шамалас жүк автомобильлери өтеди, соннан орташа 25-30 и Маңғыстаў ўәлаятына жибериледи. Бул 11 мың тоннаға шамалас өним дегени.
Регионлараралық форумда Маңғыстаў ўәлаяты ҳәкими еки мәмлекет арасындағы саўда қатнасықларын және де раўажландырыў мақсетинде шегаралас аймақта «Хоргос» саўда комплекси үлгисиндеги арнаўлы бажысыз саўда зонасын қурыўды усыныс етти. Саўда-экономикалық зонаның ашылыўы Маңғыстаў ўәлаяты ҳәм Өзбекстан Республикасы арасындағы товар алмасыў көлемин 4 есеге арттыратуғыны айтылды.
Ушырасыў нәтийжелери бойынша Маңғыстаў ўәлаяты ҳәм Қарақалпақстан Республикасы, Бейнеў ҳәм Хөжели районлары ҳәкимлиги арасында бирге ислесиў шәртнамасына қол қойылды.
Мағлыўмат ушын, ҳәзирги күнде Маңғыстаў ўәлаятында Өзбекстанның қатнасыўындағы 140 кәрхана дизимге алынған. 2023-жылдың жуўмағы бойынша ўәлаяттың Өзбекстан менен сыртқы саўда айланысы 13,2 миллион АҚШ долларды қурайды. Өзбекстан Республикасынан импорт етилетуғын товарлардың улыўма товар айланысындағы үлеси дерлик 25 процентин қурайды,-деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги