23-октябрь Чехия Республикасы сыртқы ислер министри Ян Липавский басшылығындағы делегация Жәҳән экономикасы ҳәм дипломатия университетине барды.
Көплеген сиясий экспертлер ҳәм студентлерди жәмлеген илаж алдында ЖЭДУ ректоры Содиқ Сафоев шығып сөйлеп, соңғы жылларда Чехия ҳәм Өзбекстан қатнасығында сезилерли алға жылжыў бақланып атырғанына әҳмийет қаратты.
Биз Бирлескен Миллетлер Шөлкеми ҳәм Европа парламенти шеңберинде бәрқулла бир-биримизди қоллап-қуўатлап келемиз, – деди Олий Мажлис Сенаты баслығының биринши орынбасары. – Мәмлекетлеримиздиң экономиканы жоқарылатыў жолындағы бирге ислесиўи ҳәр қашанғыдан жоқары текшеге көтерилмекте. Бүгинги мийманымыз, мырза Липавский пүткил дүнья мәмлекетлерин қыйнап атырған машқалаларды шешиў ушын сиясий дипломатия ресурсларын үгит-нәсиятлаў ҳәм қоллаў, түрли регион, цивилизация, мәденият ҳәм динлер арасында өз-ара исенимди беккемлеўде оғада белсенди. Биз ҳәзирги процесс даўамлы болыўына үмит етемиз. Қалаберди, көп жылдан берли усынылып киятырған Европа ҳәм орайлық Азияны байланыстырыўшы транспорт жолын жаратыў бағдарындағы улыўма ҳәрекетти және де күшейтиўимиз керек. Бүгин Чехия Республикасы рәсмий дөгерек ўәкиллери менен академиялық ҳәм студентлер алмасыўы бағдарламасын додаладық. Бирге ислесиўге ҳәр еки тәрептиң қызығыўшылығы күшли деп ойлайман.
Ушырасыў даўамында Ян Липавскийдиң геосиясат мәселеси ҳәм еки мәмлекет арасындағы бурынғы қатнасықлар ҳаққындағы баянаты да тыңланды.
Жер жүзиндеги соңғы ўақыялар тийкарында халықаралық нызамлар көп мәрте шетлеп өтилип атырғанына гүўа болып атырмыз, – дейди министр. – Бизге белгили, Өзбекстан Орайлық Азияның жүрегинде жайласқан. Ҳәзирги жағдай мәмлекеттен турақлы сергекликти талап етеди.
Илаж соңында сырт ел делегацияларының ағзалары студентлердиң темаға байланыслы сораўларына толық жуўап берди.
Мусулмон Зиё, Дониёр Ёқубов (видео), ӨзА