Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен «Саўданы раўажландырыў компаниясы» АЖ менен биргеликте экспортёр исбилерменлердиң қатнасыўында ушырасыў шөлкемлестирилди.
Илажда Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығының орынбасары А.Аманбаев, Қарақалпақстан Республикасы Экспорт жумысларын материаллық қоллап-қуўатлаў басқармасының баслығы Р.Жураев, Сыртқы саўдаға көмеклесиў басқармасының баслығы Р.Ташматов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, «Саўданы раўажландырыў компаниясы» АЖ тәрепинен исбилерменлер ушын көрсетилетуғын хызмет түрлери, халықаралық бренд ийелери менен бирге ислесиў, реклама компанияларын дурыс шөлкемлестириў, ислеп шығарылған өнимлерге қарыйдар табыў ҳәм экспорт етиў, финанслық есабатларды халықаралық стандартлар тийкарында жүргизиў ҳәм басқа да исбилерменликке тийисли мәселелер бойынша көплеген мағлыўматлар берилди.
Илаж даўамында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Мағлыўмат ушын, «Саўданы раўажландырыў компаниясы» АЖ тәрепинен экспортёр кәрхана ийелеринен https://subsidiya.epauzb.uz электрон мәнзили арқалы арза қабыл етилип, тийисли тәртипте үйренип шығылады ҳәм белгиленген тәртип-қағыйдалар тийкарында компенсациялар ажыратылып, материаллық жәрдемлер көрсетиледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги