Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы ҳәм аймақлық Кеңеслер депутатлығына болып өтетуғын сайлаўлар алдынан Қарақалпақстан  Республикасында «Адолат» «СДП» белсендилери ҳәм депутатлыққа талабанлар тәрепинен сайлаўалды үгит-нәсиятлаў илажлары алып барылмақта.

Нөкис қаласындағы «Наўрыз» «Нәўбәҳәр» «Жайҳун» «Жипек жолы» ҳәм «Наўқан бағ» мәҳәлле пуқаралары жыйынларында партия белсендилери ҳәм депутатлыққа талабанлардың сайлаўшылар менен жүзбе-жүз ушырасыўлары өткерилди. Шаңарақларда халық пенен ашық сөйлесиўлер алып барылып, партияның бағдарламалық мақсетлери ҳәм депутатлыққа талабанлары ҳаққында толық мағлыўматлар берилди.

Мәҳәллелердеги халыққа партияның ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, майыплығы болған пуқараларға теңдей имканиятлар жаратыў, жаслар сиясаты, шаңарақтың беккемлигин тәмийинлеў шеңбериндеги социаллық басламалары мақул келмекте. Әсиресе, сайлаўалды бағдарламасындағы ҳаял-қызлар ҳәм балалардың өмирин, ҳуқықларын қорғаў мақсетинде «шелтер»леер ашыў басламасы айрықша атап өтилмекте.

Шелтер – бул үйсизлер, сондай-ақ, жынысый зорлық қурбаны болған яки үйде зорлықты бастан кеширген ҳаял-қзлар ҳәм балалар ушын баспана болып, партия тәрепинен оларда зорлыққа ушырағанларға жағдайы жақсыланға шекем билим бериў, керекли медициналық, психологиялық ҳәм басқа жәрдем көрсетиў бойынша илажлар көриў мақсет етилген.

Партия талабанларының усы көзқарасы тийкарында мәҳәллелердеги кең көлемли үгит-нәсият жумыслары әҳмийетли сиясий процесслерде сайлаўшылардың қоллап-қуўатлаўына ерисиў ушын беккем тийкар жаратады.

Д.Абибуллаев

Қарақалпақстан хабар агентлиги