Самарқандта Өзбекстан – Қазақстан төртинши аймақлараралық форумы өткерилди.

Форум жумысында еки мәмлекет ҳүкиметиниң ағзалары, аймақлардың басшылары ҳәм исбилерменлер қатнасты.

Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Арипов ҳәм Қазақстан Республикасының Бас министри О.Бектенов мәмлекетлеримиз басшыларының қызғын қатнасықлары ҳәм ақылға уғрас сыртқы сиясатлары себепли кейинги жылларда мәмлекетлеримиз арасындағы көп әсирлик дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм өз-ара  ҳүрмет принциплерине тийкарланған стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықлары жедел раўажланып, барлық тараўларда унамлы өсиў бақланып атырғанын атап өтти.

Соңғы 7 жыл ишинде Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасында өз-ара саўда айланысы дерлик 2,5 есеге өсип, өткен жылы 4,4 миллиард долларды қурады. Бүгинги күнде  мәмлекетимизде Қазақстан капиталының қатнасыўында 1100ге шамалас, Қазақстанда болса Өзбекстан капиталының қатнасыўында 3600 ден аслам кәрхана  жумыс ислемекте.

Бар резервлерден нәтийжели пайдаланған ҳалда жақын жылларда өз-ара саўда көлемин 100 миллиард долларға жеткериў имканияты бар.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң усы жылдың август айында Қазақстанға әмелге асырған мәмлекетлик сапары шеңберинде улыўма баҳасы 7 миллиард долларлық шәртнама ҳәм келисимлерге қол қойылғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилип, бул ҳүжжетлердиң орынланыўын тәмийинлеўде ҳүкиметлер менен регионлардың басшылары өз-ара биргеликте жумыс алып  барыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Тәреплер Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасындағы узақ мүддетли  шерикликти кеңейтиўде аймақлараралық қатнасықлар хақыйқый ҳәрекетлениўши күш болып хызмет етип атырғанын атап өтти. Соның ишинде, Қарақалпақстан Республикасы Манғыстаў ўәлаяты менен, Ташкент ўәлаяты Түркистан ўәлаяты менен, Наўайы ўәлаяты Қызылорда ўәлаяты менен тиккелей  ҳәм тығыз қатнасықлар орнатқан.














Шегаралас болмаған аймақлар да өз-ара қатнасықларды беккемлеп, саўда-сатық ҳәм санаат кооперация қатнасықларын избе-из раўажландырып келмекте. Атап айтқанда, Ташкент қаласының исбилерменлери Шымкент қаласында турмыслық техника ҳәм инфузион препаратлар ислеп шығарыўды баслады. Самарқандтағы «Azia Metall» компаниясы болса Тараз қаласында  темир өнимин ислеп шығарыў заводын қурмақта. Астанадағы «BI Group» холдинг компаниясы Ташкент қаласында ири қурылыс жойбарларын  әмелге асырып атырған болса, «PTC Holding» компаниясы Ташкент ўәлаятында ири логистика орайын қурмақта.

Ҳүкимет басшылары еки мәмлекет регионлары ҳәм исбилерменлери арасында тиккелей қатнасықларды раўажландырыўға қолайлы шараят жаратыў ҳәм оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўтлаўға таяр екенлигин билдирди.

Мәмлекетлеримиз арасында мәдений-гуманитарлық тараўдағы қатнасықлар да жылдан-жылға кеңейип атырғаны  қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Бул бағдарда турақлы түрде Өзбекстан ҳәм Қазақстанда мәденият күнлери, кино, театр, илимий ҳәм дөретиўшилик топарлар, зыялылар форумлары, оқыў көргизбелери, музей  экспонатларының экспозициялары өткерилмекте. Усы жылдың өзинде Астана қаласында Өзбекстан кино ҳәм көркем өнер күнлери өткерилди. Хийўа қаласында болып өткен «Лазги» екинши халықаралық аяқ ойыны фестивалында Қазақстанның «Қазына» аяқ ойыны ансамбли биринши орынға  ийе болды. Астана қаласында болып өткен бесинши «Дүнья көшпелилер кўчманчилар ойынлары»да Өзбекстан командасы табыслы қатнасып, төртинши орынды  ийеледи.

Тәреплер туризм тараўы мәмлекетлер арасындағы бирге ислесиўдиң перспективалы бағдарларынан бири екенлигин атап өтип, туристлик хызметлерди көрсетиў ҳәм инфраструктураны раўажландырыў бойынша биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў зәрүр екенлигин атап өтти.

Бас министрлер Өзбекстан ҳәм Қазақстанның барлық ўәлаятлары ҳәм қалалары арасындағы өз-ара пайдалы қатнасықларды раўажландырыўға ҳәр тәреплеме жәрдем бериўге таяр екенлигин тастыйықлады.

Форумда аймақлараралық қатнасықларды және де беккемлеў ҳәм раўажландырыў бойынша әҳмийетли усыныслар менен басламалар билдирилди. Мәмлекет басшыларының қатнасыўында өткерилген жоқары дәрежедеги ушырасыўларда ерисилген келисимлерди әмелге асырыў бойынша «Жол картасы» тастыйықланды. Бир қатар министрликлер ҳәм регионлар арасында бирге ислесиўди күшейтиў, биргеликте жойбарларды әмелге асырыў бойынша ҳүжжетлерге қол қойылды.

Аймақлараралық форум шеңберинде Өзбекстан Республикасы инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Қудратов ҳәм Қазақстан Республикасы саўда ҳәм интеграция министри Арман Шаккалиев басшылығында регионлардың басшылары ҳәм 200 ден аслам исбилерменлер, ири компаниялар ўәкиллериниң қатнасыўында Өзбекстан  ҳәм Қазақстан исбилерменлериниң ушырасыўы өткерилди.

Ушырасыўда  еки мәмлекет арасындағы шериклик қатнасықларын регионлараралық  дәрежеде де раўажландырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Онда аўыл хожалығы ҳәм агросанаат тармағы, тоқымашылық өнимлери ҳәм халық тутыныў товарларын ислеп шығарыў, тәжирийбе ҳәм технологиялар алмасыўын перспективалы бағдарлар сыпатында белгиленген. Сырдәрья ўәлаятында өз-ара биргеликте «Орайлық Азия» санаат кооперациясы халықаралық орайының жумысы жолға  қойылып атырғаны исбилерменлерге бул бағдарда үлкен имканиятлар ашатуғыны айрықша атап өтилди.

Сондай-ақ,  төртинши форум алдынан өзбек ҳәм қазақ исбилерменлериниң еки мәмлекеттиң бирге ислесиўши аймақларында болып, өз-ара тәжирийбе алмасқанының нәтийжелери жоқары баҳаланды.

Ушырасыўда еки мәмлекет аймақлары арасында тиккелей бирге ислесиўди беккемлеў, биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў ҳәм таяр өним жеткерип бериў көлемин көбейтиў бойынша сөйлесиўлер  алып барылды ҳәм 30 дан аслам шәртнамаға қол қойылды. Буннан тысқары, еки мәмлекеттиң исбилерменлери өз-ара бирге ислесиў  бойынша келисимлерге еристи.

-Кәрханамыз тәрепинен қазақстанлы бирге ислесиўшилеримизге  полипропилен қалталар жеткерип беремиз, бул бағдарда тығыз қатнасықларды жолға қойғанбыз, – дейди Ферғана ўәлаятындағы «Универсал саўда сақаўаты» ЖШЖ баслығы Акмал Абдужалилов. – Бүгинги ушырасыўда полимер өнимлерин ислеп шығарыў ҳәм қайта ислеў бойынша  1 миллион долларлық меморандумға қол қойдық. Бул жойбар биринши гезекте экологиялық көзқарастан оғада пайдалы, яғный полимер  өнимлердиң қоршаған орталыққа тәсирин азайтыўға хызмет етеди. Екиншиден, шийки заттың көп екенлиги ҳәм қайта ислеў нәтийжесинде жоқары эколномикалық нәтийжелиликке  ерисиледи.

Ғолиб  Ҳасанов, ӨзАның хабаршысы