Бүгин, 23-октябрь күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының елиў тоғызыншы жалпы мәжилиси өз жумысын баслады.
Онда Сенат, ҳүкимет ағзалары, министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллери, Сенат жанындағы Жаслар парламентиниң ағзалары ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнаспақта.
Жалпы мәжилисти Олий Мажлис Сенаты Баслығы Танзила Норбоева алып бармақта. Жалпы мәжилистеги мәселелердиң додаланыў процесин Сенаттың YouTube тармағындағы бети арқалы онлайн бақлап барыўыңыз мүмкин.
Қарақалпақстан хабар агентлиги