Усы жыл 21-октябрь күни Президентимиздиң басшылығында “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеңберинде әмелге асырылған жумыслардың нәтийжелилиги ҳәм келешектеги тийкарғы ўазыйпалар бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилип, бул бағдардағы жумыслар кеңнен додаланған еди.

Мәжилисте быйылғы жылдың бәҳәр айларында 138 миллион түп нәл егилгени, жыл басынан 10 мың гектардан аслам “жасыл белбеў’”, 257 “министрлик” ҳәм “ҳәкимлик” бағлары пайда етилгени атап өтилди. Соның менен бирге, айырым аймақлар терек егиўде режени орынламағаны ҳәм климат өзгешеликлерин есапқа алмастан, суўы жоқ жерлерге терек егилгени ушын мыңлаған түп терек нәллериниң көгермегени сынға алынды.

Ҳәр бир ҳәким, министр, шөлкемге қай жерге, қанша нәл егиўди ийеси, жери, суўы ҳәм қаржысы менен анық белгилеп бериў тапсырылды. Жуўапкер шөлкемлерге  буның орынланыўы қатаң соралатуғыны ҳаққында ескертилди.

– Бүгин ерте таңнан Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги система шөлкемлери тәрепинен “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбарының гүзги мәўсими бойынша Президентимиз тәрепинен белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде нәл егиў жумысларын баслап жиберди,-деп хабар берди министрликтиң баспасөз хызмети.

– “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбарының гүзги мәўсиминде министрлик  системасындағы шөлкемлер тәрепинен 221 мың түп терек нәллериниң егилиўи режелестирилген,-дейди Суў хожалығы министрлиги Киши жойбар секторының баслығы К.Арзымбетов. – Аймақлардың топырақ ҳәм климат шараятына қарап егилетуғын нәллердиң түрлерин бөлистирип атырмыз. Соған бола, 35,9 мың түп тут, 8,1 мың түп жүзим, 72,0 мың түп терек нәллери ҳәм 106 мың түп басқа түрдеги нәллер бөлистирилип, ҳәзирги ўақытта егиў жумыслары баслап жиберилди.

“Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбарының өткен мәўсимлеринде көплеген аймақларда ҳәм мәкеме-шөлкемлерде ғалаба түрде нәл егиў жумыслары басланғаннан кейин, нәл жетиспеўшилиги болған еди. Сонлықтан, өткен бәҳәр мәўсиминде Суў хожалығы министрлиги жуўапкерлерине каналлар ҳәм коллекторлардың әтирапларында нәлханаларды шөлкемлестириў тапсырмасы берилген еди. Усы тапсырма тийкарында Қарақалпақстандағы суў хожалығы мәкемелерине қараслы жерлерде нәлханалар шөлкемлестирилди.

Нәллер резервин жаратыў ҳәм егиў жумысларын шөлкемлестириўде Қарақалпақстан Насос станциялары ҳәм энергетика басқармасы, “Қаттағар-Бозатаў” ҳәм “Қуўаныш жарма” ирригация системасы басқармалары белсене қатнасып атырғанын атап өтиў керек.

Итибарлысы, бәҳәрде қәлемше формасында егилген болса, бүгинлигинде бул нәллер басқа орынларға көширип өткериўге таяр. Әлбетте, жаратылған бундай нәл резерви Суў хожалығы министрлигиниң мәмлекетимизди “Жасыл мәкан”ға айландырыў сыяқлы, үлкен режелериниң орынланыўын тәмийинлеўге хызмет етеди.

Ә.Жийемуратов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги