Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығыныӊ орынбасары Мэлс Қосназаров Германияның «KRANZIGER GmbH» компаниясының директоры, исбилермен Али Танды  қабыл етти.

Ушырасыў даўамында М.Қосназаров Қарақалпақстан Республикасында сырт ел инвесторлары ушын жаратылып атырған жеңилликлер ҳәм преференциялар ҳаққында мағлыўмат берди.

Буннан соң, Али Тан ѳзи басшылық етип атырған компания бойынша толық мағлыўматлар берип, сырт ел мәмлекетлери менен исбилерменлик ҳәм экономикалық байланысларды еле де беккемлеў бойынша пикир-усынысларын билдирди.

Ушырасыў даўамында еки тәреп нәтийжели бирге ислесиў бағдарында пикир-усынысларын билдирип, алдағы исленетуғын жумыслар келисип алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги