21-октябрь – Өзбек тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн

Шоманай районында да 21-октябрь – Өзбек тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн мүнәсибети менен байрам илажлары өткерилди.

Шоманай районы ҳәкимлиги, Республика руўхый-ағартыўшылық орайы районлық бөлими, райондағы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимлери менен биргеликте районлық Мәденият орайында өзбек тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенине 35 жыл толыўы мүнәсибети менен “Қәдириң бәлент болсын, өзбек тилим” атамасында байрам илажы шөлкемлестирилди.

Байрамға район ҳәкими  А.Аметов,  ҳәким орынбасарлары А.Бекмуратов, Т.Қаллықылычова ҳәм мәкеме, кәрхана хызметкерлери қатнасты.

Ушырасыўда район ҳәкими А.Аметов шығып сөйлеп, жыйналғанларды байрам менен қутлықлады.

Шынында да, өзбек тилине мәмлекетлик тил бийлигиниң берилиўи республика аймағында жасаўшы миллет ҳәм халықлардың өз ана тилин қолланыўдан ибарат Конституциялық ҳуқықларын тәмийинлейди.

Илаж көркем өнер ҳәм мәденият хызметкерлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги