21-октябрь – Өзбек тилине Мәмлекетлик тил бийлиги берилгениниң 35 жыллығына бағышланып Қараөзек районында байрам илажы болып өтти.
Оған район басшылары, билимлендириў тараўының хызметкерлери, жаслар ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Онда Қараөзек районы ҳәкиминиң орынбасары Ильич Қосыбаев, районлық Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлиминиң баслығы Аяпберген Қалилаев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, илаж қатнасыўшыларын байрам мүнәсибети менен қызғын қутлықлады.
Кешеде бүгинги күни билимлендириў тараўында жемисли мийнет ислеп атырған тараў пидайыларына район ҳәкимлигиниң Ҳүрмет жарлықлары тапсырылды.
Соңынан илаж қатнасыўшыларына районлық Мәденият бөлими ҳәм балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби оқыўшылары тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы қойып берилип, бул адамларға кеўилли кейпият бағышлады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы