Соңғы ўақытлары Президентимиздиң айрықша итибары менен республикамызда болып атырған унамлы өзгерислер  қатарында «Ақ қуў» комлексиниң миллий қара үй үлгисинде қурып пикерилип, оның Гиннес рекордлар китабына киргизилиўи дүнья жәмийетшилигиниң итибарына түскен жаңалық болған еди. Күни кеше Тахтакөпир районындағы Қаратерең көли бойында жаңадан қурылған, ҳеш жерде уқсасы жоқ миллий колориттеги «Қаратерең» этно-туристлик комплексиниң салтанатлы ашылыў мәресими өткерилгенлиги де халқымыздың миллий мийрасларына, тарийхына деген ҳүкиметимиздиң айрықша итибары екенлигинен дәрек береди. Ҳәр бир халықтың этно тарийхына деген туристлердиң, дүнья жәмийетшилигиниң итибары қаратылып, олардың қызығыўшылығына тийкар болатуғын бундай этномәдений орайлардың республиамызда шөлкемлестирилиўи әлбетте, халқымыз ушын қуўанышлы  ўақыя болмақта. Усы жаңалықлардың изинен бүгин және бир «Қарақалпақ этно аўылы» пайтахтымыздағы Бердақ атындағы   Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейи алдында халқымыздың миллийлигие сай үлгидеги қара үйлер мысалында өз көринисин тапты.

Қарақалпақстан Республикасы «Бердақ» жәмийетлик фонды Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў Жәмийетлик фонды тәрепинен 2024-жылы 1-апрельден 2-майға шекем өткерилген «Жаслардыӊ машқалаларын шешиўге, басламалары ҳәм заманагөй идеяларын алға қойыўға қаратылған жойбарларды қоллап-қуўатлаў» атамасындағы мәмлекетлик грант 1-таӊлаўына «Қарақалпақ этно аўылы» атамасындағы жойбары менен қатнасып жеңимпаз болған еди.

Бүгин усы жойбар тийкарында Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейи алдында «Қарақалпақ этно аўылы»ныӊ салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң  комитет баслығы Т.Романов, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзасы Б.Матмуратов, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы К.Каримов, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының көркем өнер ғайраткери, композитор  Қ.Заретдинов, «Әмиўдәрья» журналының редакторы Х.Дәўлетназаров,  нуранийлер, студент-жаслар ҳәм өнерментлер қатнасты.

Илажда Қарақалпақстан «Бердақ» жәмийетлик фонды директоры, жойбар басшысы Шәригүл Пайзуллаева жыйналғанларға жойбар бойынша толық мағлыўматлар берип өтти. Буннан соң пикирлер билдирилип,  символикалық лента кесилип, этно аўылдың ашылыў мәресими өткерилди.

Илажда атап өтилгениндей бул этно аўылдың шөлкемлестирилиўи тек ғана қарақалпақ халқының миллийлигин, үрп-әдет дәстүрлерин сәўлелендирип қоймастан,  елимизде туристлер ағымының көбейиўине   тийкар болары анық.

“Қарақалпақ этно аўылы”- деп аталған жойбар ата-бабаларымыз жасаған аўыл мысалында исленген. Яғный, XVIII-XIX әсирлерде қарақалпақлардың  турақ жайларының бир түри қара үй – ақ отаў болған. Жойбар барысында музей қасында еки қара үй -отаў тигилип ҳәмме баў -шуўлары менен  безетилди. Отаўдың ишинде  қарақалпақ халқының турмыс тиришилигине байланыслы буйымлар қойылған.

Қарақалпақ отаўы өзиниң дүзилиси, көриниси ҳәм безелиўи менен халқымыздың узақ әсирлик мийрасы екенлигинен дәрек береди. Отаўдың безелиўинде жигирмадан аслам буйымлар ислетилген. Ақбасқур, кызыл басқур, қурлар, ишки ҳәм сыртқы жанбаўлар, есик қас, белқурлар-булардың барлығы да өнерментшиликтиң жетилискен түрлери, ҳаял-қызлардың уқып ҳәм шеберликлеринен дерек береди. Уллы бабаларымыздыӊ Ўатансүйиўшилик ҳәм раўажланыў бойынша бай руўхый-ағартыўшылық мийрасын жаслар санасына сиӊдириў мақсетинде жазылған бул жойбарда  халқымыздың бай ғазийнелери үйрениледи, отаўдың ислениў процеси, материаллары, отаўды қурыў тәртиби ҳақыйқый рәўиште көрсетилген.

Нәтийжеде, Бердақ дәўиринде халқымыздың ең бийбаҳа мүлки, инсан ақыл ойы, уқып ҳәм имканиятларының жемиси болған ақ отаў толық түринде  қәд көтерди.

Бердақ фонды 1998-жылы дүзилип, 2014-жылы қайта дизимнен өтти. Қарақалпақстан Республикасында миллий мәдений, тарийхый мийрасларды үйрениў ҳәм  қайта тиклеў, өтмиште жасап өткен уллы шайыр ҳәм алымлардың мийрасларын үйрениўши жасларға жәрдем бериў, Бердақ дәўирине тийисли тарийхый мийрасларды үйрениўши жасларға қолай шараят жаратып бериў арқалы мәдений, илимий, әдебий бағдарындағы режелерди әмелге асырмақта. Дүзилгенине жигирма бес жыл болған «Бердақ» фонды тәрепинен   «Ҳүрлиман ҳаўазы», «Бердақтың дәстанлық дөретпелери бақсылар лапызында» атамасында  бақсылар таңлаўлары, жасларға Бердақ шығармаларын тереңнен үйретиў мақсетинде  «Бердақ шығармалары жаслар нәзеринде», «Бердақ шығармалары қаҳарманлары художниклер картиналарында», «Шайыр шығармалары жаслар нәзеринде» атамаларында таңлаўлар  өткерилди.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарары менен Бердақ шайырдың  190 жыллығына байланыслы Бердақ фонды тәрепинен «Бердақ дәўириндеги билимлендириў орынлары ҳәм де жер атамалары» атамасында экспедиция шөлкемлестирилди. Экспедицияда Шымбай, Кегейли, Тахтакөпир, Мойнақ районлары аймағындағы Қарақум  ийшан, Ийшан қала- Қум өзек, Ақ қала ,Қабақлы ата, Есеке ахун медреселердиӊ, тарийхый орынлардыӊ өз дәўириндеги әҳимийети ҳәм   атамаларының келип шығыў тарийхы үйренилип, мағлыўматлар жыйналды.  Фондтың «Мәдений мийраслар» программасы болып бунда тийкарынан талантлы жаслар қоллап-қуўатланып Республикаға белгили жазыўшы, шайырлар менен ушырасыўлар өткерилип барылады.

Тарийхымыздың терең тамырлары болған миллий мийраслар, тарийхый естеликлер ҳаққында мағлыўматлар берилип барылады. Бердақ фонды тәрепинен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы мәмлекетлик емес, коммерциялық емес шөлкемлер менен пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап қуўатлаў жәмийетлик қоры тәрепинен жәрияланған грант шеӊберинде «Қарақалпақстан» баспасынан 2013-жылы «Бердақ миллий мәдениятимиз байтереги», 2015-жылы «Бердақ дәўириндеги қорған қалалар»,          2016-жыл «Музейлер мың жыллық тарийхты толғайды», 2018-жылы Ҳәким ата Сулайман Бақырғанийдиң «Ҳикметлер, дәстанлары», 2019-жылы «Тарийхта даңқ таратқан қызлар» 2021-жылы Бердақ атындағы Карақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейи фондында сақланған XIX әсирде жасап өткен, 28 жасында Венгер алымы Г.Вамберий менен Венгрияға кетип қайтып келмеген шайыр Ысақ молланыӊ қол жазбалары тийкарында “Даӊқынды йазарман Жайҳун” атамасындағы китаплар шығарылып, халыққа усынылды.     Бердақ фонды қарақалпақ халқының миллий мийрасларын, мәдений-мәнаўий байлықларын узақ әсирлерден берли жасап киятырған тарийхый естеликлерин кең жәмийетшиликтиң әсиресе, жаслардың санасына  сиңдирип, инсаныйлық қәдириятларды сақлаўды мақсет еткен.

-Музей жанынан Қарақалпақ этно аўылының шөлкемлестирилиўи тарийхымызды, ата-бабаларымыздың үй руўзыгершилик буйымларын жасларға таныстырып барыў ҳәм миллийлигимизди қәдирлеп-қәстерлеп келешек әўладқа жеткериў болып есапланады. Бул жерге келген ҳәр бир мийман халықымыздың тарийхын аз да болса олардың тутынған буйымлары ҳәм миллий қара үй мысалында көрип танысыў имканиятына ийе болады,-дейди музей хызметкери Р.Арзиев.

Қарақалпақ халқының үрп-әдет дәстүрлери болған «Бет ашар», « Ҳәййиў» сондай-ақ, бақсылардың атқарыўындағы миллий қосықлар менен даўам еткен концерт бағдарламасы қара үйлер алдында халқымыздың ҳақыйқый тойына уласып кетти. Бул гөззал көриниске өнерментлердиң қол өнерлери ҳәм  художниклердиң картиналары  менен  қара үйди безеп турған ата-бабаларымыздың тутынған үй руўзыгершилик буйымлары өзгеше заўық бағышлады.

Г.Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги