(новелла)

Қәдирбай өмир бойы саўда менен шуғылланды. Усы саўданың арқасында мал-дүньялы болып, көзине май пите баслады. Адамларды да алалап қатнасатуғын болды. Оның саўда ислериниң тийкарғы бөлеги шеңгекте гөш сатыў болып есапланатуғын еди. Өзи дәслепки жыллары қассапшылық етип, малды өз сойып, бөлеклеп, өзиниң жеке меншик гөш сатыў дүканында сатып жүрди. Қарыйдары көп еди. Адамлар гөшти мақтап-мақтап сатып алар еди. Соң оның денесин сумлық бийлеп, пулдың дәмин татып килодан урып қалатуғын әдетти шығарды. «Аз-аздан түкирсең көл болар» дегениндей ҳәр килодан граммлап жеп-ақ, нобай дәрамат топлай баслады. Енди оның саўда шақапшалары кеңейип, қаланың үш-төрт жеринен гөш дүканларын ашты. Балларына да тәрезиден жырып жеўди үйретти. Ҳаялы менен қызына базар орайынан кийим-кеншек пенен азық аўқат дүканын ашып берди.  Ҳәр баласының астында жаңа машина.

«Қасқалдаққа бир ағары май питсе, Ғаңқылдасып қонар көлин танымас…»,-дегениндей Қәдирбай маңлайына питкен бағы-дәўлетти көтере алмады. Жетим-жесирге қол созып, жәрдем бериўди садақа тарқатыўды да билмеди,

-Нанын таба алмай, еплеп күн көрип отырған көрмедиклерге беретуғын қызым жоқ,-деп өз сүйгенине турмысқа шыққан қызын да қудаларын менсинбей қайтып алып келди. Әкеси қараўыл, анасы сипсекеш болып ислейтуғын келинине бермеген азабы қалмады.

-Қойың, келинди өйтип азаплай бермең,-деген жигит ағасының гәпин мисе тутпай, оның менен бир дастурхан әтирапында отырыўды еп көрмеди. Қайын атасынан кемситилген гәп-сөзлерди есите берип,  бар дәртин ишине жутқан келиншек майып перзентти дүньяға келтирди.

-Апарып таслаң! Көзиме көрсетпең! Әзелден тойып тамақ жемеген, көрмедиктиң баласы майып болып туўылады да! –деп оқыранды ол.

Қундақтағы нәрестесин қушақлап «бизлерди үйден қуўмаң, атажан»,-деп жылаған келининиң көз жасына қарап та отырмады. Баласы да әкесине өз гәпин өткере алмады. Қайтама оған келинине қосып үйден шығып кетиўин буйырды. Негизинде халықтың ҳақысын тәрезиден жырып жеген гүналары өзине урмай, кишкене нәрестеге урып атырғанын Қәдирбай қыялына да келтирмеди. «Кетсин, кеткен келин, келген дәўлет болсын», еле мен-мен деген деген жерлер менен қуда боламан деди,  ол қампайған қарнын сыйпап турып.

Ең терең деген теңиздиң де түби, ең узақ деген жолдың да ақыры болғаны сыяқлы ҳәр қандай истиң ақыры, қыянеттиң ақыбети болады. «Менменликтиң заўалы бар», дегенғой ата-баба. Өзи менен зәңгилес жора-жолдасларының үйлерине барып, ҳаялы екеўи жаңадан келин алыўды ғамластырыў жүргенде Қәдирбай қатты наўқасланды. Бала-шағасы менен аўқатланып отырғанында бирден оның тамағынан аўқат өтпей қалды. Бул жағдай онда рак кеселлигиниң басланып атырғанлығының дәслепки белгиси еди.

Ол ең соңғы мәнзилге кетип баратыр. Намаз жайда бир топар адамлардың қол ушында кетип баратырған марҳумның артынан екеў-ара сөйлескенлердиң сөзлери еситилип турар еди.

-Кимсең, Қәдир едиң, не болдың. Менменлигиң басыңа бәле болды.

-Тәрезиден жырып жеген негизинде аўыр гүнә ғой. Бир мәрте еки кило гөш алып едим,  кемис шықты. Апарып берсем аўзына келгенин сөйледи оңбағыр.

-Қойың, гүнасын көтермең. Марҳумның изинен жаман сөзлерди айтыў жақсы ис емес. Ким бул дүньяда не ислесе, ақыретте өзи жуўабын береди. Алла алдынан жарылқасын…

Г.Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги