(новелла)
Сабыр ата кемпиринен қалған гөне бешпентти үш жылдан берли елеге шекем өзиниң ханасына қыстырып қойыпты. Күннен-күнге өз үйине өзи сыймай баратырған ғарры ушын усы бешпент ең бийбаҳа байлық, қәдирли буйым. Анасы келинине миллий нағыс түсирип, тигип берген усы бешпент нешше жыл кийсе де еле өз көринисин жойытпаған. Аппақ, суп-сулыў, узын бойлы, кең қушақлы, гөззал қыздың жыллар өтип, бүкшейген кемпир болғанлығы, жыллар бойы көрген мийнетлери, перзентлериниң бийдәўлетлиги ақыбетинде бийдаўа дәртти арттырып, төсек тартып жатырғанлары ҳәр күни ғаррының көз алдынан кино лентасындай болып өтеди. Әттең, не шара. Мына ғаррылық жеңип, аўырып төсек тартып жатырған кемпирине жәрдем бере алмағанына өкинип, ойларға батады.
Сабыр әкеси Айбай сейистиң изине ерип, он үш жасында аттың қулағында ойнайтуғындай дәрежедеги шабандоз болды. Дәслеп аўылдағы ат байрақларға шығып жүрген баланы әкеси соңын ала қайсы елатқа тойға шақырса соған апарып, жарысқа қосатуғын болды. Ат бәйгиде бәрқулла бириншиликти алатуғын бала байраққа алған қой, бота, сыйырлары менен көпке бармай қораны толтырып таслады. «Тил көзден аман болғай балам» деп тилек тилеп отыратуғын анасы оның жарысларға түсиўине бәрқулла қарсылығын билдиретуғын еди.
-Қой кемпир, баланың алдын кеспе. Алла өзи қоллап турса, ҳеш нәрсе қылмайды. Бул балаға әкемниң жолын берген екен, тек ғана ақ пәтиямызды берип отырайық. Қудақәлесе ҳеш нәрсе қылмайды,-деп Айтбай сейис ҳаялына бақырып, ҳәм жақсы сөз бенен жубататуғын еди. Усындай жарыслардың биринде ат оммақазан атып жығылып, Сабырды ат сүйреп кетеди. Бираз жерге шекем аттың зәңгисинен аяғын ала алмаған бала, зорға дегенде бул кеўилсизликтен қутылады. Усы ўақыядан соң ол жамбас сүйегинен зақымланып, көп ўақытқа шекем үйинде төсек тартып жатып қалады.
-Әне айттымғо саған. Усы баланы тил-көз урады деп. Қояғой дедим, тыңламадың. Мине енди, балам бир өмирге майып болып қалды,-деп ҳаялы Айтбай сейиске жылап-сықлап айтқанында:
-Ҳеш нәрсе қылмайды. Қуда қәлесе жақсы болып кетеди. «Ат жығылсаң жалын төсейди, ешек жығылсаң туяған төсейди», деген гәп барғо. Жығылса өзимиздиң ақ қасқадан жығылды. Сол ўақыядан аттың өзи де жарақат алып, қыйналып атыр. Ат жақсы болып орнынан турған гезинде, Сабыр да орнынан турады. Мени айтты дерсең. Өзи ҳәр бир шабандоздың басындағы бар жағдай бул,-деди . Бирақ ҳаялына усылай айтқаны менен Айтбайдың өзи де ишинен қыйналып турған еди. Тек те сыртқа шығарып билдирмей, өзин мәртлерше тутты.
Усы жатыстан Сабыр алты ай төсек тартып жатты. Қоңсы аўылдағы Шәрибай тәўиптиң емин алғаннан соң баланың бети берман қарап, ҳәрекетке келе баслады. Аяққа турды. Бирақ аяғын сәл силкип басатуғын болды.
Жыллар өтти. Сабыр жигит болып, оқыйман деп пайтахтқа кетермен болып жүрген гезлери қоңсы аўылға бир тойға барады. Ат шабыс, қораз урыстырмақ, қошқар дүгистириў, арқан тартыс киби халқымыздың миллий ойынлары менен қызықлы болып өтип атырған той тамашалары ҳәр бир мийманға өзгеше қуўаныш бағышлар еди. Ат шабысқа қоңсы республикалардан, ўәлаятлардан да шабандозлар келген екен. Атлардың үркип-киснеген, шабандозлардың қыйқыўласқан даўысларын еситкен Сабырдың арқасы қозып, бәйгиге түскиси келди. Усы ўақытта барлық жарысларда жолдасы болып, бириншиликти алып берген ала торысын кеўли күсеп, оның сол жығылғанында орнынан тура алмай ақыры пышаққа түсип кеткенлигине өкинди.
-Қой жора, мына жағдайда қалай жарысқа түсесең. Ақ қасқаң болғанда да бул ўақытқа шекем олда бәйгиге жарамай қалар еди. Ақыры арадан алты жылдай ўақыт өтип кеттиғо,-деген аўыллас жорасы Бегдиярдың айтқан сөзлери оның қулағына кирип те шықпады. Тап усы гезде инисиниң Сары туяқты минип киятырғанына көзи түсе кетти.
-Әжаға сизге болмайдығо. Ағам маған зорға рухсат берип жиберди. Менде не қылсам екен деп ойланып киятыр едим. Анам болса мениң тойға кеткенимди билмейди ,-деди аттың жүўенин бергиси келмей турған иниси оған қарай.
Узын гәптиң қысқасы Сабырдың шыдамы таўсылып, бәйгиге Сары туяқты қосады. Улы шуў, қым-қуўытта ала геўгимге шекем даўам еткен ылақ ойында кими аттан жығылып, кимиси арпалысқан топтың арасында қалып, бәри ылақты биринши алып келип, той ийесиниң алдына таслаўға ҳәрекет етип атыр. Көбиси ойыннан шығып та қалып атыр. Бирақ маңлайынан аққан ашшы тери көзине келип қуйылып атырған Сабыр ылақ ойынды сағынғанлықтан ба қарысласларынан ылақты гә де жулып алып, гә де майып аяғын зәңзиге тиреп турып жерден қақшып алып алдыға қарай атты өрлетип киятыр. Арадан көп ўақыт өтпей-ақ, күни менен «я Алла өзиң қоллайгөр» деп тилек тилеп турған жорасы менен иниси «Оооо бәрекелла» деп бақырып жиберди. Аўылласлары да оларға қосылып шуўласып бақырысты. Сабыр усы ўақытта қолына илинген ылақты ҳеш кимге алдырмастан той ийесиниң алдына әкелип таслаған екен.
Усы той себепли ол өзиниң өмирлик жолдасы, гөззал Сулыўханын ушыратты. Ол той ийесиниң қызы Сулыўханды жақсы көретуғынлығын анасына айтып, оған жаўшы жиберип, тойлар берип, өмир жолын усы қыз бенен байлады. Бас байраққа өмирлик жолдасын утып алғандай болып мәзи майрам болып жүрген ол жүдә бахытлы еди.
Өмир бир тегис емесғой. Ата-анасының өлими жолы менен болғаны менен изли-изинен көз жумған перзентлериниң өлими оларды түскинликке түсирип таслады. Қырық жастан соң ғана туўылған перзентлериниң жасап кеткенлигине қуўанып олар әлпешлеп, еркелетип өсирди. Не айтса айтқанын ислеп, бетине жел болып келмеди. «Перзент атадан бес батпан кем туўылады» дегениндей, еркелеп өскен уллары менен қызлары олардың кеўлиндегидей болып шықпады. Аўыл мийнетинен қоллары қабарып жасаған Сабыр перзентлерин ҳеш кимнен кем етип өсирмеди. Бара-бара атадан мийрас болып қалған ат сейислик өнерин баллары қолынан алып, үйрениўге қызығыўшылығы болмағанлықтан ҳал-дәрманнан қалып баратырған оған аўырлық етти.
-Эҳ, жаслық. Қәне енди және бир мәрте сол алтын дәўирлерим қайта айланып келсе екен дейди ол,-қуяшламаға шығып отырып ойларға талып. Кемпириниң де аўырыўлы болып жатаққа жатып қалғанлығы оған аўыр батты.
Сабыр ғарры қолынан келгенинше кемпирине ғамқорлық етип, оны емлеткен болды. Жатаққа жатқан анасын бағыўға қыйналып бири-бири менен ийтли-пышық болатуғын ул-қызларын көрип отырып, ол берген тәрбиясының босаңлаў болғанына өкинер еди.
Күни жетип кемпири Сулыўханды келмес мәнзилге узатып салды. Мына жүзик меники, мына билезикти мен әпердим, жемпирди мен аламан деп таласып атырған қызларын көрген ғарры жайында илиўли турған гөне бешпентке нәзер таслады. Кемпир апасының мийнети сиңип, оны қәдирлеп кийген анасының бул бешпентине қызыққан қыз болмады. Гөнетозлаў бул бешпентти ғарры әсте ақырынық пенен алды да бир ийискеп, және орнына илдирип қойды.
Ол ғамлы ойлары менен жерге шөгиўи менен ойлана кетти. Ғаррының бул дәртли ойланыўына қызықсынып, итибар берген адам болмады. Ол аўырып жатырған кемпириниң қулағынан шешип алынған сырғаны ким усыншелли дәрежеге барды екен деп ойларға шүмип отырған еди. Тәрбияның қайсы жеринде алжасқанлығын ойлады. Ол перзентлерине кеш болса да мийрим, инсап тиледи…
Г.Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги