Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов Никарагуаның Өзбекстандағы жаңадан тайынланған Елшиси Татяна Даниела Гарсия Силваны қабыллады.

«Никарагуаның Өзбекстандағы жаңадан тайынланған ҳәм биринши Елшиси Татяна Даниела Гарсия Силва ханым менен ушырастық,-деп жазды Өзбекстан СИМ басшысы өзиниң телеграм каналында. – Еки тәреплеме қатнасықларымызда пайдаланылмай атырған үлкен имканиятларды үйрениў механизмлерин додаладық. Сыртқы ислер министрликлери байланысларымызда, әсиресе, экономикалық жақтан анық нәтийжелерге ерисиўде локомотив ўазыйпасын атқарыўы керек. Елши ханымға мәмлекетимиздеги жумысы даўамында табыслар тилеймиз.

Қарақалпақстан хабар агентлиги