Имам Термизий туўылғанының 1200 жыллығына
Термизде «Имам Термизий илимий мийрасының ислам цивилизациясында тутқан орны» темасына бағышланған халықаралық илимий-әмелий конференция болып өтпекте.
Әнжуман Қуран оқыў менен басланды.
Мәмлекетимиз басшысының конференция қатнасыўшыларына жоллаған қутлықлаўын Президент кеңесгөйи Хайриддин Султонов оқып еситтирди.
Конференция Президентимиздиң 2024-жыл 15- августтағы «Имам Термизий туўылғанының 1200 жыллығын кеңнен белгилеў ҳаққында»ғы қарарының орынланыўы шеңберинде Өзбекстан Республикасы Дин ислери бойынша комитети, Сурхандәрья ўәлаяты ҳәкимлиги, Өзбекстан мусылманлары мәкемеси, Сыртқы ислер министрлиги, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги, Имам Термизий халықаралық илимий-изертлеў орайы, Өзбекстан халықаралық ислам академиясы менен биргеликте өткерилмекте.
Еки күн даўам ететуғын илажда дүньяның онға шамалас мәмлекетинен дин ғайраткерлери, арнаўлы билимлендириў мәкемелериниң илимпазлары, муфтийлер ҳәм белгили уламалар қатнаспақта.
Халықаралық әнжуманның жалпы мәжилисинде Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйи Музаффар Комилов, Сурхандәрья ўәлаяты ҳәкими Улуғбек Қосимов, Өзбекстан Республикасы Дин ислери бойынша комитети баслығы Содиқ Тошбоев, Өзбекстан мусылманлары мәкемеси баслығы, муфтий Шайх Нуриддин Холиқназар, Халықаралық мусылман уламалар кеңеси баслығы Али Муҳиддин Қорадоғий (Түркия Республикасы), Пүткил жер жүзилик фатво коллегиялары бас хаткери, Египет Араб Республикасы муфтийи Назир Муҳаммад Айёд, Ҳиндстан Уламалар басқармасы баслығы Аршад Маданий, Ислам раўажланыў институты директоры, профессор, доктор Меҳмет Гўрмез (Түркия Республикасы) ҳәм басқа илимпаз, уламалар шығып сөйлеп арнаўлы әнжуман қатнасыўшыларын қутлықлады. Өз дәўиринде муқаддес ислам дининиң раўажланыўына мүнәсип үлес қосқан уллы алымларымыздың өмирин ҳәм илимий жумысын үйренип, изертлеў жолында мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған ийгиликли жумыслар ҳәм дүнья мүлкине айланған дөретпелериниң мазмун мәниси ҳаққында сөз етилди.
Жалпы мәжилисте, сондай-ақ, Имам Термизий ҳәм термизий илимпазларының илимий мийрасын кең жәмийетшиликке жеткериўге қаратылған үгит-нәсиятаў жумысы ҳәм методикаларын заман талапларына сәйкес түрде раўажландырып барыў, үгит-нәсиятлаўдың жаңа методлары ҳәм қуралларынан кеңнен пайдаланыў бойынша тәжирийбе алмасты. Ислам дининиң раўажланыўына, Ислам цивилизациясының раўажланыўына үлкен үлес қосқан Имам Термизий ҳәм термизий илимпазларының дүнья көлеминде әҳмийетке ийе диний-ағартыўшылық мийрасын үйрениўге бағышланған изертлеўлердиң нәтийжелери улыўмаластырылып, олардың гезектеги басқышында әҳмийетли орын тутып атырған ўазыйпалар белгилеп алынды. Муқаддес ислам дининиң тийкарғы идеялары менен мақсетлерин қәте айтып, оларды бузғыншы мақсетлерге шақырыў жолы менен жаслардың санасын ҳәм дүньяқарасын зәҳәрлеўге ҳәрекет етип атырған ағымларға қарсы ислам уламалары, диний ҳәм илимий-изертлеў шөлкемлериниң жумысын бирлестириўге, уллы бабаларымыздың руўхый мийрасын тереңнен үйрениў тийкарында жаслардың санасында дүньяға саламат көзқарасты қәлиплестириў, оларды әзелий қәдириятларға садықлық руўхында тәрбиялаў мәселелерине итибар қаратылды.
-Усы халықаралық әнжуман себепли мусылман дүньясының алты уллы муҳаддис илимпазларынан екеўи –Имам Бухарий ҳәм Имам Термизийдиң туўылған ҳәм жерленген жер – Өзбекстанға келип, олардың муқаддес орынларын зыярат етиўимди несип еткен Аллаға шүкирлер айтаман, -дейди Египет Араб Республикасы муфтийи Назир Муҳаммад Айёд. – Бул халықаралық әнжуманды шөлкемлестирип, бизлерди оған мирәт еткен Өзбекстан Республикасы администрациясына, атап айтқанда, Президент мырза Шавкат Мирзиёевқа өзимниң қызғын миннетдаршылығымды билдиремен. Арнаўлы халықаралық әнжуман ислам дүньясы ҳәдистаныўшылық тараўында жаңа басқышты ашып берип, Имам Термизий ҳәм термизий илимпазларының илимий мийрасын терең үйрениўде әҳмийетли баслы бағдар болатуғынына исенемен.
Әнжуман сектор мәжилислери менен даўам етти.
Имам Термизий халықаралық илимий-изертлеў орайында «Имам Термизий- ислам цивилизациясы тарийхында мүнәсип алдыңғы адам» мәселесине бағышланған сектор мәжилисинде жергиликли ҳәм сырт елли исламтаныўшы илимпаз ҳәм илимий изертлеўшилердиң баянатларын тыңлады.
“Termiz Palace” мийманханасында болып өткен «Ҳәким Термизийдиң илимий мийрасы ҳәм бүгинги жәмийет» мәселесине бағышланған сектор мәжилиси қатнасыўшылары уллы алым дөретпелериниң изертлениўине бағышланған қызықлы баянатларын усынды.
“Zoom” платформасы арқалы онлайн шөлкемлестирилген «Термизий илимпазларының илимий мийрасын үйрениў» мәселелерине бағышланған сектор мәжилисинде де мәмлекетимиз ҳәм сырт елли илимпазлар, илимий изертлеўшилер өз баянатлары менен қатнасты.
Баянатлар Термиз ҳәдис мектеби, Имам Термизийдиң өмири ҳәм илимий мийрасы, Имам Термизийдиң ҳәдис илиминиң раўажланыўында тутқан орны, Имам Термизийдиң «Сунани Термизий» дөретпесиниң өзине тән тәреплери, Ҳәким Термизийдиң өмири ҳәм илимий мийрасы, Ҳәким Термизийдиң ҳәдис илиминдеги тутқан орны, Термизий илимпазлардың илимий мийрасы ҳәм олардың ҳәзирги күндеги әҳмийети сыяқлы көплеген темалардағы әҳмийетли баянатлар қатнасыўшыларда үлкен қызығыўшылық оятты. Пикир- усыныслар билдирилди.
Халықаралық конференция қатнасыўшылары Президент Шавкат Мирзиёевқа мүрәжат жоллады. Термиз декларациясы қабыл етилди.
«Имам Термизий илимий мийрасының ислам цивилизациясында тутқан орны» темасына бағышланған халықаралық илимий-әмелий әнжуман даўам етпекте.
ӨзА