Кадастр агентлиги ҳәм Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармалары ҳәм Республика Аэрогеоздезия орайы Қарақалпақстан Республикасы бөлими менен бирге 21-октябрь “Өзбек тили байрамы” күни мүнәсибети менен “Ана тилим – мақтанышым!” сүрени астында “Китап марафоны” илажларын шөлкемлестирди.

Марафон даўамында кадастр тараўында жумыс ислеўши жаслар арасында китап оқыўды шөлкемлестириў ҳәм китапқумарлықты раўажландырыў бойынша үгит-нәсият илажлары алып барылды.

Нөкис қаласында жайласқан «Ҳаял-қызлар» мүриўбет үйине әдебий шығармалар, сырт ел әдебияты ҳәм жергиликли жазыўшылардың китаплары саўға етилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги