Газета халықтың айнасы. Интернет тармақлары жедел раўажланбастан бурын халық газета менен тығыз байланыста болып, көплеген хабарларды усы басылымлар арқалы билип отырды. Ҳәзирги болған ўақыяны сол ўақыттың өзинде социал тармақлар арқалы билиў мүмкиншилиги болса да, тараўлардан хабарлар, жаңалықлар, дәўир қаҳарманларын жарытыўда өз стилине ийе болған газеталар бүгин де халық пенен бирге.
Елимиздеги басылымлар арасында “Ишонч” газетасы Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының тараўлық газетасы болып, бир неше жыллардан берли тараў жаңалықларын жеткериўде өз ўазыйпасын атқарып келмекте. Гүз паслының әжайып күнлериниң биринде газетаның дөретиўшилик жәмәәти республикамызда мийманда болып, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Республикасы кеңесинде өткерилген дөретиўшилик кешеде қатнасты. Илажда “Ishonch” ҳәм “Ishonch-Доверие” газеталары редакцияларының ўәкиллери, газетаның бас редакторының биринши орынбасары Анвар Қулмуродов, бөлим баслығы Салим Абдурахмоновлар қатнасып, кәсиплик аўқамы хызметкерлери менен ушырасты.
Кешеде Анвар Қулмуродов редакция тәрепинен алып барылып атырған жумыслар, басылымның алдағы ўақытлардағы режелери ҳәм бүгинги күнде газета оқыўшыларын қандай темадағы мақалалар қызықтыратуғыны ҳаққында сөз етти. Соң Өзбекстан билимлендириў ҳәм илимий хызметкерлер кәсиплик аўқамлары Республика кеңесиниң баслығы Равшан Бедилов, кәсиплик аўқамы баслығының орынбасары Мурат Данияровлар газета бетлеринен орын алып атырған ҳәр түрли жанрдағы мақалалардың мазмун-мәниси ҳәм олардың газета оқыўшыларының талғамына сай ҳәм мазмунлы тәреплери ҳаққында өз пикирлерин билдирди.
-Мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформаларды тез ҳәм ашық айдын кең жәмийетшиликке жеткерип бериўде ғалаба хабар қуралларының орны айрықша ҳәм газета-журналлар да усы бағдарда хызмет етпекте. Бүгинги күнде “Ishonch” ҳәм “Ishonch-Доверие” газеталары соңғы гезлери заманагөй көринисте жаңа дизайнда, тартымлы мақалалары менен газета оқыўшыларының дийдинен шығып келмекте. Сондай-ақ, миллий контентти жаратыў мақсетинде Ishohch.uz сайты жолға қойылған. Телеграммдағы Ishohch.uz рәсмий хабарлар каналының ағзалары саны 30 000, ютуб каналы платформасындағылардың саны да 30 000 нан аслам болып, фейсбук ҳәм инстаграмм тармақларында да өз бетлерине ийе. Булардың барлығы миллий контентти жаратыўға қаратылған сиясатты қоллап-қуўатлаў, оған өзиниң мүнәсип үлесин қосыўдан ибарат. Қалаберди, газетаның жақсы ҳәм сапалы болып шығыўында газета оқыўшыларының пикир -усыныслары да жүдә әҳмийетли,-дейди А.Қулмуратов.
Илажда шығып сөйлеўшилер газетаның мазмунлы ҳәм тартымлы болып шығыўы ушын өз пикирлерин билдириўи менен бирге алдағы ўақытларда машқалаларды жарытып баратуғын мақалаларды да көбирек берип барыўды, сондай-ақ, Жаңа Мийнет кодекси бойынша аналитикалық мақалалар берилип барылса мақсетке муўапық болатуғынлығы ҳаққында айтып өтти.
Ушырасыў кешеси пикирлер, усыныслар, сораў-жуўаплар менен даўам етти.
Г.Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги