Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери, Беруний атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, филология илимлериниң докторы, профессор Сарыгүл Баҳадырованың туўылғанына 80 жыл толыўына арналған «Қарақалпақ фольклоры ҳәм әдебиятын дүньяға танытқан илимпаз» атамасындағы республикалық илимий-әмелий конференция болып өтти,-деп мәлимлеме береди НМПИ баспасөз хаткери И.Мәтеков.
Конференцияда институттың илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректоры Рахат Ешмуратов шығып сөйлеп, устаз С.Баҳадырованы юбилей жасы менен қутлықлап, әдебиятымыздың жанкүйер пидайыларының бири екенлигин атап өтип,оның өмири ҳәм дөретиўшилик мийнетлерине тоқтап өтти.
Конференцияда филология илимлериниң докторы, профессор Зыяда Бекбергенова, институттың қарақалпақ әдебияты кафедрасы доценти Мария Бекбергенова, қарақалпақ тили кафедрасының доценти Алима Пирниязова, өзбек әдебияты кафедрасының доценти Нодира Алламбергеновалар профессор Сарыгүл Баҳадырованың өмири, дөретиўшилиги, көркем прозасы, оның шығармаларында ҳаял-қызлар лексемасы, фольклортаныўшылық мийнетлери ҳаққында баянатлар жасады.
Атап өтилгениндей, Сарыгүл Баҳадырова 1944-жылы Қараөзек районында дүньяға келген. Аўылдағы орта мектепти питкерип, дәслеп сол ўақыттағы Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтында, соңынан Ташкент қаласында Өзбекстан Илимлер Академиясының аспирантурасында оқыды. 1970-жылы «Ҳәзирги қарақалпақ гүрриңлери» темасында кандидатлық диссертациясын қорғады. Сол жыллардан баслап ол Өзбекстан Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң Нәжим Дәўқараев атындағы Тил ҳәм әдебият институтында илимий хызметкер, соңынан бөлим баслығы лаўазымларында жумыс иследи.
Ол 1985-жылы «Фольклор ҳәм қарақалпақ совет прозасы» темасында докторлық диссертациясын қорғады. 1991-жылдан 2009-жылға шекем Нәжим Дәўқараев атындағы Тил ҳәм әдебият институтының директоры лаўазымында жемисли мийнет етти. Сарыгүл Баҳадырова 1997-жыл сентябрь айында Нөкис қаласында қарақалпақ халқының дүньяға белгили «Қырық қыз» дәстаны бойынша халықаралық конференциясын өткериў басламасын көтерди ҳәм оның шөлкемлестириўшиси болды. Ол 1996-жылдан баслап Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы есапланады.
Сарыгүл Баҳадырова тек ғана илим менен шуғылланып қоймастан, әдебий дөретиўшиликте де өз алдына мектеп жарата алған ҳаял-қызлардың бири. Оның «Ҳаяллар», «Өмир сабағы», «Тәғдир», «Кешиккен солдат», «Тумарис» повесть ҳәм романлары, сондай-ақ, «Анама хат», «Бала – белдиң димары», «Ағайин» ҳәм т.б. гүрриңлери халқымыз арасында сүйип оқылатуғын шығармалар болып табылады. Ол Қарақалпақстан Жаслар аўқамы сыйлығының лауреаты.
Оның «Роман ҳәм дәўир», «Фольклор ҳәм қарақалпақ совет прозасы», «Китабы дедем Қорқыт», «Қоблан», «Едиге» ҳәм «Ҳәзирги әдебият ҳаққында ойлар», «Қарақалпақ қандай халық» атамасындағы илимий мийнетлери әдебиятымызда оғада үлкен қунлылыққа ийе.
Сондай-ақ, Сарыгүл Баҳадырова қарақалпақ фольклорының 100 томлығын баспаға таярлаўда ҳәм оның жарық көриўинде аянбай мийнет еткен әдебиятымыздың пидайысы есапланады.
Оның усындай хызметлери мәмлекетимиз ҳәм ҳүкиметимиз тәрепинен мүнәсип баҳаланып, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери ҳүрметли атағы берилди. Соның менен бирге, Өзбекстан Республикасы Беруний атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты болды.
Сондай-ақ, илажда профессордың шәкиртлери, бирге ислесип атырған кәсиплеслери, ағайин-туўысқанлары да сөзге шығып, Сарыгүл апаның пидәкерлик хызметлери ҳаққында мағлыўматлар берди.
Конференция институттың талантлы студентлериниң атқарыўындағы көркем-әдебий бөлим менен даўам етти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги