Бүгин Елликқала районындағы «Хулкарай-Жавохир» фермер хожалығында Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Елликқала районлық бөлими ҳәм шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими менен биргеликте 15-октябрь «Аўыл ҳаяллары күни» мүнәсибети менен руўхый ағартыўшылық илаж болып өтти. Илажға район ҳәкиминиң орынбасары, шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлиминиң баслығы А.Юлдашева, Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Елликқала районлық бөлиминиң баслығы А.Матниязова, райондағы мәҳәлле белсендилери, мәҳәлле ҳаяллары қатнасты.
Илаж шөлкемлестириўшилери елимиз қырманына үлес қосып атырған ҳаял-қызларға ҳармасын айтып, оларды сәне мүнәсибети менен қутлықлады. Сондай-ақ, Президентимиз тәрепинен республикамызда әсиресе, аўыл ҳаял-қызларына үлкен итибар қаратылып атырғанлығы, оларды қоллап-қуўатлаў, исбилерменликке тартыў бойынша көплеген мүмкиншиликлер жаратылып, бәнтлигин тәмийинлеў бойынша исленип атырған кең көлемли жумысларға тоқтап өтти.
Илажда алдынғы теримши ҳаял-қызлардың мийнетлери баҳаланып, мүнәсип сыйлықланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.