Коррупцияға қарсы гүресиў бүгинги күнде әҳмийетли машқала болып, бул иллетке қарсы кескин гүрес алып барыў зәрүрлигин ўақыт талап етпекте. Қайсы тараўды алып қарамайық ол жерде раўажланыў болмай атырған болса, оның себеплери коррупцияға барып тақалады. Әмелде коррупция мәмлекетте реформалардың әмелге асырылыўы, өз алдымызға қойылған мақсетлер жолындағы тосық болып қалмақта.
Бул иллетке қарсы Өзбекстан Республикасы Орайлық Банки Қарарқалпақстан Республикасы Бас басқармасында «Коррупция дәўир машқаласы», «Биз коорупция иллетине қарсымыз», «Коорупция -жәмийет душпаны» атамасында семинарлар ҳәм ушырасыў кешелери шөлкемлестирилип, жәмийетимизге жат болған иллетке қарсы гүресиў, бул иллетти келтирип шығарыўшы себеплер, мәмлекеттиң экономикалық жағдайына кери тәсир көрсететуғын ақыбетлери ҳәм нызамшылықта коррупция менен байланыслы жынаятлар ушын жуўапкершилик бар екенлиги ҳаққында түсиниклер берилип келинбекте.
Коррупция – мәмлекет ҳәм жәмийеттиң раўажланыўына өз кесирин тийгизетуғын қәўипли иллет есапланады. Ол биринши гезекте демократия ҳәм жәмийеттиң раўажланыўына кесирин тийгизип, инсан ҳуқықларының бузылыўына, базарлардың хызметиниң бузылыўына алып келеди, инсан өмирин жаман тәрепке өзгертип, адамлар қәўипсизлигине қәўип салатуғын шөлкемлескенлик жынаят, терроризм ҳәм басқа да ҳәдийселердиң тамыр жайыўына имканият жаратып береди.
Коррупция барлық мәмлекетлерде ушырасады. Усы зыянлы иллетти жоқ етиў ушын дүнья жәмийетшилиги тәрепинен бир қатар жумыслар алып барылып атырған болса да, бул иллет елеге шекем сапластырылмай атырғанлығы өкинишли жағдай болып қалмақта.
Коррупция көплеген мәмлекетлердиң жынаят ҳәм админстративлик нызмашылығы менен ҳуқыққа қарсы ҳәрекет сыпатына белгиленеди. Макроэкономикалық ҳәм сиясий-экономикалық коррупция мәмлекетлердиң экономикалық өсиўи ҳәм раўажланыўына үлкен тосық екенлигин көрсетеди. Сонлықтан бул иллетке қарсы жетерли дәрежеде гүрес алып барылмаса мәмлекетимиздиң раўажланыўына үлкен тосық болыўы мүмкин.
Коррупцияға қарсы гүрескен биринши мәмлекет сыпатына әййемги Шумер мәмлекети тән алынған. Әййемги мәмлекетлердиң әсиресе, ҳуқық қорғаў уйымларының парахорлығы қатты тәшўишке сақланып қалған мағлыўматлардан мәлим. Себеби бул жағдай мәмлекеттиң абырайына зыянын тийгизеди.
XVIII әсирдиң екинши ярымына келип жәмийетти басқарыў аппаратының жумыс сапасына көбирек тәсир көрсете баслады. Бул сол дәўирде қабыл етилген бир қатар нызам ҳүжжетлеринде де өз көринисин тапқан.
Мәселен 1787-жылда қабыл етилген АҚШ Конституциясында пара алыў АҚШ президенти импечментке тартыў мүмкин болған еки жынаяттың бири сыпатында көрсетип өтилген.
Сиясий партиялардың пайда болыўы ҳәм олардың мәмлекет турмысындағы орнының артып барыўы XIX-XX әсирлерде раўажланған мәмлекетлерге қарағанда бирқанша азайыўына алып келди.
Усы иллетти шеклеген бир қатар үлкен қәнигелер төмендеги факторларды коррупцияны жүзеге келтириўши себеплер сыпатында көрсетеди.
Еки түрли мәнисти аңлатыўшы нызамлар-усы жағдай ҳуқықты қорғаўшы ҳәмелдар шахс тәрепинен нызамларды түрлише қолланыў имканын жаратады.
Халықтың ҳуқықый саўатының төменлиги-халық тәрепинен нызамларды билмеслик яки түсинбеслик ҳәмелдар шахсқа нызамлардан өзиниң жеке мәпи жолында пайдаланыўға қолай шараят жаратып береди.
Мәмлекеттеги сиясий жағдайдың тыныш емеслиги-мәмлекеттеги тынышсызлық биринши гезекте халықтың санасына өмирде жоқары турмыс дәрежесине ерисиўдиң тийкарғы усылы нызамға қайшы ҳәрекетлер менен байланыслы, деген улыўма халыққа жат нәзерлердиң қәлиплесиўине алып келеди. Бул болса өз гезегинде коррупцияға қолай шараят жаратады
Буннан тысқары, халықтың мәмлекетти бақлаўдағы төмен қатнасы, мәмлекет секторындағы хызмет ислеп атырған хызметкерлер айлықларының жеке секторда табыўы мүмкин болған дәраматлардың кемлиги, экономиканың мәмлекет тәрепинен тәртипке салыныўы, инфляцияның жоқары дәрежеси, мәмлекеттиң жоқары басқарыў органларының халықтан жырақлап кетиўи коррупцияның пайда болыўына шараят жаратады.
Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша усыллардың бири ишки бақлаў болып онда басқарыў аппаратының өзинде бақлаўды күшейттиретуғын системалар (ҳәр қыйлы ишки инспекциялар ҳәм басқа да бақлаў органларын дүзиў арқалы) жаратыўы талап етеди. Бул системаның тийкарғы ўазыйпасы хызметкерлердиң ишки этикет қағыйдаларға әмел етиўин бақлаў есапланады.
Ҳәзирги күнде мәмлекетимизде де бир қатар ҳуқық қорғаў уйымларында әйне усы ўазыйпаларды орынлаўшы системалар жаратылған.
Сыртқы бақлаў –бул усылда орынлаўшы аппарат еркин системалардың бийғәрезлигин арттырыў нәзерде тутылып, әйне усы системалар арқалы коррупцияға қарсы нәтийжели гүрес алып барылады.
Сайлаў системасы арқалы гүресиў –демократиялық мәмлекетлерде сайланған ўәкиллерди коррупция ушын жазалаўдың тийкарғы усылларынан бири кейинги сайлаўларда оған даўыс бермеў есапланады. Коррупцияға қарсы гүресте жоқары нәтийжелерге ерискен Швеция, Сингапур, Гонконг, Португалия сыяқлы мәмлекетлердиң тәжирийбесин үйрениў соны көрсетеди, коррупцияны пайда етиўши себеплерди сапластырыў коррупцияға қарсы гүресте әҳмийетли орынды ийелейди. Онда Конституциялық бақлаў уйымлары, ҳуқық-қорғаў уйымларының әҳмийети артады.
Коррупцияның алдын алыў, оған қарсы гүресиў бүгинги күнде барлық мәмлекетлердиң биргеликте ислесиўин талап етеди. Бул ҳаққында ҳүрметли Президентимиз «Жынаятшылық, коррупция бизиң өз қәўипсизлигимизге де, халықаралық қәўипсизликке де қәўип салатуғын реал себеп есапланады. Бул жағдайларға қарсы гүресиў мәселеси тек ғана бизлерге тийисли емес. Соның ушында биз, жынаятшылық ҳаққында пүткил дүнья жүзи қайғырыўы лазым деп есаплаймыз. Суверен Өзбекстан халқы ҳәм басшылығы олар менен биргеликте белсене бирге ислесиўге таяр ҳәм буны дүньяны пәклеў, оның қәўипсизлигин тәмийинлеўге қосылған жәрдем деп биледи», деп атап өткен еди.
Әйне пайытта журтымызда коррупция иллетине қарсы кескин гүрес алып барылмақта. Коррупция пайда болыўы мүмкин болған хызмет көрсетиў орынларында инсанның араласыўы азайтылып, электрон хызметлердиң жолға қойылыўы үлкен нәтийже бермекте. Бул алып барылып атырған илажлар, әлбетте, өз нәтийжесин көрсетери анық.
Азамат Абдикаримов, Өзбекстан Республикасы Орайлық банки Қарақалпақстан Республикасы Бас басқармасы баслығының орынбасары.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.