Ҳәзирги ўақытта барлық қала ҳәм районларда депутатлыққа талабанлардың сайлаўшылар менен ушырасыўлары болып өтпекте.

Усындай ушырасыўлардың бири Қоңырат районындағы 2-санлы ҳәм 14-санлы улыўма билим бериў мектеплеринде ӨзЛиДеПтен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатлығына талабан Қоразбай Ешбаев пенен болып өтти.

Онда талабанның өмири, мийнет жолы ҳәм сайлаўалды бағдарламасы таныстырылып, сайлаўшылар талабан ҳаққында кең түрде мағлыўматлар алды.

– Ушырасыўда мәмлекетти турақлы раўажландырыў, партияның парламент сайлаўларына 5 мақсет, 500 ўазыйпаны өз ишине қамтып алған халықшыл жаңа бағдарлама менен кирип баратырғаны бойынша толық мағлыўматлар берилди. Бүгинги ушырасыўда ӨзЛиДеПтен жергиликли кеңеслердиң депутатлығына көрсетилген талабанлар ҳәм сиясий партия хызметкерлери менен сәўбетлестик. Партияның сайлаўалды бағдарламасы менен танысар екенбиз, турмысымызға жақын екенин сезиндик. Турмысымызда ушырасып атырған машқалаларды шешиўди партия мойнына алғаны мени қуўандырды,-дейди Қоңырат АПЖ турғыны Мурат Қаденов.

Бир ғана мысал, келеси бес жылда бюджеттен медицинаға ажыратылатуғын жыллық қаржы көлеми кеминде 2 есеге арттырылып, 6 миллиард долларға жеткериў партияның тийкарғы мақсети екени маған оғада унады. Ҳаял-қызлар арасында онкологиялық кеселликлерди азайтыў мақсетинде 40 жастан асқан ҳаяллар ушын тийисли турақлы тәкирарланатуғын медициналық тексериўден өтиўдиң енгизилиўи, кепиллик берилген бийпул медициналық жәрдем, оның анық көлеминиң ҳуқықый тийкарларын ислеп шығыў ҳаққындағы жойбарлар бизиң тилимиздиң ушындағы гәп еди.

Ушырасыўда сайлаўшылар өзлериниң пикир-усынысларын билдирип, қызықтырған сораўларына ҳәр тәреплеме жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги