Алдын хабар берилгениндей, Өзбекстан парламент делегациясы Женева қаласында өтип атырған Парламентлераралық аўқамның 149-ассамблеясында қатнаспақта.
Сапар шеңберинде Олий Мажлис Сенаты Баслығы Танзила Норбоева Парламентлераралық аўқам Баслығы Тулия Ексон ханым менен ушырасыў өткерди.
Онда парламентлераралық аўқам менен биргеликте алып барылып атырған жумыслардың нәтийжелилиги ҳәм келешектеги режелерге итибар қаратылды.
Сөйлесиў даўамында соңғы жыллары мәмлекетимиздеги экономикалық раўажланыў, социаллық қорғаў системасының жетилискени ҳәм инсан ҳуқықлары үстинлигин тәмийинлеў бағдарындағы реформалар Т.Ексон ханым тәрепинен айрықша атап өтилди.
Соның менен бирге, Турақлы раўажланыў мақсетлери бағдарындағы жумыс ҳәм бул бағдарда Өзбекстан парламенти тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар атап өтилди.
Буннан тысқары, Орайлық Азия тарийхында биринши мәрте Өзбекстанда болып өтетуғын Парламентлераралық аўқамның 150-ассамблеясының бағдарламасы, илажға байланыслы режелер ҳәм жаңа жойбарлар да додаланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги