Парламентлераралық аўқам дүнья еллериниң нызам шығарыўшы уйымлары ушын глобал қарым-қатнас майданы болып есапланып, оның шеңберинде додаланған мәселелер дүнья жәмийетшилигиниң итибарына жеткериледи. Парламентлер арасындағы байланысларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықаралық тынышлық ҳәм бирге ислесиўди беккемлеўде биргеликте жумыс ислеў ушын оларды бирлестириў Парламентлераралық аўқамның тийкарғы ўазыйпаларынан бири болып есапланады.
Ҳәзирги ўақытта Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева басшылығындағы делегация Парламентлераралық аўқамның 149-ассамблеясында қатнасыў ушын Швецарияның Женева қаласында болмақта.
Сапар даўамында делагациямыз ўәкиллери ҳәр қыйлы темадағы дебатларда, сессияларда қатнаспақта.
Соның менен бирге, сенатор Орал Атаниязова Парламентлераралық аўқамның «Саламатлық ҳәмме ушын» бағдарламасының сессиясында баянат пенен қатнасты.
Бул бағдарлама глобал саламатлықты беккемлеў ҳәм ҳәмме ушын медициналық хызметлерден теңдей пайдаланыўды тәмийинлеўге қаратылған баслама болып есапланады.
Сенатор өз баянатында Өзбекстан шараятында бул бағдарлама айрықша әҳмийетке ийе екенин, мәмлекетте денсаўлықты сақлаў системасын модернизациялаў бойынша ҳәрекетлер әмелге асырылып атырғанын, бул бағдардағы жумыслар Парламентлераралық аўқамның «Саламатлық ҳәмме ушын» бағдарламасының мақсетлери менен байланыслы екенлигин айрықша атап өтти.
Соның менен бирге, Сенат Баслығы басшылығындағы делегация сапардың биринши күни бир қатар ушырасыўлар да өткерди.
Делегациямыздың Ассамблея шеңбериндеги илажларға қатнасы даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги