Хабарыңыз бар, мәмлекетимиздеги сиясий процесслер қатарында халық мәплерин арттырыўға қаратылған сайлаўалды кампаниясы шеңбериндеги үгит-нәсият жумыслары сиясий партиялар тәрепинен жедел алып барылмақта. Бул процессте “Адолат” СДП өзиниң турақлы идеялары ҳәм жаңа сайлаўалды бағдарламасы арқалы халық пенен тығыз байланысты беккемлеп, әдиллик ҳәм теңлик үстинлигин тәмийинлеўге қаратылған жумысын және де жеделлестирмекте.
Усы күнлерде партия жетекшиси Робахон Маҳмудованың түрли аймақларда болып, медицина ҳәм билимлендириў тараўы ўәкиллери ҳәм сайлаўшылар менен турақлы ушырасыўлар өткерип атырғаны буған айқын мысал болып есапланады.
Партияның тийкарғы мақсети – ҳәр бир пуқараның мәплерин қорғаўдан ибарат екенинен келип шықса, бул ушырасыўлар пуқаралар менен тиккелей пикирлесиў, олардың машқалалары менен усынысларын үйрениў имканиятын береди. Ең әҳмийетлиси, бул арқалы партия халық пенен тығыз байланыс орнатыў, олардың ҳақыйқый талапларына тийкарланған қарарлар қабыл етиўинде жәрдем береди. Пуқаралардың пикир -усыныслары партияның сиясатын нәтийжели қәлиплестириўде үлкен әҳмийетке ийе.
Партияның тийкарғы мақсети – ҳәр бир пуқараның мәплерин қорғаў ҳәм олардың турмысын жақсылаў болып есапланады. Усы тийкарғы реже ҳәм мақсетлер шеңберинде Қарақалпақстан Республикасындағы Сиясий Кеңес баслығының сайлаўшылар менен болып өткен ушырасыўы билимлендириў ҳәм медицина тараўларының ўәкиллерине бағышланғаны да бийкарға емес. Себеби партия белсендилери, электорат ўәкиллериниң машқалалары ҳәм усыныслары менен ислесиў, пикирлерин тыңлаўға жәмийет раўажланыўының тийкарғы өлшеми сыпатында қарайды.
Дәслеп, Сиясий Кеңес баслығы Қарақалпақстан медицина институтындағы “Адолат” СДП үгит-нәсиятлаў пунктиниң жумысын үйренди. Бул пункт партияның Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен шөлкемлестирилген болып, жергиликли сайлаўшыларға партияның тийкарғы идеяларын ҳәм мақсетлерин түсиндириўге мөлшерленген. Танысыў процессинде партия жетекшиси сайлаўшылар менен тиккелей сөйлесиўдиң әҳмийетин айрықша атап өтти. Сәўбетлесиў арқалы сайлаўшылардың пикирлери, усыныслары ҳәм талаплары анықланады, бул болса партияның сиясий стратегиясын нәтийжели қәлиплестириўге жәрдем береди.
Бул процесстиң әҳмийети сонда, партия белсендилери пуқаралар менен тығыз байланыс орнатыў арқалы олардың машқалаларын тыңлаў ҳәм шешиў ушын анық усыныслар алыў имканиятын береди. Танысыў даўамында усынылған медиа өнимлер, өткен бес жылда әмелге асырылған жумыслар ҳәм келешектеги режелер пуқаралардың партияға болған исенимин беккемлейди. Буннан тысқары, үгит-нәсият қуралларынан нәтийжели пайдаланыў, тарқатпа ҳәм флайерларды кең көлемде тарқатыў партияның мақсетлерин кең аудиторияга жеткериў ушын әҳмийетли механизмлерден бири болып есапланады. Бул процесс партия жумысының нәтийжелилигин арттырыў, сайлаўшылардың талапларын ҳәм олардың пикирлерин есапқа алыў арқалы нәтийжели сиясий орталық жаратыўға хызмет етеди.
Күнниң екинши ярымында партия жетекшиси жоқары оқыў орнының мәжилислер залында “Адолат” СДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен Олий Мажлис Нызамшылық палатасына бир мандатлы округлерден ҳәм жергиликли кеңеслерге көрсетилген талабанлар, медицина тараўының ўәкиллери, партия белсендилери, жаслар ҳәм ҒХҚ ўәкиллери менен ушырасты. Ушырасыў партияның Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығы Н Қаипбергеновтың кирис сөзи менен басланды. Ол өзиниң шығып сөйлеген сөзинде сайлаў кампаниясы дәўиринде партияның Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен әмелге асырылып атырған илажлар ҳәм жойбарлар, жаңа Сайлаўалды бағдарламаны үгит-нәсиятлаў жумыслары ҳаққында мағлыўмат берди.
Илажда партия жетекшиси Р. Маҳмудова шығып сөйлеп, “Адолат” СДПның денсаўлықты сақлаў тараўындағы тийкарғы ўазыйпаларын анық ҳәм түсиникли түрде баян етти. “Биз денсаўлықты сақлаў системасында әдилликти орнатыў, ҳәр бир пуқараның маман медициналық хызметтен пайдаланыў ҳуқықын кепиллеў тәрепдарымыз. Медицина хызметкерлериниң мийнет шараятларын жақсылаў ҳәм олардың социаллық қорғалыўын күшейтиў партия бағдарламасының тийкарғы бағдарларынан бири сыпатында белгиленген,” деп айрықша атап өтти.
Атап өтилгениндей, “Ақыллы медицина” системасын раўажландырыў ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўын толық санластырыў бүгинги күнниң әҳмийетли талабы ҳәм ол наўқасларға хызмет көрсетиўди буннан былай да жақсылаў мақсетинде алға қойылмақта. “Электрон поликлиника” ҳәм “Бирден-бир электрон анкета” сыяқлы жойбарлар медицина мәкемелеринде жумысты нәтийжели шөлкемлестириў, мағлыўматларды тез ҳәм анық жыйнаў, сондай-ақ, оларды таллаў имканиятын береди.
Ушырасыў даўамында Қарақалпақстанда медицина тараўын раўажландырыўда соңғы жылларда әмелге асырылған реформалар бойынша Қарақалпақстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министриниң орынбасары Г. Абдисаметова мағлыўмат берди.
Сондай-ақ, илажда парламент ҳәм жергиликли кеңеслер депутатлығына талабанлар шығып сөйлеп, өзиниң Сайлаўалды бағдарламаларын жыйналғанларға таныстырды. Соның ишинде, Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатлығына талабан Ш. Абдираманова өзиниң Сайлаўалды бағдарламасында мәмлекеттиң экономикалық жумысы нәтийжесинде пайда болған дәраматларды әдил бөлистириўди тәмийинлейтуғын экономикалық-ҳуқықый механизмлерди ислеп шығыў, әсиресе, салық салыўдың прогрессив ставкаларын турмысқа енгизиў ҳәм сол арқалы дәраматлар теңсизлигин азайтыў зәрүр екенлигин атап өтти.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатлығына талабан Я. Абдуллаева партияның сайлаўалды бағдарламасынан келип шығып таярланған сайлаўалды бағдарламасында халықтың турмыс шараятын жақсылаў, оларға сапалы медициналық хызмет көрсетиў, бәнтлик ҳәм басқа да мәселелерди нызамшылық шеңберинде сапластырыў тийкарғы ўазыйпа етип белгиленгени ҳаққында сөз етти. Сондай-ақ, ушырасыў даўамында сайлаўалды бағдарламасындағы фармацевтика тараўын тәртипке салыў бойынша әмелге асырылыўы керек болған ўазыйпалар да қамтып алынғаны, атап айтқанда, фармацевтика ҳәм медицина хызметкерлери арасында жасырын келисим ҳәм нызамсыз байланысқа шек қойыў, фармацевтлердиң медицина мәкемелерине ғәрезли қәўендерлигин толық қадаған етиў, бундай ҳәрекетлер ушын жынайый жуўапкершилик белгилеў мәселеси айрықша қоллап-қуўатланды.
Ушырасыў соңында жаслар ҳәм медицина хызметкерлери өзлерин қызықтырған сораўларына партия ўәкиллеринен жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги