Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлигинде 2024-жыл 11-октябрь күни өткерилген Коллегия мәжилисинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў, тараў хызметкерлериниң гүзги-қысқы мәўсимде әмелге асыратуғын әҳмийетли жумысларын додалаўға бағышланған мәжилис өткерилди.
Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министри Б.Жүзбаев мәжилисте белгиленген мәселелерге айрықша тоқтап өтти. Атап айтқанда, ирригация-мелиорация жойбарлары шеңберинде қурылыс ҳәм реконструкциялаў жумысларын әмелге асырыў, министрлик системасындағы насос станцияларының энергия нәтийжелилиги, суў хожалығы объектлери пайдаланыўындағы суў фонды ҳәм жер майданларын мәмлекетлик дизимнен өткериў, финанслық жақтан тәмийинлеў, бухгалтерия есабы, раўажландырыў фондына қаржы түсириў, жәрдемши хожалықларды раўажландырыў бойынша алда турған ўазыйпалар, оларды әмелге асырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Соң жоқарыда келтирилген мәселелер бойынша министрлик аппаратында жуўапкер болған бөлим ҳәм сектор басшыларының өткен 9 ай даўамында әмелге асырылған жумыслары туўралы есабатлары тыңланды. Режеден артта қалып атырған жағдайлар, ямаса машқалалы мәселелер кеңнен додаланып, алдағы режелер белгилеп алынды.
Соның менен бирге, мәжилисте “Суў жеткериў хызмети” мәмлекетлик мәкемелери жумысларын нәтийжели шөлкемлестириў, тараўды санластырыў, суўдың есабын жүргизиў бойынша жумысларды айрықша қадағалаўға алыў бойынша да тапсырмалар берилди. Тараўдағы әҳмийетли ўазыйпалар сын көзқарастан талқыланған бул мәжилисте алдағы ўазыйпалар да белгилеп алынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги