Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы тәрепинен Нөкис қалалық электр тармақлары басқармасы қәнигелериниң қатнасыўында объектлерге қуяш панельлериниң орнатылыўы бойынша басқарма тәрепинен әмелге асырылып атырған жумысларды додалаўға бағышланған исбилерменлер менен дөгерек сәўбетлесиўи шөлкемлестирилди.
Атап өтилгениндей, Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы хызметкерлери тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 16-февральдағы “2023-жылда қайта тиклениўши энергия дәреклерин ҳәм энергия үнемлеўши технологияларды енгизиўди жеделлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарарында көрсетилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.
Илажда бажыхана басқармасы жуўапкерлери исбилерменлерге энергияны жумсаўды үнемлеў, қуяш панельлерин орнатыў, бул жумысларды әмелге асырыў ушын жаратылған қолайлықлар ҳәм жеңилликлер туўралы түсиник ҳәм толық мағлыўматлар берилди.
Әмелге асырылып атырған үгит-нәсият жумыслары нәтийжесинде бир қатар исбилерменлер тәрепинен қуяш панельлерин орнатыў жумыслары алып барылды. Ҳәзирги күнге шекем Қарақалпақстан Республикасы бойынша 3686 хожалықта, жәми 10 мВт, 1480 исбилерменлик субъектинде жәми 11 мВт, 1066 социаллық тараў объектлери ҳәм мәмлекетлик кеңселерде жәми 14 мВт.лық қуўатлылыққа ийе қуяш панельлериниң орнатылғанын, атап өтиў керек.
Илажда исбилерменлер қуяш панельлериниң нәтийжелилиги, “Жасыл энергия” мәлимлеме системасына мағлыўматлардың дурыс киргизилиўи ҳәм оннан кең пайдаланыў мүмкиншиликлери туўралы толық мағлыўматларға ийе болды ҳәм өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги