Китапқумарлардың китап оқыўға қызығыўшылығын үйрениў мәлимлеме-китапхана хызметин әмелге асырыўда үлкен әҳмийетке ийе болып, олардың жаңалықлар хәм әдебиятларға болған талапларын анықлаўда тийкарғы көрсеткиш болып хызмет етпекте.

Китапханашы китапқумарлардың билимге болған қызығыўшылық дәрежесин, кәсибин, минез-қулқын, өндиристеги орнын хәм олардың талапларын үйрениўи зәрүр болып есапланады.

Китапқумарлар бәрқулла өзине керекли болған мағлыўматларды китапхана фондындағы китаплардан, газета-журналлардан алыўға ҳәрекет етеди. Пайдаланыўшы китапхана фондынан керекли мағлыўматларын таба алмаса, китапханашы биргеликте жумыс алып барып атырған китапханалардан ямаса электрон көринислерин таўып бериўге ҳәрекет етеди. Мәлимлеме-китапхана орайларында ҳәр түрли жастағы китапқумарлардың қызығыўшылығы үйренилиўи керек.

Мәлимлеме-китапхана орайларында пайдаланыўшылардың китап оқыўға болған қызығыўшылығын арттырыў мақсетинде олардың жасына қарап китаплар таңланады хәм китап көргизбелери, китапқа шолыўлар, ҳәр түрли кешелер өткерилип барылады. Мәлимлеме-китапхана орайы қәнигелери жазыўшы-шайырлар, кәрханалар, мәкеме-шөлкемлер, мектеплер ҳәм мәҳәллелер менен биргеликте жумыс алып барады.

Китапханашы китапханаға келген ҳәр бир китапқумардың талап ҳәм усынысларын инабатқа алған халда жумыс алып барыўы мақсетке муўапық болады.

 

С.Сражова,

Хожели районы Мәлимлеме-китапхана орайының директоры.

Қарақалпақстан хабар агентлиги