Өзбекстан Экологиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы партия шөлкеми Кеңесиниң «Ҳаял-қызлар ҳәм жаслар қанаты» бөлими тәрепинен Нөкис транспорт техникумында Өзбекстан Экологиялық партиясынан Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатлығына талабанлардың жаслар менен ушырасыўы болып өтти.

“Тәбият ушын бирлесейик!” сүрени астында өткерилген ушырасыўда партия белсендилери, қоршаған орталыққа бийпәрўа болмаған жаслардан ибарат сайлаўшылар қатнасты.

Ушырасыўда талабанлар тәрепинен Өзбекстан Экологиялық партиясының сайлаў алды бағдарламасының ең зәрүрли басламалары ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Атап айтқанда, мәмлекеттиң жол инфраструктурасы ушын ажыратылатуғын қаржыларының арнаўлы бир бөлегин мәжбүрий түрде пиядалар ушын жоллар қурыўға бағдарлаў, қалаларда велосипедлердиң ҳәрекетлениўи ушын инфраструктура жаратыў, автомобиль жолларында скутер ҳәм велосипедлерде ҳәрекетлениў ушын бөлек коридорлар шөлкемлестириў, 2035-жылға шекем автомобиль өндириси санаатын толық электромобиль өндириске қәнигелестириў, санаатта энергия үнемлеўши технологияларды енгизиў арқалы энергия жумсалыўын 50 процентке азайтыў сыяқлы ўазыйпалар белгиленген. Сондай-ақ, 2030-жылға шекем энергия балансында экологиялық таза ҳәм қайта тикленетуғын энергия дәреклериниң үлесин кеминде еки есеге арттырыў, инталы жаслар ҳәм ҳаял-қызларды анықлаў ҳәм қоллап-қуўатлаў, олардың кәсиплик көнликпелерин арттырыў системасын жетилистириў, мүнәсип жумыс орынларын жаратыў, ҳаял-қызлардың сиясий белсендилигин арттырыўға бағдарланған илимий және социаллық жойбарлардың санын көбейтиў, белсенди сиясатшы, жәмийетшил, исбилермен ҳаял-қызларды турақлы түрде қоллап-қуўатлаў өз алдына ўазыйпа етип қойғаны айтып өтилди.


Ушырасыўда қатнасыўшылардың пикир-усыныслары тыңланып, олар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги